USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ҲӘМ ТҮРКМЕНСТАН ПРЕЗИДЕНТЛЕРИ ТЕЛЕФОН АРҚАЛЫ СӨЙЛЕСТИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-июнь күни Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Гурбангули Бердимуҳамедовты туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм тасқын табыслар тиледи.

Президент Гурбангули Бердимуҳамедовтың басшылығында заманагөй Түркменстан жоқары жетискенликлерге ерискени – турақлы социаллық-экономикалық раўажланып атырғаны, халықаралық майдандағы абырайы үзликсиз артып атырғаны айрықша атап өтилди.

Телефоннан сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылды.

Президентлер Өзбекстан – Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из беккемленип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди, биринши гезекте саўда, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм транзит тасыўлары, туризм тараўларын буннан былай да кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекет басшылары шегара алды аймақлары арасындағы жедел байланысларды даўам еттириў, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў пикирин қоллап-қуўатлады.

Еки тәреплеме Ҳүкиметлераралық комиссия шеңберинде бирге ислесиў бойынша қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды ислеп шығыўға келисип алынды.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери коронавирус инфекциясының тарқалыўына нәтийжели қарсы гүресиў мақсетинде тийисли уйымлар дәрежесинде тығыз қарым-қатнасты ҳәм муўапықласыўды әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Сөйлесиў соңыңда мәмлекет басшылары туўысқан Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы қатнасықларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм беккемлеўде еки тәреп те исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

Сөйлесиў ҳәр қашанғыдай қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА