Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен сәўбетлесиў мақсетинде 26-27-июнь күнлери Наманган ўәлаятында болды.
Сапардың екинши күни Президентимиздиң қатнасыўында Наманган қаласында ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, тараў ҳәм тармақлардың басшылары, жәмийетлик ўәкиллер менен мәжилис болып өтти.
– Соңғы жылларда дәстүрге айланғанындай бир-биримиз бенен ашық-айдын сөйлесип, машқалаларды мәҳәллелерден баслап районлар көлеминде ортаға тасласақ, сол тийкарда бир жылға реже етип алсақ, усы мәжилисимизде гөзленген нәтийжеге ерисемиз, деп ойлайман. Ең үлкен мақсетимиз – адамларды разы етиў. Сол себепли бүгин ўәлаяттың белсендилери, ҳәр районның жуўапкерлери озлериниң усынысларын бериўи керек. Келеси жылға қандай режелер ислеймиз, қандай имканиятларымыз бар, бүгин усыларды сөйлесемиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Президентимиз орынларда жетискенликлердиң бар екенлигин, өзгерислер болып атырғанын, бирақ булар еле гөзленген мақсетлеримизге сәйкес емеслигин атап өтти.
– Дурыс сөзди сөйлеген адам – реформаларды қоллап-қуўатлаўшы. Ашшы сөзлерден дурыс жуўмақлар шығарып жолымызды таўып алыўға ҳәрекет етсек, ең үлкен мақсетимиз усы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте ески түсиникте қалып кеткен басшылардың бар екенлиги атап өтилди. Пандемия шараятында жүзеге келген кризис ўақтында экономиканы тиклеў оғада аўыр мәселе екени, бул орынлардағы атқарыў уйымлары жуўапкерлеринен үлкен жуўапкершилик талап ететуғыны атап өтилди. Наманган ўәлаятын раўажландырыў бойынша ең қолайлы жолды таўып, экономиканы жүргизиў, жумыс орынларын жаратып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ең үлкен мәселе болып атырғанын айтып өтти.
Мәжилисте Наманган ўәлаятында кәмбағаллықты қысқартыў, билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин кәсипке қамтып алыў ҳәм халық дәраматларын көбейтиў бойынша ҳәзирги жағдай пуқта талланып, әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Бүгинги күнде ўәлаятта раўажланыў бағдарларын анықлаў ҳәм иске қосыў, усы арқалы халықтың абаданлығын арттырып алып барылып атырған экономикалық реформалардың ең әҳмийетли шәрти есапланады. Президент бул бағдарда шөлкемлестирилиўи зәрүр болған жумысларға айрықша итибар қаратты.
Соның ишинде, санаат, киши ҳәм орта бизнес, өнерментшилик, хызмет көрсетиў тараўлары ўәлаят экономикасын раўажландырыў ҳәм хадықтың дәраматларын арттырыўдың ең әҳмийетли драйверлери бола алады. Усы тараўлар бойынша Наманганда үлкен тәжирийбе бар. Соған муўапық, ўәлаятта исбилерменликти раўажландырыў арқалы мүтәж шаңарақлардың 12 мыңнан аслам жумыссыз ағзаларын бәнт етиў ҳәм жылдың ақырына шекем кәмбағал шаңарақлар қатарынан шығарыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди. Атап айтқанда, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы 600 исбилерменниң жумысын тиклеў арқалы 2 мың хызметкер жумыс орнына қайтады.
Мәмлекетимиз басшысы район ҳәм қалалар кесиминде ўәлаятта хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм усы жойбарлар ушын 80 миллиард сум қаржы ажыратылатуғынын атап өтти. Усы қаржыға қосымша түрде және 100 миллиард сум ажыратылады. Карантин шараятында түсими азайған исбилерменлерди айланыс қаржы менен тәмийинлеўге 2,3 триллион сум, быйылғы жылы шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўға 350 миллиард сум кредитлер бағдарланады.
Ўәлаятта зергерлик санаатын раўажландырыў, Наманган қаласында 2 жылда 4 мыңға шамалас жумыс орны жаратылатуғын заманагөй зергерлик орайын шөлкемлестириў, бул жерде «устаз-шәкирт» принципи тийкарында жумыссыз жүрген жасларды өнерментшиликке тартыў бойынша тапсырмалар берилди.
2020-2021-жылларда Чортоқ районын комплексли раўажландырыў, аймақтағы пайдаланылмай атырған 3 мың гектар жерди өзлестириў ҳәм топырақ-климат шараятына сәйкес егинлерди жайластырыў илажлары көриледи.
Ўәлаятта 2020-2021-жылларда баҳасы 16,3 триллион сум болған 1953 аймақлық жойбар әмелге асырылып, 55 мың жаңа жумыс орны жаратылады. Соннан быйылғы жылы улыўма баҳасы 8,3 триллион сум болған 1652 жойбар турмысқа енгизилип, 35 мың жаңа жумыс орны шөлкемлестириледи.
Бүгинги күнде Европадағы белгили брендлер Наманганның костюм-шалбарларын тән алмақта. Сол себепли, ири тоқымашылық кәрханаларына жер ажыратылып, ўәлаятта пахтаны терең қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыўға өтилмекте.
Президент пахта-тоқымашылық кластерлери бундай итибарға мүнәсип ҳәрекет етиўи, көбирек дәрамат алып, адамларды жумыс пенен тәмийинлеўи зәрүр екенлигин атап өтти.
Ўәлаятта қоян бағыў, пал-ҳәррешилик, шарўашылық, қусшылық бойынша перспективалы жойбарларды әмелге асырыў белгиленди. Наманган районында 4806 шаңарақта ыссыханалар шөлкемлестириў, жылдың ақырына шекем шарўашылық бағдарында баҳасы 386 миллиард сум болған 84 жойбарды әмелге асырыўды жуўмақлаў тапсырылды.
Онда сырттан 13 мың бас нәсилли мал, 13 мың бас жүн бағдарындағы ешки ҳәм сонша қой алып келип, Поп ҳәм Чуст районларындағы шаңарақларға тарқатылады. Жыллық қуўатлылығы 10 мың тонна сүт ҳәм мың тонна гөшти қайта ислеў бойынша жаңа қуўатлықлар иске қосылады.
Мәжилисте турақ жай ҳәм инфраструктура қурылысы, халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў, билимлендириў, мәденият тараўларын раўажландырыў, кризиске қарсы халықаралық финанс институтларының қаржыларын тартыў, жаңа кәрханаларды қурыў бойынша инвестициялық жойбарларды көбейтиў, экспортты кеңейтиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Наманган ўәлаятының абырайы жылдан-жылға кеңейип бармақта. Бул болса аймақты демографиялық басқарыў, социаллық-экономикалық раўажландырыўда қыйыншылық туўдырмақта. Усы мүнәсибет пенен Президент Наманган қаласының қурамында Давлатобод районын қайта шөлкемлестириўди усыныс етти.
– Наманганның белсенди, мийнеткеш, илимли халқы жақсы жасаўға мүнәсип. Бул ушын мәмлекетимиз барлық имканиятларды иске қосады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, экономика тармақларының жуўапкерлери, ҳәкимлердиң есабаты тыңланды.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаятының символикалық дәрўазаларынан бири есапланған Наманган темир жол вокзалында әмелге асырылған қурылыс-реконструкциялаў жумысларын көзден өткерди.
Жергиликли халық ҳәм сырт елли туристлерге темир жол транспорты хызметин көрсетиўдиң сапа ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде вокзалда 24 миллиард сум муғдарындағы қурылыс жумыслары орынланды.
Вокзалдағы күтиў заллары, буфет, медициналық пункт, ана ҳәм бала ханасы, электрон мағлыўматлар орайы, китапхана, миллий саўғалар, газета-журналлар шақапшасы, жүклерди ўақтынша сақлаў хызмети сыяқлы барлық бөлимлер заманагөй талаплар тийкарында шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, комплекске қосымша тәризде отыз үш орынға ийе мийманхана қурып питкерилди.
Усы жумыслардың нәтийжесинде Наманган темир жол вокзалы заманагөй көриниске ийе болып, бир ўақыттың өзинде 250, суткасына 2,5 мың жолаўшыға заманагөй хызмет көрсетиў имканиятына ийе болды.
Вокзал Ферғана ойпаты айланба темир жолы бойлап тезжүрер электропоездлардың қатнаўында ойпат қалалары ҳәм мәмлекетимиздиң басқа да аймақлары менен транспорт байланысында әҳмийетли буўын болып хызмет етеди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары жуўмақланды.
М.ЭЛМУРОДОВ,
З.ЖОНИБЕКОВ,
А.САТТОРОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары