Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев социаллық реформалардың барысы, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 26-июнь күни Наманган ўәлаятына барды.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Поп районындағы «Нуран уз» мийўе-овощ кластериниң жумысы менен танысты.
Поп Наманган ўәлаятының аймағы жағынан ең үлкен районы. Президентимиздиң пайдаланыўдан шығып кеткен аўыл хожалығы жерлерин айланысқа қайтырыў ҳаққындағы тийисли қарарына муўапық, райондағы қунарсыз жерлерди өзлестириў бойынша бағдарлама ислеп шығылды.
Бул бағдарламаға тийкарланып «Нуран уз» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Поп районындағы тегисликлерден ибарат 1 мың 885 гектар өзлестирилмеген жерде мийўе-овощ кластери шөлкемлестирилди. Усы жылдың бәҳәринде бул жерге 100 гектарға ерик, 70 гектарға шийе нәллери егилди, 12 гектар жерге жүзим егилди.
Испаниядан алып келилген «Magador», «Maryblon 29c», «Flopria» сыяқлы өнимдар сортлы ерик нәллери еки айда-ақ мийўелей баслады. Бул бағ келеси жылы толық зүрәәтке киреди ҳәм гектарына 70 тоннаға шекем мийўе береди. Бир гектардан 50 мың доллар дәрамат алыў мүмкин.
Кластер ийелери буның менен шекленип қалмастан, бағдың қатар араларына қаўын, ғарбыз екти. Ҳәзирги күнлерде писип жетилискен мазалы қаўын-ғарбызлар Россия ҳәм басқа базарларға экспорт етилмекте. Ең әҳмийетлиси, барлық мийўе ҳәм палыз өнимлери 100 процент экологиялық таза.
Қырық жыл даўамында өнимдарсыз жатырған жерлерде интенсив бағ жаратыўға инновациялық тийкарда қатнас жасалған, суўды үнемлейтуғын тамшылатып суўғарыў технологиясы енгизилген. Бул системаны кластердиң өзи ислегени 50 процент қаржыны үнемлеў имканиятын берген. Оның ушын 180 метр тереңликтен суў шығаратуғын 4 қудық қазылған. Толық компьютерлестирилген система суўды шөллеген жерлерге автоматикалық түрде бөлистиреди. Яғный, ҳәмме жумыс компьютер арқалы басқарылады.
Бул – еки басқышлы жойбардың дәслепкиси болып, 2021-2022-жылларға мөлшерленген кейинги басқышта және 1 мың 455 гектер жер өзлестириледи. Жойбар толық әмелге асқаннан соң, 350 жумыс орны жаратылады, жылына 10 миллион долларлық мийўе-овощ өнимлери экспортқа жибериледи.
Бул пайдаланылмай келген тасланды жерлерде абат бағ жаратыў аңсат болғаны жоқ. Буның ушын жерге топырақ салынды, нәтийжели технологиялар алып келинди. Бул әлбетте, елимизде, пайдаланылмай, қараўсыз жатқан жерлерди өзлестирип, халыққа дәрамат келтиретуғын жер майданларына айландырыў бойынша басланған ис-ҳәрекетлердиң нәтийжеси.
Келешекте кластер 500 гектарға шиповник, 200 гектарға калифорния жүзимин егиўди режелестирген . Бул сортлы жүзим төртинши жылда 100 килограмм өним береди, дүнья базарында бир килограммының баҳасы 37 евро турады.
Тийкарғысы, бул жерге шама менен дийқаншылық исленбейди, яғный ертең қанша пайда алатуғыны анық. Қараўсыз шөлди сондай бағы бостанға айландырып атырған дийқанлар тәжирийбесин аўыл хожалығы раўажланған ўәлаятлар ушын өрнек етсе арзыйды. Мине имканият жоқ жерден дәрамат алыў, мине ақыл менен исленген мийнеттиң нәтийжеси.
Мәмлекетимиз басшысы бағды көзден өткерди, бул жерлерде нуранийлар, аўыл хожалығы хызметкерлери менен сәўбетлести.
Наманган ўәлаятында районларды турақлы аўыл хожалығы егинлерине қәнигелестириў, атап айтқанда, Касансай, Чартақ, Янгиқорған районларын бағшылыққа бағдарлаў зәрүрлиги атап өтилди.
– Басқа жолымыз жоқ. Жеримиз жәннет мәкан, буннан пайдаланып, Наманганды басқа аймақларға үлги етиўимиз керек, адамларды оятыўымыз керек. Ҳәр жылы пайдаланыў шәрти менен жерин, туқымын, нәлин, қаржысын беремиз, қалған ҳәрекет адамлардың өзинен болыўы керек. Солай ислемесек ертең нәтийжемиз болмайды, – деди Президент.
Бул жерде Наманган ўәлаятында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыўға байланыслы жойбарлар, перспективалы режелер додаланды. Мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығына бундай жаңаша қатнас Өзбекстанның жаңа қырларын, жаңа имканиятларын әмелде көрсететуғын система болыўы керек екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге районларды анық егин түрлерине қәнигелестириў бойынша қарардың жойбарын таярлаў, онда ҳәр бир аймақтың ықлымын, имканиятларын есапқа алыў бойынша тапсырмалар берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Чартақ районы Баланд тегислик аймағында ыссыханалар комплексин қурыў жойбары менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы Наманган ўәлаятына сапары даўамында социаллық қорғаўға мүтәж, жумыссыз, кем тәмийинленген, кәмбағал шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде турақлы дәрамат дәрегине жәрдемлесиў бойынша тапсырмалар берген еди. Мине усы тапсырма тийкарында ўәлаятта Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте «Бир орында – мың шаңарақ ыссыханасы» жойбары әмелге асырылмақта.
Бул бойынша жумыслар жедел баслап жиберилген. Атап айтқанда, «Голден Натс Наманган» агро қыйтақ жер хызмети ЖШЖ Баланд тегисликлеринде узақ жыллар даўамында пайдаланылмаған 36 гектар майданда ҳәр бири 2 сотыхлы 1000 ыссыхана қурмақта.
Улыўма баҳасы 13 миллиард сум болған жойбарға Бәнтликке жәрдемлесиў қоры есабынан 6,7 миллиард сум субсидия ҳәм коммерциялық банклердиң 6,3 миллиард сумлық жеңиллетилген кредити тартылады.
Ҳәзирге шекем 800 ыссыхана пайдаланыўға тапсырылды. Оларда жылына 7 мың тонна овощ өнимлерин жетистириў мүмкин. Және бир айдан соң 200 ыссыхана да таяр болады.
Президентке бул ыссыханалардың абзаллық тәреплери, қолда бар шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Қәнигелердиң пикиринше, ыссыханаларда «Бир мәҳәлле – бир өним» принципи тийкарында сапалы, экспортқа қолайлы өнимлер жетистириледи, кәмбағал шаңарақлар турақлы дәрамат дәрегине ийе болады. Және бир қолайлығы, өнимди жетистириўде нәл, суў, минерал төгин және базар тәмийнаты жетекши исбилермен тәрепинен кепилленеди.
Ыссыханаларда жылына 3 мәрте өним жетистириў имканияты бар. Бир ыссыханада 700 түп помидор нәли егилген. Ҳәр бир түп нәлден 4-5 килограммнан өним алыў мүмкин. Демек, 1 килограмм помидордың орташа баҳасы 3 мың сум болып турған усы күнлерде биринши өнимниң өзинен 7-8 миллион сум дәрамат ислесе болады.
Жойбар тийкарында Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги бул аймақтағы социаллық қораўға мүтәж, жумыссыз, кем тәмийинленген, кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын аўыл хожалығы кәсиплерине оқытыў ушын Агробизнес оқыў моно орайын шөлкемлестирди. Орайда лимоншылық, қоян бағыў, пал ҳәррешилик, балықшылық, шарўашылық сыяқлы бағдарларда жылына 2000 мыңнан аслам жумыссыз пуқара кәсипке оқытылады.
Шавкат Мирзиёев халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдеги жумысларды системалы даўам еттириў зәрүрлигин атап өтти. Кеминде 10 мың жумыс орнын жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
– Адамларымыз реформалардың нәтийжесин сезиўи керек, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Оларды разы ететуғын система жаратыўымыз зәрүр.
Бул жерде ўәлаятта кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, «Голден Натс Наманган» агро қыйтақ жер хызмети ЖШЖ тәрепинен интенсив бағшылықты (ғоза, бадам, алма ҳәм алша) шөлкемлестириў, шарўашылық ҳәм сүтти қайта ислеў жойбарларының презентециясы өткерилди.
Шавкат Мирзиёев Үшқорған районы Нарын дәрьясы бойында жайласқан аз ушырасатуғын балық түрлерин ислеп шығарыў кәрханасы «DB Group Eco» жумысы менен танысты.
Елимизде узақ жыллар даўамында бул тармақты раўажландырыўға жетерли итибар берилмеди. Бул балықшылықтың имканиятларын шекледи, хожалықларда өним жетистириўдиң азайыўына себеп болды. Ҳәзир балық жетистириў тек ғана дәраматлы тараў емес, ал социаллық әҳмийети үлкен екени инабатқа алынып, усының менен шуғылланып атырған исбилерменлик субъектлерине субсидия ҳәм жеңилликлер енгизилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы усы санаат потенциалын арттырыў, халықтың тағамнамасын балық өнимлери менен байытыў, тараўға инновацияларды енгизиў, таў алды аймақларында интенсив усылда балық жетистирип, экспорт көлемин арттырыў мәселелерине көп мәрте тоқтап өткен. 2017-жылы «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы шөлкемлестирилди. Елимизде жәми 4000ға шамалас балықшылық хожалығы жумыс ислемекте, оларда жылына 190 мың тонна балық жетистирилип атыр.
Аймақларда интенсив усылда балық жетистириў кәрханаларының саны да артып бармақта. Атап айтқанда, 2019-жылы Наманган ўәлаятында балық жетистириў 6 мың 932 тоннаны қураған болса, усы жылға келип бул көрсеткиш 20 мың тоннаға жетиўи күтилмекте.
Президентимиздиң 2018-жыл ўәлаятқа сапары даўамында жойбар сыпатында көрсетилген «DB Group Eco» кәрханасының жойбарлаў баҳасы 40 миллиард сум болып, соннан 28 миллиарды банк кредити, 12,5 миллиарды болса интакердиң өз қаржысы болып есапланады.
Кәрхананың жыллық өндирис қуўатлылығы 1500 тонна. Бул жерде Европа тәжирийбеси тийкарында интенсив усылда форель, лосось сыяқлы аз ушырасатуғын балық түрлерин жетистириў жолға қойылған. Уўылдырықлар ҳәм балық азықлығы Дания ҳәм Германиядан алып келинеди.
Тийкарынан душшы ҳәм кислородқа тойынған суўларда жасайтуғын, салқын суўда тиришилик ететуғын бул балық түрлерин жетистириў ушын кәрхана ҳәўизлерине суў Нарын дәрьясынан қуйылады ҳәм суў айланба ағыс пенен және дәрьяның өзине қайтады. Онда артықша суў ҳәм энергия ресурсы жумсалмайды.
Балық уўылдырығынан баслап товар ҳалына жеткенине шекем 1-1,5 жыл тәрбияланады. Кәрхана қарамағындағы 5 гектар жерде уўылдырық ҳәм шабақ жетистириў ушын жабық суў бассейнлери және 66 ашық бассейн қурылған. 100 жумыс орны жаратылған. Кәрхана толық иске қосылғаннан соң 2000 тонна балық шабағын жетистириў имканиятына ийе болады. Ҳәзирги ўақытта форель музлатылған ҳалда, сондай-ақ, салқын ҳәм ыссы дузланған, филе ҳәм аз дузланған ҳалда ишки базарға шығарылмақта.
– Бундай сийрек ушырасатуғын балық түрлери халық ушын арзан болыўы керек. Оның ушын болса балық азық-аўқаты өндирисин локализациялаў зәрүр. Өзине түсер баҳасы кемисе базар шаққан болады. Адамлардың дастурханына балық жетип барады, исбилермен де пайда алады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Форельди халқымыз ханбалық деп атайды, ол фосфор, омега-3 ҳәм омега-6 сыяқлы май кислоталарына бай. Бул балық пайдаланылса, инсан қан-тамыр ҳәм нерв, еслеп қалыўдың төменлеўи сыяқлы аўырыўларға аз ушырасады. Сонлықтан ханбалыққа тек ғана ишки емес, ал сыртқы базарда да талап үлкен. Кәрхана жыл ақырына шекем 300 тонна балық экспорт етиўди режелестириген.
Президентимиз бундай кәрханалардың қурылыс жойбарларында балық жетистириўдиң өзине тән өзгешеликлерин есапқа алып, үлкен әҳмийет қаратыў зәрүрлигин атап өтти. Учқурғон, Мыңбулақ, Уйчи, Поп ҳәм Нарын районларында 299 миллиард сум қунға ийе 75 жаңа жойбарды әмелге асырыў.
Усы жердиң өзинде мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта аўыл хожалығының балықшылық, шарўашылық, қусшылық, қоян бағыў, пал ҳәррешилик, ешки жетистириў тармақларын раўажландырыў бойынша жаңа жойбарлардың презентациясы менен танысты.
Мәселен, ўәлаятта 2020-жылы шаўашылық тармағында 84 жойбар әмелге асырылады, гөш ҳәм сүтти қайа ислеў кәрханалары шөлкемлестириледи.
Поп районы әзелден ешки жетистириўге қәнигелескен. Мәмлекетимиз басшысы жоқ болып кеткен бул тәжирийбени қайта тиклеў, жүн жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша кластер шөлкемлестириў, Поп ҳәм Чуст районларындағы 1500 шаңараққа 20 мың қой ҳәм ешкини шәртнама тийкарында тарқатыў бойынша көрсетпелер берди.
Қусшылық, пал ҳәррешиликти раўажландырыў бойынша комплексли бағдарлама ислеп шығыў, Наманган қаласында 10 мың тонна бойынша экспортқа қолайлы пал таярлаў, қадақлаў ҳәм сатыўға қәнигелескен комплексти иске қосыў бойынша тапсырмалар берилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Наманган қаласындағы «Юксалиш» киши санаат зонасында әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.
117 гектар майданды ийелеген бул санаат комплексинде қурылыс материаллары, автомобиль қурылысы ҳәм металлды қайта ислеў, электротехника, тоқымашылық ҳәм тигиўшилик сыяқлы бағдарларда улыўма баҳасы 1 триллион 208 миллиард сумлық 95 жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген.
Бүгинги күнге шекем 66,9 миллиард сумлық 32 жойбар иске қосылған болып, 311,1 миллиард сумлық өндирис қуўатлылығына ерисилди. Бул жойбарлар толық иске түссе, 7 мың 300 жумыс орны жаратылып, жылына 7,8 миллион долларлық өнимлер экспорт етиледи.
Ҳәзирги күнде киши санаат зонасында шифер, полаттан тигиссиз труба, металл өнимлерин қайта ислеў, суў насослары ҳәм электр двигательлер, жумсақ сүлги, ири суў сыйымлары және пластикалық қубырлар ҳәм бөлеклер, носки ҳәм трикотаж өнимлери ислеп шығарылмақта.
Мәмлекетимиз басшысына «Юксалиш» киши санаат зонасында «Flat Tile» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң кафель-керамика өнимлерин ислеп шығарыў презентациясы көрсетилди.
Жылына 35 миллиард сумлық өнимди ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылатуғын жойбар басқышпа-басқыш 2021-жылдың II шерегинде иске қосылады ҳәм 410 жумыс орны жаратылады, сондай-ақ, жылына 15,3 миллион долларға тең өнимди экспорт етиў нәзерде тутылған.
– Өзбекстанымыздай пайдалы қазылмаға бай жер аз, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев. – Өзимизде сондай жоқары сапалы өнимлерди ислеп шығарыў ушын оғада кең имканиятлар, тәбийғый ресурслар бола турып, оларды импорт ететуғын едик. Неге? Себеби заманагөй геологиялық изертлеўлер, экспедицияларды ислемейтуғын едик, илим арқалы мәселелерге қатнаста болмайтуғын едик. Енди шийки заттан дурыс, үнемли пайдаланыў, оннан бүгинги күнниң талапларына жуўап беретуғын товарларды ислеп шығарыў ушын илимий тийкарланған шешимлерди табыў ўақты келди.
Президент киши санаат зонасы аймағындағы ерлер костюмы, куртка ҳәм пальто ислеп шығарыўға қәнигелескен «Zamin kiyim sanoat» кәрханасында әмелге асырылып атырған жойбарлар менен де танысты. Баҳасы 24 миллиард сумға тең жойбарға бола жылына 10 миллиард сумлық өним ислеп шығарылады ҳәм 300 мың доллар муғдарындағы өнимлер экспортқа шығарылады. 300 адам жумыс пенен тәмийинленеди.
Мәмлекетимиз басшысы киши санаат зонасында жумыс ислеп атырған бир қатар кәрханалар өнимлериниң көргизбеси менен танысты.
Наманган ўәлаятында санаат өнимлерин ислеп шығарыў потенциалы, аймақта 2020-2021-жылларда әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар, өзин-өзи бәнт етиў бойынша толық презентациялар өткерилди.
– Бул кешеги Наманган емес. Жүдә қысқа ўақыт ишинде 55 мың жумыс орнын жаратыў 13 триллион сумлық жойбарларды ислеп шығыў – бул аймақ тарийхында мисли көрилмеген өзгерислер алып келетуғыны анық, – мәмлекетимиз басшысы.
Шавкат Мирзиёев жуўапкерлерге додаланған ҳәр бир тема бойынша терең таллаў тийкарында көрсетпе ҳәм усыныслар берди.
– Бизиң тийкарғы қәтемиз – ақшаның қәдирине жетпеўимиз. Мәмлекет тәрепинен исбилерменликти қоллап-қуўатлаў. инфраструктураны раўажландырыў, қосымша жумыс орынларын жаратыў ушын ажыратылып атырған қаржылардың ҳәр бир сумын орнын билип ислетиўимиз керек! Өним ислеп шығарыўда өзине түсер баҳасын азайтыў, соның ишинде, транспортировка қәрежетлерин түсириў ушын тынымсыз излениўимиз керек. Ҳәр бир мәселеде илимий, инновациялық қатнасларды қолланыўымыз зәрүр, – деп атап өтти. Президент.
Киши санаат зонасы аймағындағы 100 ден аслам кәрханалардың жумысы көзден өткерилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Наманган қаласындағы «Орзу» мәкан пуқаралар жыйынында «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» концепциясы тийкарында әмелге асырылған жумыслар менен танысты.
«Орзу» – Наманган қаласының атына мүнәсип, ҳәўес етсе арзыйтуғын үлгили мәҳәллеси. 2013-жылы шөлкемлестирилген бул мәҳәлледе үлги жойбарлар тийкарындағы 830 және жеке тәртиптеги 1 мың 682 турақ жай бар. Бул жерде дерлик 12,5 мың халық турмыслық қолайлықлар ҳәм имканиятлардан пайдаланған ҳалда жасамақта.
Мәмлекетимиз басшысы 2017-жылы ўәлаятқа сапары ўақтында бул жерде болып, Орзу мәҳәллеси мысалында халыққа қолайлықлар жаратыў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша пүткил елге үлги болатуғын системаның презентациясы менен танысқан еди.
Бүгин бул мәҳәлле көринисинде елимизде халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс жумыслары, ўатанласларымыз санасында жүз берип атырған унамлы өзгерислер анық көринисин тапқан. Аймақта шөлкемлестирилген «Орзу» киши санаат зонасында 15 жойбар иске қосылып, 930 дан аслам жумыс орны жаратылды. Соннан дерлик 400 ине мәҳәлле пуқаралары жайласты. 1 бақша, 650 орынлық мектеп, дәрихана, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў шақапшалары, фитнес клубы, мини-футбол майданы қурылды. Өткен жылы мәмлекетимиз хызметкерлери ушын 20 хызмет үйи қурып берилди.
Мәмлекетимиз басшысының мәҳәллеге бул ретки сапары және бир ийгиликли басламаның басланыўына түртки болды. Бул жерде қәўипсиз мәҳәлле ҳәм Наманганда «ақыллы қала» жойбарын турмысқа енгизиўге кирисилди.
Президентимиз елимизде жаңалық болған жойбар – Наманган қаласының социаллық-экономикалық геомәлимлеме мониторинг ҳәм санлы басқарыў системасы менен танысып, ең үлкен мәселе-жынаятшылықты азайтыўға ерисиў екенин атап өтти.
Жаңа системаның мақсети-қаладағы социаллық-экономикалық жағдайды избе-из үйренип барыў, күнделикли қадағалаў, машқалалы жағдайларды бағдарламадағы талланған мағлыўматлар тийкарында оператив сапластырыў, қарар қабыл етиўде жоқары нәтийже беретуғын жаңа инновациялық онлайн басқарыў усылына өтиўден ибарат.
Бул системада барлық көрсеткишлер геокарта арқалы мониторда сәўлеленеди. Атап айтқанда, халықтың саны, жалғыз баслы кекселер, билимлендириў мәкемелери, мийнет базары, инвестициялық жойбарлар, кәмбағал шаңарақлар, криминоген орталық сыяқлы мағлыўматлар үзликсиз киргизилип барылады.
Тәжирийбе сыпатында иске қосылған бул система кейин ала барлық тараўларда электрон базаларға жалғанады. Нәтийжеде қаладағы социаллық-экономикалық көрсеткишлерди онлайн бақлаў, жағдайды әдил баҳалаў, машқалаларды қадағалаў ҳәм керекли илажлар көриў мүмкин болады. Бул болса халықтың тынышлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли нәтийже береди.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаяттағы жаслар ҳәм жынаятқа бейим қатламды секторлар тәрепинен қадағалаў ҳәм сол арқалы жынаятшылықты қолға алыў бойынша еле системалы жумыслардың исленбей атырғанлығына итибар қаратты. Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги менен, Миллий гвардия жуўапкерлерине мәҳәллелерде тынышлықты тәмийинлеўге тосқынлық етип атырған факторларды үйрениў, секторлардың ислеўи ушын нызамшылыққа тийисли нормаларды киргизиў бойынша тапсырмалар берилди.
– Ўәлаяттағы секторлардың басшылары енди жынаятшылыққа қарсы гүресиўде нәтийже бойынша жуўап береди. Жынаят қаншелли азайды, қайсы алжасқанды дурыс жолға қайтарды деген сораўларға жуўап табыў ушын мине усы системаға өтип атырмыз. Ҳәм экономиканы, ҳәм жынаятшылықты, ҳәм тынышлықты, ҳәм әдилликти орнына қойса, халқымыз ушын мүнәсип шараят жаратқан боламыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәҳәллелерге тәжирийбе сыпатында жасларды баслық ўазыйпаларына қойыў ҳәм сол арқалы жуўапкершилик системасын күшейтиў, халық пенен ислесиў ушын психолог кадрларды таярлаўды кеңейтиў, жынаяттың жүз бериўине себеп болып атырған факторларды сапластырыў бойынша илажлар белгиленди.
Наманганда жынаятшылықтың алдын алыў бойынша ўәлаят секторлары басшыларының мәлимлемелери тыңланды.
Наманган қаласындағы «Әпсаналар алабы» мәденият ҳәм дем алыў паркиниң аймағы 155 гектар. Бул дем алыў орнында 123 миллион долларға тең жойбар әмелге асырылмақта.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев ўәлаятқа сапары шеңберинде бул дем алыў паркинде орынланған жумыслар менен танысты, дем алыўшылар менен пикир алысты.
Мәмлекетимиз басшысы бул паркке бурын келип, оны ең заманагөй талаплар тийкарында қурыў зәрүрлигин атап өтти. Өткен дәўир даўамында бул жерде кең көлемли қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Ҳәзирги күнде айырым бөлеги иске қосылған мәденият ҳәм дем алыў парки толық пайдаланыўға тапсырылса жылына 600 мың халыққа хызмет көрсетиў имканияты жаратылады.
Ҳәзирги ўақытта 16 түрдеги атракционлы тематикалық парк, 2400 орынлық амфитеатр, 7 түрли суў атракционлары ҳәм 16 бассейнли аквапарк, 2 заманагөй сарқырама ҳәм музыкалы фонтан, 3 ресторан, 1800 орынлық 2 автомобиль туратуғын орын шөлкемлестирилген. 2022-жыл март айына шекем миллий өнерментлер орайы, мешит, 400 орынлық мийманхана, 110 вилланы иске қосыў режелестирилген.
1 мың 500 жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған бул жерде бүгинги күнде 600 жумысшы-хызметкер мийнет етпекте.
– Еки жыл алдын мине бул парктиң жойбары менен танысып, оны «Әпсаналар алабы» деп атаўды усыныс еткен едим. Атына мүнәсип болыпты. Елимизде бундай заманагөй дем алыў орынларын еле көп қурамыз. – деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары даўам етпекте.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,
Акромжон САТТОРОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары