Усы жылы болып өтетуғын тест сынақларында абитуриентлерде бакалавриаттың бес бағдарына шекем сайлаў имканияты бар.

 

5 бағдар дегени 5 жоқары оқыў орны дегени емес. Яғный абитуриент, әлбетте, 5 университет ямаса институтты сайлаўы шәрт емес. Бир жоқары оқыў орнының 5 бағдарын сайлаўға да болады.

 

5 бағдарды сайлағанда ең тийкарғы 2 шәрт болады:

 

1) пәнлер избе-излиги сәйкес келиўи керек;

2) билимлендириў түри (күндизги, сыртқы, кешки) бирдей болыўы керек.

 

Пәнлердиң избе-излиги сәйкес болсын дегенде, 3,1 ҳәм 3,2 балл берилетуғын 2 пән бирдей избе-изликте болыўы керек. Мәселен, бир бағдарда пәнлер төмендегише:

 

– қарақалпақ тили ҳәм әдебияты (3,2 балл);

– тарийх (3,1 балл).

 

Екинши бағдарда болса басқаша:

 

– тарийх (3,2 балл);

– қарақалпақ тили ҳәм әдебияты (3,1 балл).

 

Бунда тест болып өтетуғын 2 пән бирдей болса да, бирақ оларға берилетуғын баллар басқаша екенлиги себепли абитуриент бул бағдарларға бирдей ўақытта ҳүжжет тапсыра алмайды.

 

Билимлендириў түри де, әлбетте, сәйкес болыўы шәрт. Яғный бир ўакыттың өзинде ҳәм сыртқы, ҳәм күндизги билимлендириўди сайлаў мүмкин емес. Абитуриент 1-бағдарға күндизги билимлендириўди сайлады ма, демек, қалған 4 бағдар да, әлбетте, күндизги болыўы шәрт. Ямаса 1-бағдарға сыртқыны сайласа, қалған бағдарлар да сыртқы болыўы керек.

 

Дөретиўшилик (кәсиплик) имтихан тапсырылатуғын бағдарларда тек ғана бир бағдарды сайлаў мүмкин, бунда 5 бағдарға шекем сайлаў имканияты болмайды. Бул шеклеў ҳәм дөретиўшилик, ҳәм тест тапсырылатуғын бағдарларға (мәселен, журналистика, архитектура) да тийисли болып табылады.

 

Магистратурада да тек ғана 1 қәнигеликти сайлаў мүмкин.

 

5 бағдарды сайлағанда итибарлы болыў керек. Өйткени, сайлаған биринши бағдар үстинликке ийе болады. Яғный, сизиң биринши бағдарда топлаған балларыңыз контракт балларына туўра келсе, қалған бағдарларда топлаған баллар грант балларына туўра келсе де, сиз контракт тийкарында биринши бағдарға оқыўға қабылланасыз.

 

Мәмлекетлик тест орайының https://abitur.dtm.uz/ сайтына кирсеңиз, қайсы пәнлер комплекси бойынша қайсы бағдарларға ҳүжжет тапсырыў мүмкинлигин көриўге болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.