Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзасы Мунира Матмуратова өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Ушырасыўда «Туран» МПЖдағы М.Улуғбек көшеси турғынларының көшедеги электр трансформаторының насазлығы бойынша мүрәжаты тыңланып, жағдай үйренилди. Районлық электр тармақлары кәрханасына депутатлық сораўнама жиберилди. Нәтийжеде машқала унамлы шешим тапты.

– Бул машқала үш жылдан берли шешилмей киятырған еди,-дейди мәҳәлле турғыны М.Илалов. – Бәрқулла халық дәрти ҳәм машқалаларын өз машқаласындай көрип, жәрдем қолын созып атырған депутатларымызға шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Соң исбилерменлер менен ушырасыў өткерилип, пандемияға байланыслы қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлардың мазмун-мәниси туўралы түсиниклер берилди. Олардың мүрәжатлары ҳәм пикир-усыныслары тыңланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги