Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Соңғы жылларда инсан ҳуқықларын қорғаўдың нызамшылық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый базасын беккемлеў, инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық стандартларды миллий нызамшылыққа имплементациялаў ҳәм халықаралық миннетлемелерди орынлаў, сондай-ақ, инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелери бойынша халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди жеделлестириўге байланыслы системалы жумыслар алып барылмақта.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы инсан ҳуқықлары бойынша 80 нен аслам халықаралық ҳүжжетлерге, соның ишинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң (кейинги орынларда – БМШ) 6 тийкарғы шәртнамасы ҳәм 4 факультатив протоколына қосылған болып, олардың әмелге асырылыўы бойынша БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси ҳәм шәртнамалық комитетлерине турақлы түрде миллий баянатларды усынып келмекте.

Буннан тысқары, миллий нызамшылықты инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық-ҳуқықый стандартлар менен үйлестириў бойынша әмелий илажлар көрилмекте.

Соның менен бирге, инсан ҳуқықлары тараўында узақ мүддетли стратегияның қабыл етилиўи бул тараўда мәмлекетлик сиясаттың нәтийжели әмелге асырылыўына, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине ҳүрмет мүнәсибетиниң қәлиплесиўине, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайы және де беккемлениўине, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый рейтинг және индекслердеги абырайы жақсыланыўына хызмет етеди.

Инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў механизмин буннан былай да жетилистириў, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасының инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық шәртнамаларының нормаларын орынлаў бойынша жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

халықаралық шөлкемлердиң инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша усынысларын әмелге асырыўға қаратылған миллий ҳәрекет режелери («жол карталары»)ниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў;

нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириўге қаратылған илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў арқалы БМШтың инсан ҳуқықлары бойынша устав уйымлары ҳәм шәртнамалық комитетлериниң усынысларын орынлаўға тосқынлық етип атырған себеп ҳәм шараятларды анықлаў, таллаў ҳәм сапластырыў;

Өзбекстан Республикасының инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық миннетлемелерин орынлаў тараўында  Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жәмийетлик палата ҳәм пуқаралық жәмийетиниң институтлары менен нәтийжели бирге ислесиўди  әмелге асырыў.

  1. Халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШтың устав уйымлары ҳәм шәртнамалық комитетлериниң усынысларын инабатқа алған ҳалда, сондай-ақ, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қорғаў бойынша әҳмийетли мәселелерди ҳәр тәреплеме үйрениў, әмелдеги нызамшылық ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин қолланыў және  кең жәмийетшиликтиң додалаўы, халықаралық ҳәм миллий мәсләҳәтлесиўлер нәтийжесинде ислеп шығылған:

инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясы  (кейинги орынларда – Миллий стратегия) 1-қосымшаға муўапық;

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық;

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң инсан ҳуқықлары бойынша устав уйымлары ҳәм шәртнамалық комитетлериниң хабарнамалары ҳәм қарарларын көрип шығыў бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик уйымларының өз-ара бирге ислесиў тәртиби ҳаққындағы реже 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы (кейинги орынларда – Орай) Миллий стратегия ҳәм «Жол картасы»ның әмелге асырылыўы бойынша:

турақлы мониторинг  алып барып, илажлар сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы бойынша  усынысларды тийисли министрликлер ҳәм уйымларға киргизип барады;

 турақлы түрде анық көрсеткишлер ҳәм ерисилген нәтийжелер көрсетилген  толық мәлимлемени өз веб-сайтында жайластырып барады;

ҳәр шеректе  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине улыўмаластырылған  мағлыўмат киргизеди;

мәлимлеме-таллаў шолыўлардың  таярланыўы,  шет тиллерге аўдарма ислениўи ҳәм жәрияланыўын тәмийинлейди;

б) «Жол картасын»да белгиленген жуўапкер атқарыўшылар өзлерине жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққындағы  мағлыўматларды ҳәр айдың 5-сәнесине шекем Орайға усынады. Онда – министрликлер ҳәм уйымлардың биринши басшылары «Жол картасын» да белгиленген ўазыйпалардың толық, сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкер болып есапланады;

в) Миллий стратегия ҳәм «Жол картасы»ның орынланыў жағдайы бойынша  ҳәр алты айда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Президиумы мәжилислеринде  министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлемеси тыңланады.

  1. Төмендегилерге:

а) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына:

Инсан ҳуқықлары тараўында  халықаралық миннетлемелерге әмел етилиўи бойынша

 парламент комиссиясын  дүзиў;

министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларының Миллий стратегия ҳәм «Жол картасы»ның орынланыў жағдайы бойынша  мәлимлемесин ҳәр шеректе тыңлаў ҳәм сын көзқараста додалаў;

б) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслерине министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық бөлимлери басшыларының Миллий стратегия ҳәм «Жол картасы»ның  аймақлар кесиминде  орынланыўы бойынша мәлимлемени ҳәр шеректе тыңлаў ҳәм сын көзқараста додалаў усыныс етилсин.

  1. Орайдың:

инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм инсан ҳуқықларының мәдениятын арттырыўда көрсеткен хызметлери ушын  ҳәр жылы Халықаралық инсан ҳуқықлары күнинде тапсырылатуғын «Инсан ҳуқықларын қорғаў ушын» көкирек белгисин енгизиў;

ҳәр еки жылда жоқары дәрежеде және халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сырт ел мәмлекетлериниң қәнигелери ҳәм ҳүрметли мийманлардың қатнасыўында Инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд форумын  өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:

«Инсан ҳуқықларын қорғаў ушын» көкирек белгиси ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында Ҳүкимет қарарын қабыл етсин;

Инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд форумын 2020-жылда Самарқанд қаласында өткериўге байланыслы шөлкемлестириўшилик илажларды әмелге асырсын.

  1. Орай:

бир ай мүддетте  Инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд форумының концепциясы ҳәм оны өткериў регламентин ислеп шығып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери, кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаўға қәнигелестирилген мәкемелер (университет, институт, орай, факультет, курслар), сондай-ақ, улыўма орта билимлендириў, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелеринде  «Инсан ҳуқықлары», «Ҳаяллардың ҳуқықлары» ҳәм «Бала ҳуқықлары» бойынша  оқыў курслары (сабақлықлары)н  енгизиў бойынша усынысларды киргизсин.

  1. Орай хызметкерлериниң лаўазым мийнет ҳақысына илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежесине ийе шахслар ушын – лаўазым мийнет ҳақысының 30 процентине шекем, илим докторы (Doctor of Science) илимий дәрежесине ийе шахслар ушын – лаўазым мийнет ҳақысының 60 процентине шекем қосымша ҳақы төленетуғынлығы белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы Пәрманда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын 2020-жылғы Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде белгиленген тәртипте финанслық қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Халықаралық пресс-клуб ҳәм Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы менен биргеликте:

Усы Пәрманның мазмун-мәниси   ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында  түсиндирилиўин;

Миллий стратегияның әмелге асырылыўы ҳаққындағы  дурыс ҳәм толық мағлыўматлардың кең жәмийетшиликке тез жеткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 10-декабрьдеги ПҚ-4056-санлы қарары менен тастыйықланған Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ҳаққындағы режеге 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Орай мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                      Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 22-июнь