Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутқан социаллық әҳмийетке ийе жойбарлары қабыл етиледи:

  1. 1. МКШ ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының жаслардың мәнаўий ҳәм руўхый дәрежесин турақлы арттырыўға қаратылған жумысын қоллап-қуўатлаў.
  2. 2. Жасларды заманагөй билимлерди өзлестириў, ҳақыйқый ағартыўшылық ҳәм жоқары мәденият ийеси болыўына жәрдемлесиў.
  3. 3. Майыплығы болған жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың дәраматларының дәреклерин көбейтиў, жәмийетлик кәрханалар, шаңарақлық исбилерменлик ҳәм турақ жай хожалығын кеңнен раўажландырыўда МКШлардың белсендилигин арттырыў.
  4. 4. Жасларды терең билим, жоқары мәнаўият ҳәм мәденият ийеси етип тәрбиялаў, олардың маманлығын халықаралық мийнет базарының талапларына бейимлестириў.
  5. 5. Мәнаўий бәркамал шахсты тәрбиялаўға, жас әўладтың интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыўға, жаслар арасында китап оқыў мәдениятын қәлиплестириўге жәрдемлесиў.
  6. 6. «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүрескен ағартыўшылар» атамасында уллы бабаларымыздың ўатансүйиўшилик, миллетсүйгишлик ҳәм раўажланыўды сүйгишлик тараўындағы руўхый-ағартыўшылық мийрасын жаслардың санасына жеткериў.

7.Шөл аймақларындағы аўылларда, таўлы ҳәм шегара аймақларында китапқумарлықты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў.

  1. 8. Мәҳәллелерде мәденият орайы ҳәм дем алыў бағларының жумысын жолға қойыў, халық аўызеки дөретиўшилиги, фольклор топарларының жумысын жолға қойыў, оларға жасларды кеңнен тартыў.
  2. 9. «Өз балаңызды, өз үйиңизди, өз Ўатаныңызды көздиң қарашығындай сақлаң!» деген сүренди пуқаралар қәлбинен терең орын алыўын тәмийинлеў.
  3. 1 Халық арасында саламат турмыс тәризин кеңнен енгизиў, ғалабалық спортты раўажландырыў.
  4. 11. Орынларда ғалабалық ҳәм миллий спорт ойынларын ҳәм түрлерин раўажландырыў, оларды ата-бабалардан әўладларға жеткериў мақсетинде жасларды кеңнен тартыў.

12.Халықтың, әсиресе, жаслардың арасында әмелге асырылып атырған үлкен қурылыс ҳәм реформаларды кеңнен үгит-нәсиятлаў.

  1. 13. Жаслар арасында социаллық исбилерменликтиң тийкарларын кеңнен үгит-нәсиятлаў, жаслар қатламының финанслық саўатлылығын арттырыў, финанслық хызметлерден пайдаланатуғын жас тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў.
  2. 14. Жас қызларды ҳәр тәреплеме саламат, жоқары билимли ҳәм мәнаўиятлы аналар етип тәрбиялаўда, оларды еркин турмысқа таярлаўда шаңарақтың, кексе әўлад ўәкиллериниң, ҳаял-қызлар белсендилериниң, муғаллим ҳәм тәрбияшылардың тәсирин арттырыў.
  3. 15. Жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, олардың санасына ҳәм қәлбине бабаларымыздың уллы мийрасын ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды сиңдириў.

Мәмлекетлик грант ажыратыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

  1. 1. Шөлкемниң басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
  2. 2. www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза.
  3. Ақырғы өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының Уставы (Режеси)ның нусқасы.
  4. Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткени ҳаққындағы гүўалықтың нусқасы.
  5. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы.
  6. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң усыныс ҳәм қоллап-қуўатлаў хатлары.

Бир жойбар ушын ажыратылатуғын гранттың муғдары – 40 миллион сумға шекем.

Ҳүжжетлер 2020-жыл 22-июньнен 25-июльге шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШларды ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100035, Ташкент қаласы, Бунёдкор көшеси, 1-жай.

Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239-26-76, 239-26-86.

 

ӨзА