Ҳүрметли абитуриентлер ҳәм ата-аналар!

2020-2021-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына қабыллаў процессиниң басланыўына байланыслы Мәмлекетлик тест орайында қоңыраўлар (мүрәжатлар) орайы шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында xs.uz сайты мәлим етти.

Пуқаралар қабыллаў процесине байланыслы қызықтырған барлық сораўларға 1195 қысқа номери арқалы байланысып, толық жуўап алыўы мүмкин.

Орайдың жумыс режими:

  • дүйшембиден жумаға шекем – саат 9:00 ден 18:00 ге шекем;
  • шемби – саат 9:00 дан 12:00 ге шекем;
  • түслик – саат 13:00 ден 14:00 ге шекем.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги