Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) биргеликте «Арал теңизи регионының шорланған жерлеринде Инновациялық стартап жойбарлар таңлаўы» (https://mininnovation.uz/uz/competitions/2103) жәрияланды.

Бул таңлаў, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) арасында қол қойылған грант қаржыларын ажыратыў ҳаққындағы шәртнамаға муўапық әмелге асырылады.

Усынылған жумысларда Аралбойы регионының шорланған жерлеринде бар машқалаларды инновациялық усыллардан пайдаланған ҳалда шешиўдиң әмелий шешими усынылыў керек. Таңлап алыў процесинде таңлаў экспертлери кеңеси қойылып атырған мәселениң әҳмийетилилиги, анықлығы, заманагөй илимий методологиядан пайдаланғаны, изертлеўшиниң тәжирийбеси сыяқлы нормалар тийкарында баҳалайды. Таңлаўға усынылатуғын инновациялық стартап жойбарлар төмендеги шәртлер бойынша баҳаланады:

Арал теңизи қурыўының унамсыз ақыбетлерин жумсартыўға қаратылған ең жақсы стартап жойбар;

Аралбойы регионының шорланған жерлеринде экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған ең жақсы стартап жойбар;

Арал теңизиниң қурыған ултанында флора (өсимликлер) ҳәм фауна (ҳайўанатлар) дүньясын раўажландырыўға қаратылған ең жақсы стартап жойбар;

Арал теңизиниң қурыған ултанында топырақтың шорланыўы ҳәм климаттың өзгерисине қарсы инновациялық технологияларды ислеп шығыўға бағдарланған ең жақсы стартап жойбар.

Таңлаў нәтийжеси бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм ICBA халықаралық орайы менен биргеликте жәми 100 мың АҚШ доллары баҳасындағы суммада грант қаржысын ажыратады.

Усынылған жойбарлар www.tanlov.mininnovation.uz веб-порталы арқалы 2020-жыл 15-июль саат 18:00 ге шекем электрон дизимнен өтиўи шәрт. Электрон дизимнен өтпеген жойбарлар таңлаўға қабыл етилмейди.

Таңлаў нәтийжелери Инновациялық раўажланыў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Таңлаўға тапсырылатуғын ҳүжжеттиң түрлери қосымша етиледи.

Қосымша мағлыўмат ушын:

Тел.: +99871 2274317

Рәсмий сайт: www.mininnovation.uz

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги