20-июнь күни Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Қырғызстан Республикасының Бас министри Кубатбек Боронов арасында телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.

Өзбекстан ҳүкиметиниң басшысы өз кәсиплесин Бас министр лаўазымына тайынланғаны менен қутлықлады ҳәм Өзбекстан-Қырғызстан қатнасықларының жаңа пәтлер менен избе-из раўажланып, еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Сөйлесиў ўақтында тәреплер жақын күнлерде Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилисин өткериў мәселелерин додалады.

Еки мәмлекет Бас министрлериниң басшылығындағы Өзбекстан ҳәм Қырғызстан ҳүкимет делегацияларының соңғы рет ушырасыўы 2019-жыл август айында Бишкекте өткерилген.

Алдын хабар берилгениндей, Өзбекстан Бас министри тәрепинен К.Боронов атына Қырғызстан Бас министри етип тайынланғаны мүнәсибети менен қутлықлаў хаты жиберилген еди.

 

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң

Баспасөз хызмети