2024-жыл 8-ноябрь күни Шоманай районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.
Сессияға депутатлар, сектор басшылары, нуранийлер, мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары қатнасты.
Күн тәртибинде 4 мәселе көрип шығылды.
Биринши мәселе Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарын дизимге алыў, екинши мәселе районлық Кеңеси Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы режени тастыйықлаў, үшинши мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийлигине муўапық, Шоманай районы 13-«Айбүйир» сайлаў округинен сайланған депутат Адилбек Аметовти Шоманай районы ҳәкими лаўазымына тастыйықлаў ҳәм соңғы мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, районлық ҳәм қалалық Кеңеслери Қоспа мәжилиси Мәсләҳәт Кеңесине районлық Кеңеси атынан 7-«Моншақлы» сайлаў округи депутаты Қ.Наўрызовты усыныс етиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Додаланған мәселелер депутатлар тәрепинен бир аўыздан мақулланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.