Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 7-ноябрь күни аўыл хожалығында суў ҳәм энергия дәреклеринен ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм шығынларды кемейтиў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Бүгин дүньяда экологиялық машқалалар, тәбийғый апатшылықлар көбейип бармақта. Бизиң регионымызға суў дағдарысы қәўип салмақта. Соның ушын мәмлекетимизде суў үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, бул байлықты қәстерлеп-сақлаў бойынша көп жумыслар исленбекте.
Атап айтқанда, 550 километр канал ҳәм салмалар бетонланғаны есесине 200 мың гектарда суў жақсыланды, жылына 450 миллион куб метр суў үнемленип атыр. Фермер ҳәм кластерлер тәрепинен де 13 мың километр ишки тармақ бетонланды.
Суўды басқарыў реформаланып, районларда суўды есапқа алыў системасы қәлиплести, фермерлер суўды есап-санақ етиўди үйренди. Ашық-айдын система жолға қойылғаны нәтийжесинде быйыл жерге 2 есе көп суў барды, және 6 миллиард куб метр суў есабы орнына қойылды.
Бирақ еле әҳмийетли мәселе көп. Мысалы, кластер ҳәм фермерлерге жеткерип берилип атырған ҳәр бир куб метр суўға республика бойынша орташа 212 сум қәрежет етилип атыр. Бухара, Қашқадәрья ҳәм Наманган ўәлаятларында бул 2-3 есеге қымбат.
Соңғы жыллары 1 миллиард доллар есабынан Қаршы, Әмиў-Бухара, Әмиў-Занг сыяқлы ири насос станциялары модернизацияланды. Бирақ, орта ҳәм майда насослар ескилиги себепли суўдың өзине түсер баҳасы артып кетип атыр. Бетонлаў есабынан шығын 10-15 процентке кемейген болса-да, 20 районда бул көрсеткиш жоқары.
Усы сыяқлы машқалалардан келип шығып, мәжилисте гезектеги ўазыйпалар белгиленди.
Орынларда еле бетонлаў зәрүр болған 18 мың километр магистрал ҳәм 94 мың километр ишки каналлар бар. Соның ушын келеси жылы бул жумысларға 800 миллиард сум ажыратылатуғыны атап өтилди.
Өткен жылы техника, жумысшы күши ҳәм қум-шағыл тастан жәрдем болғаны ушын бетонлаў қәрежети 2 есеге арзанласқан. Бөлип алып ислеўшилерге тиккелей шәртнама тийкарында цемент жеткерип бериў арқалы өзине түсер баҳаны және 20 процентке кемейтиў мүмкин екени айтылды.
Және бир тәрепи – бетонланған каналларда суў ағымы тезлеседи. Бул – киши ГЭСлер қурып, электр алыўға үлкен имканият. Наўайы ўәлаятында 11 мегаваттлы 148 усындай станция қурылысы басланған. Улыўма, аймақларда 2 мың микро ГЭС қурып, жылына қосымша 600 миллион киловатт электр алыў мүмкин.
Жуўапкерлерге бул бағдарда жеке меншик шериклик шәртлерин ислеп шығып, исбилерменлерге жәриялаў тапсырылды.
Мәмлекетимиз басшысы тараўдағы жақсы тәжирийбелерди көрсетип өтти. Жиззақ ўәлаяты Дослық районында суўды басқарыў ақыллы системаға өткериў бойынша 21 миллион долларлық жойбар жуўмақланған. Суў бөлистиретуғын 2 мың ноқатқа есаплағыш ҳәм видеокамера орнатылған. Онда автоматластырылған басқарыў нәтийжесинде 20 процент, суўғарыў тармақларын оңлаў есабынан және 10 процент суў үнемленеди. Суў басқарыўы жек меншик секторға берилип, фермерлер менен кооперация дүзиледи. Биринши мәрте суўға алдыннан төлем болады.
Ўәлаят ҳәкимлерине усы системаны үйренип, суў тәмийнаты аўыр районларда енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Бүгинги күнде жерлерди суўғарыўға 1 мың 600 ден аслам насос станция жумсалмақта. Олар өзине жараса электр энергиясы талап етеди. Соның ушын 2025-жыл – суў хожалығында «насослардың нәтийжелилигин арттырыў жылы» болатуғыны белгиленди.
Жеке меншик шерик пенен үнемли насос ҳәм қуяш панели орнатып, 20 процент электр үнемлеў мүмкин. Мысалы, хорезмли дийқанлар усындай ислеп атыр. Сондай-ақ, қуяш панель орнатып, талаптан артқан электрди мәмлекетке сатып, айына қосымша 7-8 миллион сум дәрамат алып атыр.
Жуўапкерлерге усы тәжирийбени кеңейтиўди хошаметлеў бойынша тапсырмалар берилди.
Республика бойынша 2 миллион гектарда муў үнемлеўши технологияда енгизилгени нәтийжесинде өткен жылдың өзинде 2 миллиард куб метр суў үнемленген. Бирақ, айырым атызларда орнатылған үскенелер ислемей атыр.
Енди бул қатаң қадағалаўға алынады. Келеси жылы және 500 мың гектарда суў үнемлейтуғын технологиялар орнатылады. Қарақалпақстанда қолланған лазерли тегисленген жердиң ҳәр гектарына 1 миллион сумнан субсидия бериў системасы енди Хорезмде де болады. Басқа аймақларда да лазерли текислеў кеңейтиледи.
Бәҳәр ҳәм гүздеги сел суўларын жыйнаў – тараўдағы және бир дерек. Самарқанд, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Наманган, Фергана ҳәм Ташкент ўәлаятларында усындай имаратлар қурылып, 50 мың гектарда суў тәмийнатын жақсылаў имканияты бар. «Өзбекгидроэнерго» компаниясы бул бағдарда еки жыллық реже алды.
Президентимиз суў тараўында кескин өзгерис ислеўдиң бирден-бир жолы санластырыў екенин атап өтти.
Насос станцияларына онлайн қадағалаў ҳәм «ақыллы суў» қурылмалары алып келинген. Бирақ олардан алынатуғын мағлыўматларды жәмлеп, таллайтуғын мәлимлеме хызмети жоқ. Суў пайдаланыўы ҳәм есап-санағы оғада қурамалы.
Соның ушын министрлик жанында Суў хожалығын санластырыў орайының дүзилиўи белгиленди. Онда суўдан пайдаланыў ҳәм есабын жүргизиўдиң бирден-бир мәлимлеме системасы иске қосылады.
Жуўапкерлерге суў хожалығына 2030-жылға шекем болған ең әҳмийетли жойбарлар бағдарламасын таярлаў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша министрлер, ҳәкимлер ҳәм тараў қәнигелериниң пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
ӨзА