Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының мирәт етиўине бола Саудия Арабстаны Патшалығының Бас прокуроры Шейх Сауд Аль Муажиб басшылығындағы делегация  мәмлекетимизге келди.

Бас прокурор Ниғматилла Йўлдошев ҳәм Саудия Арабстаны Патшалағының Бас прокуроры Шейх Сауд Абдуллоҳ Әл Муажиб ушырасыўы болып өтти.

Конструктивлик сөйлесиў даўамында тәреплер ҳуқықый бирге ислесиў мәселелери, сондай-ақ, еки мәмлекет ҳуқық қорғаўшы уйымлары арасындағы өз-ара байланысларды және де раўажландырыўдың перспективалы бағдарларын додалады.

Буннан тысқары, Н.Йўлдошев делегация ўәкиллерин елимизде мәмлекетимиз басшысы басшылығында социаллық-экономикалық, суд-ҳуқық ҳәм басқа да тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар менен таныстырды.

Исшең ҳәм дослық руўхында болып өткен ушырасыўдың жуўмағы бойынша тәреплер арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды. Бул ҳүжжет уйымлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўда жаңа түртки болыўына исеним билдирилди.

Сапар даўамында делегация ағзалары Өзбекстан Республикасы прокуратурасы музейине барып, структураның көп жыллық тарийхы, тәжирийбеси ҳәм жумысы менен жақыннан танысты.

Делегацияның сапары даўам етпекте.

Н.Абдураимова, ӨзА