Түркия Қырғызстан Республикасының 62,3 миллион доллар қарызынан кешти. Бул хабарды Президент Садир Жапаров Бишкекте түркиялы кәсиплеси Режеп Таййип Эрдоған менен болған сөйлесиў жуўмағында мәлим еткен.
Атап өтиўинше, Қырғызстанның усы жылдың ақырында қәлиплескен сыртқы қарзы жасыл экономикаға тийисли жойбарлар есесине есаптан шығарылған.
Еслетип өтемиз, 2013-жылы да Түркия Қырғызстанның 50 миллион долларлық қарызынан кешкен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги