Өзбекстанда 2024-жылы 1-ноябрь жағдайына бола жумыс алып барып атырған юридикалық тәреплердиң саны 566 мың 818 ди қурамақта. Бул шөлкемлерден 70 мың 978 ти усы жылдың январь-октябрь айларында дизимнен өткен. Жаңа шөлкемлердиң дизимнен өтиўи экономиканың түрли тараўларында өсиў пәтлерин көрсетпекте.
«Фискал анализлер» порталына бола, юридикалық тәреплер арасында саўда тараўы ең жоқары көрсеткишке ийе болып, онда 147 мың 723 шөлкем жумыс алып бармақта. Аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы болса 140 мың 928 шөлкем менен екинши орында турады. Санаат секторы да салмақлы болып, 66 мың 801 юридикалық шахс пенен үшинши орынды ийелеген.
Жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер де өсиў дәрежеси бойынша жоқары көрсеткишке ийе тараўлардан бири. Бул хызметлер секторында жәми 28 мың 708 шөлкем жумыс алып бармақта. Қурылыс тараўы болса 32 489 юридикалық тәреп пенен жетекши тараўлардан бири сыпатында ажыралып турады.
Аймақлық тәрептен ең көп юридикалық тәреп Ташкент қаласында дизимнен өткен болып, бул жерде 102 мың 686 шөлкем жумыс алып бармақта. Самарқанд ўәлаяты болса 54 мың 103 юридикалық тәреп пенен Ташкент қаласынан кейин екинши орында турады. Ферғана ўәлаяты да 50 мың 64 шөлкем менен жоқары орынларды ийелеп турыпты.
Банк операцияларын әмелге асырмаған ҳәм салық есабатларын усынбаған коммерциялық шөлкемлери автомат рәўиште белсенди емес жағдайға өткерилиўин атап өтиў керек. Бул жағдай бизнес орталығын тазалаў ҳәм жумыс алып барып атырған шөлкемлердиң ҳақыйқый санын анықлаўда әҳмийетли.
Қарақалпақстан хабар агентлиги