Нөкис районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.

Сессияға депутатлар, сектор басшылары, нураныйлар, мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары қатнасты.

Күн тәртибинде төрт мәселе көрип шығылды. Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң жетинши шақырық биринши сессиясы болып өтти.

Сессияға жаңадан сайланған депутатлар, райондағы сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, мәкеме, шөлкем ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияниң  күн тәртибинде төрт мәселе, яғный, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў, Халық депутатлары Нөкис районы Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Нызамын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Нөкис районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы қарарын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси район ҳәм қалалық Кеңеслери қоспа мәжилисиниң мәсләҳәт Кеңесине Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесинен талабан усыныс етиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

Сессияда  Нөкис районы 14-«Тарлы» сайлаў округинен сайланған депутат Зияўатдин Зайтовтың Нөкис районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша бес жыллық бағдарламасы көрип шығылып, депутатлар тәрепинен мақулланды ҳәм Зияўатдин Зайтов Нөкис районы ҳәкими етип тайынланды.

Сессия соңында күн тәртибиндеги мәселелер толық қарап шығылып, депутатлар бул бойынша тийисли шешим қабыл етти.

Соның менен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң жетинши шақырық биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги