Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.

Сессияда жаңа мүддетке сайланған депутатлар қурамы,  район ҳәкиминиң орынбасарлары, бөлим баслықлары, ҳуқық қорғаў уйымларының, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, район белсендилери, пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияның күн тәртибинде Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў мәселеси көрип шығылып, бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан соң Халық депутатлары районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Реже тастыйықланды.

Сессияда Қанлыкөл районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийлиги оқып еситтирилди.

Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамына муўапық,  район ҳәкимлигине талабан халық депутатлары Кеңесине аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўға мөлшерленген бағдарламасын усынды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша  12-санлы «Т.Жумамуратов»  сайлаў округинен депутат Т.Мамутов, 16-санлы “Жийен жыраў” сайлаў округинен депутат Қ.Пирназаров шығып сөйледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Бахрам Султановты Қанлыкөл районы ҳәкими лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы бийлиги депутатлар тәрепинен тастыйықланып Б.Султанов жаңа мүддетке Қанлыкөл районы ҳәкими лаўазымына тайынланды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары сайлаўын усы жылдың 11-ноябр күни өткериў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары қабыл етилген.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине тийкарланып, Жоқарғы Кеңес, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатлары Қоспа мәжилиси Мәсләҳәт Кеңеси ағзалығына 16-санлы “Жийен жыраў» сайлаў округинен районлық Кеңесине жаңадан сайланған депутат Қ.Пирназаровтың кандидатурасы депутатлар тәрепинен мақулланды.

Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.