Мәмлекетимизде қуяштың тутылыў процеси қандай болды?

Республикамыздың барлық аймақларында  Қуяштың бир бөлегиниң тутылыўы бақланды. Бул қубылыс Ташкент ўақты менен саат 10:01 де басланып, саат 11:24 те максимум дәрежеге жетти (онда Қуяштың 51 проценти (0,61) Ай тәрепинен тосылды) ҳәм саат 12:51 ге шекем даўам етти.

Өзбекстан илимлер академиясының мағлыўматына қарағанда, қуяштың тутылыўы ең үлкен дәрежесине ерискен ўақтында Республикамыздың арқа-батыс аймақларында яғный Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында Қуяш бетиниң 39 процентинен 50 процентине шекемги болған бөлеги, Бухара, Наўайы, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья, Ташкент, Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында болса Қуяш бетиниң 58 процентине шекем болған бөлеги Ай тәрепинен тосылды. Елимиздиң ең қубла аймағы – Термиз қаласында болса бул дәреже 63 процентке шекем жеткен.

Дүнья халқы Айланба түрде Қуяштың тутылыўы сийрек ушырасатуғын астрономиялық қубылысқа гүўа болғанын атап өтиў керек. Бул тутылыў толық формадағы Айланба түрде тутылыў есапланып, тутылыўдың толық фазасында Қуяш бетиниң 99,4 процентин қурайды. Қуяштың тутылыўы толық фазасының даўамлылығы 38 секундқа тең болады. Усы астрономиялық қубылыс Африка, Арабстан ярым атаўы, Евразия, Япон ҳәм Малай архипелагы ҳәм Австралия аймақларында жайласқан 111 мәмлекетте бақланды. Бул мәмлекетлердиң ишинде (Конго Республикасы, Конго Демократиялық Республикасы, Орайлық Африка Республикасы, Судан, Қубла Судан, Эфиопия, Саудия Арабстаны, Эритрия, Яман, Уммон, Пакистан, Ҳиндстан, Қытай ҳәм Тайвань) 14 мәмлекеттиң халқы толық формадағы Айланба түрдеги Қуяштың тутылыўына гүўа болды.

 

ӨзА