Пайтахтымызда Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясының видеоконференцбайланыс түринде мәжилиси болып өтти. Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясының баслығы Танзила Нарбаева алып барды.

Дәслеп Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясының әмелге асырған жумыслары ҳәм келешектеги ўазыйпалары додаланды.

Өткен дәўирде адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў мәселелерине байланыслы миллий нызамшылық жетилистирилди. Соның менен бирге, халықаралық тәжирийбелерди есапқа алған ҳалда «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы жаңа редакцияда ислеп шығылды.

Және бир тәрепи, адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша профилактикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик илажлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 2019-жылы адам саўдасы менен байланыслы жынаятлар  22 процентке азайған. Мәжбүрий мийнетке жол қойған  259 адам ҳәм мийнет ҳақыларын өз ўақтында бермеген және  мийнет шараятларын жаратпаған 56 лаўазымлы шахсқа нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жариймалар қолланылған.

Өткен жылы 220 адам саўдасы жәбирлениўшилерине Республикалық реабилитация орайында медициналық, психологиялық ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетилип, олардың 113и жумысқа жайластырылған. 3 мың 938 пуқара сырт елде жумыс пенен тәмийинленип, мийнет ҳақысын өз ўақтында ала алмаған мийнет мигрантларының 530 мың АҚШ долларына шамалас мийнет ҳақылары өндирилип берилген.

Буннан тысқары, ХМШ пенен биргеликте 2019-жылы пахта жыйын-терими мәўсиминде балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланыў бойынша үшинши тәреп мониторинги, Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен миллий мониторинг өткерилди. Оның нәтийжелерине бола, Өзбекстанда пахташылықта системалы тәризде балалардың мийнети ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўға шек қойылған.

Мәжилисте бул бағдарда әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бир қатарда, шешилиўи тийис болған айырым машқалалар да барлығына итибар берилди. Атап айтқанда, бүгинги күнде айырым жергиликли ҳәкимликлер, министрликлер ҳәм уйымлар және олардың төменги структураларының басшылары тәрепинен хызметкерлерди өзиниң функционаллық ўазыйпаларына кирмейтуғын мийнет түрлерине мәжбүрий тартыў жағдайлары ушыраспақта. 2019-жылы пахта жыйын-терими мәўсими даўамында өткерилген мониторинг жумысларында Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлериниң хызметкерлери ҳәм әскерий билим бериў орны курсантлары мәжбүрий түрде пахта жыйын-теримине тартылған жағдайлары бақланды.

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен өткерилген миллий мониторинг процесинде де 47 жағдайда 3 мың 895 шахс пахта жыйын-теримине мәжбүрий тартылғаны анықланған. Соннан 700и әскерий хызметкер болып есапланады. Бул бағдарда, сонша көрилип атырған илажларға қарамастан, жергиликли атқарыў уйымы басшылары тәрепинен айырым шөлкемлердиң хызметкерлерин абаданластырыў жумысларына тартыў жағдайлары да ушыраспақта. 2019-жылы мәжбүрий мийнетке тартыў бойынша 259 жағдай атап өтилген болса, олардың 112си тиккелей абаданластырыў, көклемзарластырыў жумысларына мәжбүрий тартыў менен байланыслы. Соннан ең көп жағдайлар Самарқанд ўәлаятында 16, Қашқадәрья ўәлаятында 12 ҳәм Бухара ўәлаятында 10ы анықланған. Усы жылдың 5 айы даўамында да 28 усындай жағдай анықланды.

– Булардың ҳәммеси алдынғы дәўирден қалып кеткен жумыслар. Алдын абаданластырыў жумысларына мәмлекет тәрепинен қаржы ажыратылмайтуғын еди. Терек егиў, терек ҳәклеў, көшелерди тазалаў ушын ақша берилмейтуғын еди. Ҳәзир бул ушын жәмийетшилик фонды шөлкемлестирилген. Бирақ бәрибир оқытыўшы, мидицина хызметкерлери ямаса басқалар да алып шығылып атыр. Себеби жәмийетшиликтиң жумыссыз ўәкиллерин жумысқа шақырыў ушын жүриў керек, мәҳәлледен анықлаў керек. Бул болса мийнетти талап етеди, усы мийнеттен қашып, таяр, «яқшы болады» дейтуғын хызметкерлерге көше үйренип қалған. Буннан улыўма ўаз кешиў керек. Биз ҳәзир нызамлар үстинлиги заманында жасап атырмыз. Пул берилмей атырған болса да ҳеш гап еди, ҳәзир мәмлекет пул берип атыр, қор турақлы түрде мәмлекет бюджети есабынан қаржыландырылады. Ҳәзир қаржы, шараят көзқарасынан  машқала жоқ, тек ғана шөлкемлестириў керек, – деди миллий комиссия баслығы Т.Нарбаева.

Илажда төменги буўында жумыс нәтийжелилигиниң төменлиги, бир ғана ойланбаған ҳәрекет ақыбетинде адамларға зыян жеткерилип атырғаны, бул болса мәмлекет имиджине унамсыз тәсир көрсетип атырғаны атап өтилди.

2019-жылы адам саўдасы менен байланыслы жынаятлар 2018-жылға салыстырғанда азайған болса да, бул бағдарда исленген улыўма жынаятлар арасында бала саўдасы менен байланыслы жынаятлар жоқарылығынша қалып атырғаны да додалаў орайында болды. Атап айтқанда, 2018-жылы исленген адам саўдасы менен байланыслы жынаятлардың 38 процентин бала саўдасы қураған болса, 2019-жылы бул көрсеткиш 43 процентке жеткен.

Бала саўдасы менен байланыслы жынаятлар Сырдәрья, Хорезм ўәлаятында 5 тен, Ташкент, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларында ҳәм Ташкент қаласында 4тен, Самарқанд, Фергана, Наманган, Әндижан, Наўайы ўәлаятларында 3 тен жүз берген.

Баланы сатыў себеплери үйренилгенде, 19 жағдайда шаңарақлық шараяттың аўырлығы, баланы бағыўға имканияттың жоқлығы, 3 жағдайда турақ жай алыў, 9 жағдайда өз айыбын жасырыў ҳәм 10 жағдайда материаллық мәп ушын буған қол урылғаны белгили болмақта. Бала саўдасы жынаятында қатнасқан шахсалардың 10нын ямаса улыўма дәлдалшылардың 32 процентин медицина тараўының ўәкиллери қурайды.

2019-жылы бала саўдасына байланыслы  жынаятлар 72 шахс тәрепинен исленген болса, соннан 62 си, яғный 86 проценти ҳаял-қызлар болып есапланады.

Соның менен бирге, адам саўдасы менен байланыслы мүрәжатлардың шешилиўиниң нызамлылығы және бул түрдеги жынаятлардың анықланыўы ҳәм судларда көрилиўи, жазаның сөзсиз екенлиги принципиниң тәмийинлениў механизми нәтийжели жолға қойылмағаны ҳаққында сөз етилди. 2019-жылы адам саўдасы жынаяты менен байланыслы келип түскен 710 мүрәжаттан тек ғана 94и, яғный 13 проценти бойынша жынаят иси ашылған.

Соның менен бирге, Миллий баянатшы тәрепинен таярланған адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында 2019-жылы әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлимлемеде атап өтилген усынысларды әмелиятқа енгизиў бойынша «Жол картасы» жойбары көрип шығылды.

Буннан тысқары, мәжилисте усы «Жол картасы» шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында сөз етилди. Соның ишинде, «Миграция ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шығыў, «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққында»ғы кодекс жойбарын халықаралық экспертлер, пуқаралық жәмийети ўәкиллерин тартқан ҳалда және де жетилистириў, Халықаралық мийнет шөлкеминиң 17, 183, 187-санлы Конвенцияларын ратификациялаў мәселесин көрип шығыў режелестирилген ҳәм усы бағдардағы жумысларды буннан былай да жетилистириў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, мәжилисте киши комиссиялар ҳәм аймақлық комиссиялардың есабатлары да тыңланды.

Додалаўлардаң соң усы «Жол картасы» тастыйықланды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы