Ҳүрметли Нурсултан Әбишевич!

Сизиң коронавирус кеселлигине шалынғаныңыз ҳаққындағы хабарды терең тынышсызлық ҳәм үлкен қәўетерлениў менен қабыл еттим.

Өмириңиздеги бул сынақлы ҳәм қыйын ўақытларда биз ушын ҳәмийше шексиз ҳүрмет-иззетке ийе болып келген Сиз, әзиз ағамды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенимди ҳәм жақын көмеклес екенимди және бир мәрте шын жүректен мәлим етпекшимен.

Сөзсиз, қысқа ўақытларда бул вирусты табыслы жеңип өтип, шыпа табыўыңызға ҳәм тәўир болып кетиўиңизге исенемен.

Қәдирли Нурсултан Әбишевич, Сизге, Алла тааладан беккем саў-саламатлық, күш-қуўат, узақ өмир ҳәм жаңа табыслар инам етиўин сорап қаламан.

Тез арада Сиз бенен дийдар көрисиў бахтына миясар боламан деп үмит етемен.

Ҳүрмет пенен,

Өзбекстан Республикасы Президенти

Шавкат МИРЗИЁЕВ

 

ӨзА