Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик Траст фондының жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша «Жол картасы»ның әмелге асырылыўының жәмийетшилик мониторинги нәтийжелерин додалаўға бағышланған онлайн дөгерек сәўбети өткерилди.

17-июнь – Пүткил жәҳән қурғақшылық ҳәм шөлистанлыққа қарсы гүресиў күнине бағышланған илажда «Logos» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми, Өзбеөкстан Экологиялық партиясы ҳәм Өзбекстан экологиялық ҳәрекети, бир қатар экологиялық жәмийетшилик шөлкемлериниң ўәкиллери қатнасты.

Илажда тийкарғы итибар енгизилип атырған «Аралбойы бойынша Жол картасының әмелге асырылыўының жәмийетшилик мониторинги» грант жойбары шеңберинде «Yuksalish» улыўма миллий ҳәрекети, Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў ассоциациясы (АРГО) ҳәм USAIDтың турақлы жәрдеминде әмелге асырылыўы режелестирилген жумысларға қаратылды.

Атап өтилгениндей, 1994-жыл 17-июнь күни БМШ тәрепинен «Шөлистанлыққа қарсы гүрес ҳаққында»ғы Конвенция қабыл етилген. Оны ратификация еткен мәмлекетлер арасында халықаралық бирге ислесиўди орнатыў, халықтың ағымдағы машқала бойынша хабардарлығын арттырыў, сондай-ақ, қурғақшылық ақыбетлерин сапластырыў бойынша илажларды әмелге асырыў үлкен әҳмийетке ийе. Сол себепли Траст фондының жойбарлары Арал апатшылығы ақыбетлериниң алдын алыў, регион халқының саламатлығы ҳәм қоршаған орталыққа шөлистанлықтың унамсыз тәсирин азайтыўға  бағдарланғаны менен де әҳмийетли болып есапланады.

Қәнигелер тәрепинен таярланған «Жол картасын»дағы айырым илажлардың белгиленген мүддетлерде орынланбағаны, пайдаланылмаған имканиятлардың бар екенлиги айтылды. Соның ишинде, жергиликли шөлкемлердиң имканиятлары тартылмағаны сынға алынды. Қоршаған орталықты қорғаў тараўында бир қатар әҳмийетли ҳүкимет ҳүжжетлери орынланыўы үстинен жәмийтшиликтиң қадағалаўы имканиятларынан жетерли дәрежеде пайдаланылмаған. Сондай-ақ, бундай илажларды әмелге асырыўға пуқаралық жәмийети институтлары оғада аз тартылған.

– Ҳәзирги күнги шекем фондқа мәмлекетимизден тысқары, Норвегия, Финляндия сыяқлы мәмлекетлерден 26 миллион муғдарда қаржы тартылған, – дейди «Logos» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми кеңесиниң баслығы Саидрасул Сангинов. – Енди бул қаржылай жәрдемлерден нәтийжели пайдаланыўымыз зәрүр. Онда министрликлер ҳәм уйымлар, орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жәмийетлик шөлкемлер де жуўапкершилик пенен қатнас жасаса, ҳәрекетлер толық орынланса, Аралбойында  тәбийғый жағдай жақсыланыўына алып келеди.

Дөгерек сәўбетиниң қатнасыўшылары аймақта пайда болған экологиялық машқалалар, соның ишинде, жаңа «Аралқум» шөлиниң пайда болыўы, экосистемалар деградациясының даўам етиўи менен байланыслы машқалаларды шешиўде ҳәрекетлерди бирлестириў, жаңадан қатнас жасаў ҳәм инновациялық  технологияларды талап ететуғынын айтып өтти. Додалаўлар бойынша жуўмақлаўшы ҳүжжет жойбарын таярлаў ҳәм зәрүр ўазыйпаларды өз ўақтында әмелге асырыў жағдайы бойынша келисип алынды.

 

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы