USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 17 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎ ТАРАЎЫНА 1 ТРИЛЛИОН СУМНАН АСЛАМ КРЕДИТ РЕСУРСЛАРЫ АЖЫРАТЫЛАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 16-июнь күни хызмет көрсетиў ҳәм ишки туризм тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Илаж алдында мәмлекетимиз басшысы коронавируске байланыслы жағдайға тоқтап өтип, кейинги ўақытта елимизде бул кеселликке шалынғанлардың саны артқанын, ең жаманы, халық арасында да көплеп жүз берип атырғанына итибар қаратты.

Атап айтқанда, Ташкент қаласында соңғы еки ҳәптеде кеселленген 551 пуқарадан 482 си халық арасынан анықланған. 57 жағдайда вирусты жуқтырыў дәреги белгисиз қалып атырғаны ашынарлы. Ташкент, Наўайы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында да сондай қәўетерли жағдай бақланбақта.

-Булардың барлығы коронавирус пенен байланыслы жағдай барған сайын қыйынласып атырғанын көрсетип тур,-деди Шавкат Мирзиёев. –Бүгин пандемияға қарсы гүресиўде сергекликти ҳәм жуўапкершиликти он есеге арттыратуғын жаңа басқыш басланбақта, десек дурыс болады. Қаншелли қыйын болмасын, бул басқышта карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиўимиз шәрт. Ҳәр бир жумысымызды абайлылық пенен, ақыбетин пуқта ойлап, тек ғана өзимиз емес, ал шаңарағымыз ҳәм перзентлеримиз алдындағы жуўапкершиликти терең сезинип орынлаўымыз керек. Болмаса, барлық ис-ҳәрекетлеримиз жоққа шығыўы ҳеш гәп емес. Әдеўир билим ҳәм тәжирийбе арттырған, кеңпейил ҳәм мәрт халқымыз бул басқыштан да, әлбетте, мүнәсип өтетуғынына исенемен.

Республикалық арнаўлы комиссияға өз жумысын қайтадан баслап атырған кәрхана ҳәм шөлкемлер, базар ҳәм саўда комплекслеринде дезинфекция жумыслары және санитариялық қадағалаўды күшейтиў, ғалаба хабар қураллары арқалы халық ҳәм мийнет жәмәәтлери арасында түсиник жумысларын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди. Халыққа хызмет көрсететуғын, олар менен тиккелей қарым-қатнаста болатуғын барлық мәкемелердиң хызметкерлерин коронавирус бойынша турақлы тесттен өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте тийисли басшылар жыйналғанынан пайдаланып, ғәлле зүрәтти орым-жыйынына да тоқтап өтилди.

Бәҳәр айларында жаўын-шашынның жақсы болғаны, пандемия шараятына қарамай материаллық-техникалық ресурслар, минерал төгинлер қосымшасы менен жеткерип берилгени ушын мол зүрәәт жетистирилгени атап өтилди.

Орым-жыйынды ҳәр жылғыға қарағанда ертелеў жуўмақлаў ушын барлық имканиятлардың бар екенлиги, бул ушын жумысты дурыс шөлкемлестирип, өнимди қысқа мүддетте шөлкемлескенлик пенен жыйнап алыў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, ғәлле орылған егислик майданларды шүдигарлап, тәкирарый егинлер егиў бойынша тапсырмалар берилди.

Хызмет көрсетиў тараўы халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде ең үлкен резервлерден бири болып есапланады. Елимизде оның жалпы ишки өнимдеги үлеси 35 процентти қурайды. Халықаралық мийнет шөлкеминиң таллаўларына бола, сервис индустриясының 1 процентке өсиўи кәмбағаллар санын 1,5 есеге қысқартады.

Мәжилисте тараў потенциалынан толық пайдаланылмай атырғаны атап өтилди. Орынларда турмыслық үскенелерди оңлаў устаханалары, химиялық тазалаў шақапшалары, компьютер дизайнерлиги, бухгалтерия, реклама, төлемли медициналық хызмет сыяқлы исбилерменлик субъектлериниң аз екенлиги көрсетип өтилди.

Бул хызмет көрсетиў тараўында жумыс орынларын жаратыў бойынша оғада үлкен имканиятлар бар екенинен дәрек береди. Есап-санақларға бола, бул бағдарда кеминде 160 мың жумыс орнын жаратыў мүмкин.

Мәселен, ҳәзирги күнде Ташкент қаласы, Бухара, Наўайы, Ташкент ўәлаятларында мәлимлеме технологиялары тараўында жылына 50 мың доллар экпорт етилетуғын ҳәм Top Talent рейтингиниң ең жоқары 3 процентине киретуғын 21 жас фрилансер программист бар.

Мәмлекетимиз басшысы сондай қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, халықтың заманагөй хызметлерди үйрениўине шараят жаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Бас министрдиң орынбасарына ҳәкимлер менен бирге ҳәр бир район ҳәм қала кесиминде хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў тапсырылды. Соның менен бирге, тармақты тәртипке салыў, ондағы методология ҳәм статистика мағлыўматларын халықаралық стандартларға бейимлестириў ўазыйпасы қойылды.

Тараўды раўажландырыў қаржы жәрдемисиз болмайды. Сонлықтан Президент Шавкат Мирзиёев хызмет көрсетиў жойбарлары ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 100 миллион доллар ямаса 1 триллион сумнан аслам кредит ресурсларын ажыратыў ҳаққында қарар қабыл етти. Бул қаржылар ҳәм мәмлекетлик, ҳәм жеке меншик банклер арқалы ажыратылады ҳәм кредит ставкасы 15 проценттен артпайды.

Аймақлардың басшылары бул имканияттан нәтийжели пайдаланып, хызмет көрсетиў тараўында көп жумыс орнын жарататуғын ҳәм тез әмелге асырылатуғын жойбарларды қәлиплестириўи кереклиги атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев быйылғы питкериўшилерди оқыў ҳәм жумысқа тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Усы жылы 451 мыңнан аслам жаслар мектеплерди ҳәм 188 мыңы колледжлерди тамамлады. Быйыл қабыллаў көлеминиң кеңейиўи нәтийжесинде олардың 103 мыңы жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳәм 90 мыңы колледж-техникумларға оқыўға киргенде де, басқаларының бәнтлигин тәмийинлеў зәрүр. Сондай-ақ, 71 мың студент жоқары оқыў орынларын питкерди.

– Қайсы ҳәким бул мәселеде бас қатырып, питкериўшилер менен жеке ушырасыўлар өткерди? Жас ул-қызларымыз ертең қай жерге ҳәм кимге жумыс сорап мүрәжат етеди? Аймақта олар ушын жумыс орынларының резерви қәлиплестирилген бе? – деп сораўлар қойды мәмлекетимиз басшысы.

Мәселен, Сурхандәрья ўәлаятында дерлик 2 мың студент педагогика бағдарларын питкермекте. Ҳәзирги ўақытта Сариосиё, Алтынсай ҳәм Узын районларындағы аўыл мектеплеринде муғаллимлер жетиспейди. Ўәлаят ҳәкими ҳәм сектор басшылары усы питкериўшилер менен ушырасып, оларды жумысқа бағдарлаўға жәрдем бериўи керек екенлиги атап өтилди. Бас министрдиң орынбасарларына алыс аймақларға жумысқа баратуғын жас қәнигелерди хошаметлеў, олар ушын басланғыш жәрдем қаржысы ҳәм турақ жай ажыратыў системасын енгизиў бойынша тапсырма берилди.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары минситрлигине Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларда «Жумысқа мәрҳамат» моно-орайларын шөлкемлестириў, жасларды кәсипке ҳәм исбилерменлик тийкарларына үйретиў орынлары және мәҳәлле гүзарларында оқыў курсларын ашыў ўазыйпасы қойылды.

Бизге белгили, 8-июнь күни Өзбекстан Президентиниң «Исбилерменлик жумысы ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған муўапық, өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс түрлери 24 тен 67 ге көбейтилип, руқсат алыў талаплары ҳәм салық төлемлери дерлик бийкар етилди. Бул бәнтликти тәмийинлеў бойынша үлкен ресурс екени атап өтилди.

Орайлық банкке өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде 300 миллиард сум кредит қаржыларын ажыратыў, Қаржы министрлигине исбилерменликти баслап атырған жумыссыз пуқараға 3 ай даўамында имарат-объекттиң ижара төлеми ушын субсидия бериў системасын енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте ишки туризмди раўажландырыў мәселелери де көрип шығылды.

Есап-санақларға бола, бул тараўда 200 мыңнан аслам халықты жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин. Сондай-ақ, туризмге хызмет ететуғын улыўмалық аўқатланыў, транспорт, усақлап сатыў сыяқлы уқсас тармақларда және көплеген жумыс орынлары шөлкемлестириледи.

Бул ушын ҳәр бир аймақта имканият та, саяхатшылардың дыққатына ылайық орынлар да жетерли екени атап өтилди. Мысал ушын, Янгиқўрғон районында 16 дем алыў орнын тиклеў есабынан 1 мың 500 халықты, Бостанлықта 10 мың орынға мөлшерленген көшпели дем алыў орынларын шөлкемлестириў арқалы 8 мыңға шамалас адамды жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин.

Қала берди, Өзбекстанның ески қалаларындағы туристлик имканиятларынан да толық пайдаланылмай атыр. Халық арасында оларды билмейтуғынлар, көрмегенлер еле көп.

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлер менен биргеликте жаңа ишки туризм маршрутларын ашыў, көшпели дем алыў орынларын көбейтиў, медицина ҳәм саламатландырыў туризмин раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Ҳәкимлер ҳәм сектор басшыларына туристлер баратуғын барлық объектлер, мийманхана ҳәм аўқатланыў шақапшаларында карантин қағыйдаларына қатаң әмел етилиўин тәмийинлеў жүкленди.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша Бас министрдиң орынбасарлары, тураў жуўапкерлери ҳәм ҳәкимлер есап берди.

 

ӨзА