Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-июнь күни Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Сума Чакрабарти менен видеобайланыс арқалы сөйлесиў өткерди.
Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Республикасының Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен қатнасықларында соңғы жылларда жоқары дәрежеге ерисилгенин ҳәм нәтийжели өз-ара бирге ислесиў әмелге асырылып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
«Жол картасы» ҳәм ЕТРБның Өзбекстан бойынша стратегиясының биргеликте әмелге асырылыўы себепли бүгин усы банк мәмлекетимизде турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған тийкарғы бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыўда әҳмийетли шериклерден бирине айланды.
Бүгинги күнде жойбарлар портфели дерлик 1,2 миллиард долларды қурап, барлық тийкарғы бағдарларды қамтып алған. Ажыратылып атырған қаржылардың үштен бир бөлеги жеке меншик сектор ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға, соның ишинде, республикада коронавирус пандемиясының унамсыз ақыбетлерин азайтыўға бағдарланбақта. Буннан тысқары, тәреплер улыўма баҳасы 1 миллиард доллар болған жаңа жойбардың усынысларын көрип шықпақта.
Банк экспертлери Өзбекстанда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти, капитал базарды раўажландырыў, банк системасын реформалаў ҳәм экономиканың басқа да тармақлары бойынша нызам ҳүжжетлери ҳәм стратегиялық басламаларды ислеп шығыўда да белсене қатнасты.
ЕТРБ Ташкенттеги ўәкилханасын кеңейтти, Әндижан қаласында офисин ашты. Келеси жылы Үргенш қаласындағы офис өз жумысын баслаўы күтилмекте.
Президентимиз бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжелери ҳаққында сөз айтып, өз-ара исенимди беккемлеў ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ҳәм бул бағдардағы жедел ис-ҳәрекетлери ушын Сума Чакрабартиге шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.
Жетекши халықаралық финанслық институттың басшысы бундай форматтағы ушырасыўдың шөлкемлестирилгени ушын терең миннетдаршылық билдирип, банк Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жаңа реформалардың жолын ҳәм Орайлық Азиядағы регионаллық сиясатты ҳәр тәреплеме, соның ишинде, жойбарлар портфели ҳәм финанслық-техникалық жәрдемниң көлемин кеңейтиў арқалы қоллап-қуўатлаўда исенимли екенин атап өтти.
Сума Чакрабарти Сырдәрья ўәлаятындағы айрықша жағдай ақыбетлерин сапластырыў ҳәм мәмлекетимизде пандемияның кеңнен тарқалыўының алдын алыў бойынша көрилген комплексли илажларды жоқары баҳалады.
Видеосөйлесиў ўақтында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселери ҳәр тәреплеме көрип шығылды. ЕТРБның мәмлекетлик кәрханаларын трансформациялаў ҳәм банклерди меншиклестириўдеги қатнасыўына, энергетика ҳәм нефть-газ тармақларын реформалаўға, ажыратылған кредитлерди нәтийжели өзлестириў, бизнести, соның ишинде, тоқымашылық тармағындағы жойбарларды қаржыландырыўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Жедел сөйлесиў ҳәм алмасыўларды даўам еттириўге, соның ишинде, Ташкент қаласында болажақ Сырт елли инвесторлар кеңесиниң ушырасыўы ҳәм 2023-жылы Самарқанд қаласында ЕТРБ Басқарыўшылар кеңеси мәжилисин өткериўге биргеликте таярлық көриў бойынша келисип алынды.
ӨзА