Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң кеңейтилген мәжилиси болып өтти.
Күн тәртибинен еки әҳмийетли мәселе орын алды. Дәслеп, «Өзбекстан Республикасы пуқараларының әскерий хызметти өтеў тәртиби жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары додаланды.
Жойбарға бола, «Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери резервиндеги хызмет ҳаққында»ғы нызамлардың бир қатар статьяларына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи әскерий хызметти өтеў менен байланыслы бағдардағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириўге, тараўда қолланылатуғын түсиник ҳәм атамалар бир түрде түсинилиўине имканият береди.
Атап айтқанда, нызам ҳүжжетинде әскерий хызметкерлерде Ўатан алдындағы миннетин орынлаўдағы тилегин арттырыў ушын әскерий дәрежелерди бериў, ҳадал ҳәм шын кеўилден орынланған хызмет даўамында әскерий дәрежелерге ерисиў системасына сезилерли өзгерислер киргизилмекте. Өз миннетин шын жүректен орынлаған ҳәр бир хызметкердиң әскерий дәрежелериниң жоқарылап барыўы олардың әскерий хызметке болған мүнәсибетин өзгертеди.
Мәжилис даўамында, сондай-ақ, мәмлекеттиң турақлылығын қәдирлеў ҳәм сақлаў, оның тынышлығы ҳәм қәўипсизлигине зыян келтиретуғын ҳәр қандай ўақыя ҳәм ҳәдийселердиң алдын алыўға қаратылған пикир-усыныслар да билдирилди.
Мәлимлеме технологиялары раўажланған бүгинги күнде ҳәр биримизден бул үлкен мағлыўматлардың ағымынан сергек ҳәм абайлы болыў, елдиң тынышлығы ҳәм қәўипсизлиги көзқарасынан қатнас жасаў талап етиледи.
Жер жүзинде жүз берип атырған ғалабалық демонстрациялар менен байланыслы ўақыя ҳәм ҳәдийселердиң себеплери де ҳәр қыйлы екенлиги атап өтилди. Айырым жағдайларда пуқаралар өз ерки ҳәм ҳуқықларын қорғаў, сондай-ақ, жыйналып қалған социаллық ҳәм экономикалық машқалаларға итибарды қаратыў мақсетинде нызам шеңберинде өткерилип атырған наразылық көринислеринен мәмлекеттиң негизлерине соққы бериўге умтылатуғын ғәрезли нийеттеги күшлер өз мақсетлеринде пайдаланбақта.
Мәлимлемелер жасын тезлигинде тарқалатуғын ҳәзирги дәўирде жер жүзиниң кәлеген орайында жүз берген ўақыядан бир неше секунд ишинде пүткил дүнья халқы хабардар болмақта. АҚШ, Европаның бир қатар мәмлекетлеринде болып атырған көп күнлик демонстрациялар пүткил дүнья жәмийетшилиги тәрепинен дыққат пенен бақланбақта.
Ҳәр қандай демонстрацияны нызам шеңберинен шетке шығылған ҳалда өткериў нәтийжесинде тәртипсизликлердиң келип шығатуғынлығын, бул болса жәмийеттиң социаллық ҳәм экономикалық раўажланыныўына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин екенлигин атап өтиў зәрүр. Нызамшылықта митинглер, демонстрациялар, мәжилислер пуқаралардың сиясий ҳуқықларын әмелге асырыў механизми есапланып, олар демократияның әҳмийетли факторлары, деп тән алынады.
Бирақ, тыныш демонстрациялар тәртипсизлик және басқалардың өмири ҳәм мүлкине зыян жеткериўден парықланыўы, онда елдиң тынышлығы ҳәм қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын унамсыз идеялар болмаўы, олар ғәрез нийеттеги күшлер тәрепинен басқарылмаўы ҳәм әмелге асырылмаўы зәрүр.
Мәжилисте Сўх районында болған ўақыяларға да тоқтап өтилди. Бул ўақыялардың себеплери Өзбекстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлериниң ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен алып барылып атырған тергеў ҳәрекетлери даўамында үйренип шығылады. Бирақ, бул жағдайдан еки қоңсы халық арасындағы дослық қарым-қатнасқа, мәмлекетлеримиздиң аўызбиршилигине зыян келтириўге умтылып атырған күшлердиң пайдаланыўына имканият бермеў керек.
– Бүгинги глобалласыў процесинде информацияға ийелик етиў, оны өз мақсетлери жолында тарқатып билиўге уқыплылық дүньяда жүз берип атырған ҳақыйқатты басқарыў имканиятын бермекте, – дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Алишер Ҳамраев. – Қандайда бир күшлер өзиниң пайдасы жолында пүткил бир халықтың тынышлығы бузылыўына, айырым мәмлекетлердиң социаллық ҳәм экономикалық кризиске ушыраўына себепши болмақта. Сўх районында болған жағдай еки мәмлекет, еки туўысқан халықтың дослығына зыян келтире алмайтуғынлығын атап өтиў зәрүр. Биз жағдайды нызамлы, конструктивлик, ўатансүйиўшилик ҳәм дослық жолы менен шешиўимиз, бирге ислесиўимизди биргеликте даўам еттириў арқалы қара күшлерге мүнәсип соққы бериўимиз зәрүр.
Мәжилис соңында комитет ағзаларына ғалабалық тәртипсизликлер келип шығыўына себепши болып атырған ҳәр қандай мәселелерди ҳәр тәреплеме үйренип, келешекте оларға жол қоймаў, зәрүрлик болса тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша тийкарғы усыныслар киргизиў усыныс етилди.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы