Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-июнь күни миллий экономиканың турақлылығын тәмийинлеўге байланыслы әҳмийетли мәселелердиң додаланыўына бағышланған мәжилис өткерди.
Коронавирус пандемиясы пүткил дүнья ушын үлкен сынақ болмақта. Пайда болған глобал кризис барлық мәмлекетлердиң экономикасына салмақлы тәсир көрсетип атыр. Жәҳән банкиниң прогнозы бойынша 2020-жылы жалпы глобал өним 5,2 процентке, АҚШта жалпы ишки өним 6,1 процентке, Россияда 6 процентке, Европа Аўқамында 9,1 процентке түсиўи күтилмекте. Соның менен бирге, Қытайда 1 процент, Өзбекстанда болса 1,5 процент экономикалық өсим болыўы болжанбақта.
Өткен үш айда елимизде экономиканың тармақларына 2,3 триллион сум салық жеңилликлери берилди, Кризиске қарсы гүресиў қорынан 3,6 триллион сум ажыратылды.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы жаңаша қатнас жасаў ҳәм инструментлерди қолланыў арқалы усы жыл экономикада өсим пәтлерин тәмийинлеў ушын барлық имканиятлар барлығын атап, усы бағдардағы 8 тийкарғы бағдарды көрсетип өтти.
Биринши – экономика ҳәм бюджет турақлылығын тәмийинлеў;
екинши – кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыў;
үшинши – банк системасындағы реформаларды жеделлестириў;
төртинши – тиккелей сырт ел инвестицияларын арттырыў;
бесинши – экспорт потенциалын арттырыў ҳәм валюта түсимлерин тәмийинлеў;
алтыншы – санаатта бәсекиге шыдамлылықты күшейтиў;
жетинши – киши бизнести раўажландырыў;
сегизинши – санлы технологияларды барлық тармақларда кеңнен енгизиў тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленди.
Биринши мәселе додаланып, бюджет түсими ҳәм қәрежетлерин оптималластырыў тапсырылды. Кәрханалардың жумысын қайта тиклеў ҳәм салық ҳәкимшилигин жақсылаў есабынан қосымша дәраматларды тәмийинлеў, сыртқы қарыз келисимлерин дүзиўде белгиленген шеклеўден артпаў бойынша көрсетпе берилди.
Екинши бағдар бойынша усы жыл 810 мың турақлы жумыс орнын қайта тиклеў, 310 мың турақлы ҳәм 633 мың мәўсимлик жумыс орнын жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы жыл 8-июнь күни қабыл етилген «Исбилерменлик жумысы ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарарына муўапық, өзин-өзи бәнт ететуғын жумыс түрлериниң саны 24 тен 67 ге көбейтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Қытай тәжирийбесинен келип шығып, кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған аўылларға министрлик ҳәм уйымларды бириктирип, мүтәж адамларға жәрдем бериў системасын жаратыў, шаңарақлық исбилерменлик ҳәм қыйтақ жерди раўажландырыў бойынша тапсырмалар берди. Мәмлекетлик грант есабынан билим алған студентлерди 3 жыл мүддетте усындай аймақларға мийнет жумысы ушын бағдарлаў усынысы билдирилди.
Бизге белгили, банк системасында үлкен реформалар белгиленген. Мәжилисте бул илажларды жеделлестирип, мәмлекетлик үлеске ийе он банкте трансформация процесин өз ўақтында әмелге асырыў, процент ставкаларын инфляцияға қарсы сиясат пенен үйлескен ҳалда азайтыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы жылы тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм өзлестириў бойынша Бас министрдиң орынбасарларына тапсырмалар берилди.
Пандемия шараятында экспортты арттырыў ҳәм валюта түсимлерин тәмийинлеў оғада әҳмийетли мәселе. Сыртқы базарларда талаптың кескин азайыўы экспорт етиўши кәрханаларымызға әҳмийетли тәсир етпекте.
Усы мүнәсибет пенен, бесинши тийкарғы бағдарда, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине экспорт көрсеткишин 2019-жылғыдан кем болмаған муғдарда тәмийинлеў бойынша қосымша илажларды көриў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте санаатты раўажландырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Айырым тармақларда шийки затты терең қайта ислеў ҳәм қосымша баҳалы өнимлер ислеп шығарыўдың бир тутас шынжыры жаратылмағаны көрсетип өтилди.
Мысал ушын, мысты қайта ислеў 25 процент, жипек жетистириўде 20 процентке де жетпейди. Тармақлараралық кооперация да толық жолға қойылмаған. Соның ишинде, электротехника ҳәм аўыл хожалығы тараўларында өз-ара кооперация есабына кеминде 80 миллион долларлық өним таярласа болады. Ямаса химия санааты тоқымашылық ушын синтетикалық талшық ҳәм полиэстер, автомобиль қурылысы ҳәм қурылыс материаллары тараўына корд ҳәм түрли бояўлар, азық-аўқат санаатына ароматизаторлар жеткерип бериўи мүмкин.
Сонлықтан заманагөй технологиялардың трансферин жолға қойыў, тармақлардың энергия нәтийжелилиги ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыўды нәзерде тутатуғын Санаат сиясатының стратегиясын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Химия, тоқымашылық, қурылыс материаллары, автомобиль қурылысы, электр техникасы және азық-аўқат санаатларына айрықша итибар қаратыў, мәмлекетлик кәрханаларды реформалаў процеслерин жеделлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимизде киши бизнес экономиканың өсиў орайы етип белгиленген. Мәжилисте исбилерменлерге еркин бәсеки орталығын жаратыў ушын жеке мүлкшиликти қорғаўға қаратылған суд-ҳуқық системасын реформалаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жоқары технологиялы тармақларда киши бизнес үлеси азлығы атап өтилип, бундай субъектлерди мәмлекет тәрепинен хошаметлеў механизмин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Аймақларда киши санаат зоналарын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Бизге белгили, 8-июнь күни Президентимиз жанында өткерилген презентация ўақтында санлы технологияларды тез раўажландырыў, оларды барлық тармақларда кеңнен енгизиў ўазыйпалары келисип алынған еди. Бул бағдардағы жумысларды сегизинши тийкарғы бағдарға муўапық шөлкемлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Мәжилисте жуўапкер басшылар экономиканы раўажландырыў бойынша қысқа ҳәм орта мүддетте әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша өз усынысларын билдирди.
ӨзА