Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өткен ўақыт даўамында республикада жер астын комплексли геологиялық үйрениў, узақ келешекке мөлшерленген минерал-шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта толтырыў бағдарламаларының нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў, жер асты байлықларынан ақылға уғрас пайдаланыў және олардың инвестициялық тартымлылығын буннан былай да арттырыў тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша бирден-бир геология хызметин шөлкемлестириў бойынша бир қатар комплексли илажлар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, келешекте усы тараўда пайдалы қазылмалар резервин көбейтиў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў, бәринен бурын аймақларда заманагөй санаат өндирисин шөлкемлестириўде жетерли шийки зат базасын жаратыў ушын төмендегилерге айрықша итибар қаратыў керек:
бириншиден, геология тараўының талаплары ушын зәрүр болған қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын ҳәзирги заман талапларына толық сәйкеслендириў;
екиншиден, геология тараўында билимлендириў, илим ҳәм әмелият арасында үзликсиз байланысты жетерли дәрежеде тәмийинлеў, жер ҳаққындағы илимлер, соның ишинде, олардың фундаментал бағдарлары ҳәм әмелият арасында реал интеграцияласыў процеси ушын шараятлар жаратыў;
үшиншиден, жер ҳаққындағы илимлер тараўындағы илимий қолланбаларды коммерцияластырыўдың анық нормалары ҳәм нәтийжели механизмлерин енгизиў;
төртиншиден, кадрларды таярлаў системасында материаллық жақтан хошаметлеў механизмлерин жаратқан ҳалда жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳадал ҳәм жоқары маман хызметкерлерди тартыў.
Геология тараўындағы илимий изертлеўлердиң нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў, оқытыўдың заманагөй усылларынан кеңнен пайдаланыў, геология тараўында жоқары маман кадрларды таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, сондай-ақ, билимлендириў процесиниң материаллық-техникалық базасын алдынғы сырт ел технологиялары тийкарында беккемлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети (кейинги орынларда – Мәмлекетлик геология комитети), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң геология тараўында билимлендириў, илимий-изертлеў ҳәм әмелият интеграциясына қәнигелескен, Мәмлекетлик геология комитетиниң шөлкемлестириўинде мәмлекетлик мәкеме түриндеги Геология илимлериниң университетин (кейинги орынларда – Университет) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Төмендегилер Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
геология тараўының илимий-изертлеў, өндирис ҳәм басқа да ўазыйпалары менен тығыз байланысқан ҳалда, жоқары маман ҳәм заманагөй пикирлейтуғын жоқары мағлыўматлы кадрларды халықаралық билимлендириў стандартларына муўапық таярлаў;
заманагөй билимлендириў бағдарламаларын ҳәм түрлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў, оқыў процесине алдынғы педагогика ҳәм мәлимлеме технологияларын ҳәм илим менен техниканың жаңа жетискенликлерин қолланыў, илимий-педагогикалық потенциалды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў;
илим ҳәм билимлендириўдиң тығыз бирге ислесиўи ҳәм үзликсизлиги принципи тийкарында, сондай-ақ, дүнья жүзи билимлендириў ҳәм илимий жәмийетшилигине интеграцияласыўын тәмийинлеў есабынан қәнигелер ҳәм илимий-педагог кадрларды таярлаў сапасын арттырыў;
геология тараўында билимлендириў, илим ҳәм әмелияттың үзликсиз интеграцияласыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық жойбарларға қәбилетли студентлерди кеңнен тартыў, оларды нәтийжели хошаметлеў механизмлерин енгизиў;
пайдалы қазылмалардың жаңа түрлерин анықлаў, оларды геологиялық жақтан үйрениў ҳәм санаатта өзлестириўдиң заманагөй усылларын, инновациялық ҳәм санлы технологияларды енгизиўге бағдарланған илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў;
жер ҳаққындағы илимлер тараўындағы илимий қолланбаларды коммерцияластырыўдың анық нормалары ҳәм нәтийжели механизмлерин ислеп шығыў, олардың нәтийжелерин геология тараўының әмелиятына кеңнен енгизиў;
сырт мәмлекетлердиң жетекши билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў орайлары, бизнес-жәмийетшиликлери ҳәм халықаралық геологиялық жәмийетлер менен узақ мүддетли бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеў;
геология тараўының хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў, жәҳән геология илими ҳәм әмелиятында ерискен жетискенликлер ҳәм жаңалықларды терең үйретиў тийкарында оларға жеткериў, сондай-ақ, оқыў бағдарламаларын жетилистирип барыў;
пайдалы қазылмалар үлгилериниң коллекцияларын жыйнаў, сақлаў ҳәм толықтырып барыў, сийрек ушырасатуғын ҳәм илимий-ағартыўшылық әҳмийетке ийе басқа да экспонатларды жаратыў, сондай-ақ, жер асты байлықлары ҳәм геологиялық көп түрлилик ҳаққындағы мағлыўматларды жәмийетшилик арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў.
- Мәмлекетлик геология комитети:
бир ай мүддетте Университет уставының ислеп шығылыўы, тастыйықланыўы ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;
еки ай мүддетте жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери ушын белгиленген нормалар ҳәм алдынғы халықаралық тәжирийбени өзинде жәмлеген Университеттиң шөлкемлестириўшилик структурасының ислеп шығылыўы ҳәм тастыйықланыўын;
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-сентябрьге шекем Университет профессор-оқытыўшыларының қурамын жоқары маман кадрлар менен, соның ишинде, илимий-изертлеў институтларының илимий хызметкерлери есабынан толықтырылыўын тәмийинлесин.
- Университет Мәмлекетлик геология комитети, таў-кән санааты кәрханалары ҳәм экономиканың басқа да тармақлары ушын геология бағдарындағы маман кадрлар таярлаў ҳәм илимий-изертлеў жумысларын орынлаў бойынша республиканың қәнигелескен жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемеси есапланатуғыны;
Ҳ.М.Абдуллаев атындағы Геология ҳәм геофизика институты, Минерал ресурслар институты, Гидрогеология ҳәм инженерлик геология институты, Нефть-газ кәнлери геологиясы ҳәм излеў институты, Геология тараўы кадрларының қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў институты ҳәм Мәмлекетлик геология музейи Университеттиң қурамына киретуғыны;
Университетке студентлер Мәмлекетлик геология комитетиниң буйыртпаларына тийкарланып қәлиплестирилетуғын ҳәм ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў параметрлеринен келип шыққан ҳалда мәмлекетлик буйыртпа ҳәм төлемли-контракт тийкарында қабыл етилетуғыны;
Университетте кадрлар усы қарардың 1-қосымшасында келтирилген бағдарлар (қәнигеликлер) бойынша таярланатуғыны;
Университетте студентлер Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик билимлендириў стандартлары тийкарында геология ҳәм кәншилик бағдарындағы жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери, соның ишинде, Санкт-Петербург кәншилик университетиниң (Россия Федарациясы) қоспа билимлендириў бағдарламалары бойынша, олар менен ерисилетуғын келисимлерге муўапық оқытылатуғыны;
Университет тийислисинше Мәмлекетлик геология комитети системасындағы шөлкемлер ҳәм «Өзбектелеком» АЖның Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, Олимлар көшеси 43, 45, 49, 64-жай мәнзиллериндеги, Университеттиң автогаражы болса Ташкент қаласы, Яшнабад районы, М.Ашрафий көшеси 70-жай мәнзилиндеги бар ҳәм жаңадан қурылатуғын имарат ҳәм объектлерде жайластырылатуғыны ҳәм олар оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында Университетке берилетуғыны.
Онда, «Өзбектелеком» АЖ устав капиталындағы мәмлекетлик үлеси Университетке берилип атырған объекттиң баланс (қалдық) баҳасына азайтылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Университеттиң жумысы төмендеги дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны:
студентлерди мәмлекетлик грантлар тийкарында оқытыў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң Мәмлекетлик геология комитетине ажыратылатуғын қаржылары;
Университитет тәрепинен Мәмлекетлик геология комитети менен келисилген ҳалда белгиленетуғын төлемли-контракт тийкарында студентлерди оқытыўдан түсетуғын қаржылар;
ҳәр жылғы минерал шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта толықтырыў мәмлекетлик бағдарламаларда нәзерде тутылған қаржылар;
Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен өткерилетуғын таңлаў нәтийжелери бойынша ажыратылатуғын грантлар;
республикалық ҳәм халықаралық финанс шөлкемлериниң грантлары;
Университет тәрепинен шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Университетке академиялық еркинлик ҳәм өзин-өзи қаржыландырыў ҳәм финанслық турақлылықты тәмийинлеў принциплери тийкарында хожалық жумысын әмелге асырыў ҳуқықы берилсин.
- Геология илимлери университетиниң Геоинновациялық технологиялар орайы (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестирилсин.
Орайда:
жер астын геологиялық жақтан үйрениў, ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қорғаў тараўында изертлеўлер ҳәм қолланбаларды буннан былай да раўажландырыў ушын алдынғы илимий-техникалық база жаратылатуғыны ҳәм нәтийжели жумыс алып барылатуғыны;
минерал шийки затты үйрениўдиң жаңа усылларын ҳәм технологияларын ийелеген маман кадрлардың жаңа әўлады тәрбияланатуғыны;
нәтийжеде, жер асты байлықларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириў ҳәм материаллық баҳаларды қайта толықтырыўға бағдарланған ойлап табыўшылық идеялары ҳәм жойбарларының қәлиплесиўи ушын сийрек ушырасатуғын изертлеў майданшасы, излениўшеңлик ҳәм ойлап табыўшылық орталығы жаратылатуғыны;
глобал инновациялық системаға интеграциялаў, заманагөй бәсекиге шыдамлы усыллар ҳәм технологиялық шешимлер жаратыў ушын инвестициялар ҳәм алдынғы технологияларды тартыўға, сондай-ақ, илимий-техникалық ҳәм инновациялық бағдарламаларда, халықаралық конкурслар ҳәм грантларда белсене қатнасыўға имканиятлар жаратылады.
Орайды үскенелеў ушын заманагөй лабораториялық-технологиялық үскенелер ҳәм инвентарьлардың дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Мәмлекетлик геология комитети, «Наўайы КМК» АЖ ҳәм «Алмалық КМК» АЖның Орайды заманагөй лабораториялық-технологиялық үскенелер ҳәм инвентарьлар менен тәмийинлеў «Наўайы КМК» АЖ ҳәм «Алмалық КМК» АЖ тәрепинен тең үлеслерде ажыратылатуғын қәўендерлик қаржылары есабынан әмелге асырылыўы ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
«Өзбекстан Стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў агентлиги жанындағы Аккредитация орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы белгиленген тәртипте Орай лабораторияларының аккредитациядан өткерилиўин тәмийинлесин ҳәм соңғылығында Орайдың халықаралық тән алынған аккредитация уйымларында аккредитациядан өтиўине жәрдем берсин.
- 2022-жыл 1-январьға шекем Университеттиң жумысын тәмийинлеў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимге муўапық импорт етилетуғын китаплар, журналлар, оқыў әдебиятлары, программалық тәмийнатлар, заманагөй мәлимлеме-коммуникация қураллары, оқыў ҳәм илимий лабораториялар ҳәм жумсалатуғын лаборатория материаллары (реактивлер, химиялық ыдыс, комплектлеўши, биологиялық материаллар ҳәм басқа да объектлер), сондай-ақ, 2-қосымшаға муўапық Орай ушын «Геолтехтәмийнат» мәмлекетлик кәрхана тәрепинен импорт етилетуғын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын үскенелер ҳәм инвентарьлар бажыхана бажысынан азат етилсин.
- Мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде «Санлы геология» ҳәм «Таў жыныслары ҳәм минералларының миллий электрон базасы» жойбарлары әмелге асырылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Мәмлекетлик геология комитети 2021-жыл 1-мартқа шекем:
пайдалы қазылмалардың бирден-бир электрон платформасын ислеп шықсын;
Университетте санлы аэро-космослық суўретлерден пайдаланған ҳалда пайдалы қазылма кәнлерин аралықтан турып зондлаў бойынша тәжирийбесин арттырыў курсларын енгизсин.
- Университеттиң жумысын өз ўақтында жолға қойыў ҳәм белгиленген ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, бурынғысынан басқаша тәризде:
«Геолтехтәмийнат» мәмлекетлик кәрханаға – Орайды үскенелеў ушын усы қарарға 2-қосымшада нәзерде тутылған заманагөй лабораториялық-технологиялық үскенелер ҳәм инвентарьларды сатып алыў ушын техникалық тапсырмаларды «Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Жойбарлар ҳәм импорт контрактларын комплексли экспертизалаў орайы» МУКта мәжбүрий экспертизадан өткермеўге;
Мәмлекетлик геология комитети системасында жумыс ислеп атырған шөлкемлерге – ҳәр жылғы минерал шийки зат базасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларын орынлаў ушын геологиялық-излеў жумысларына өз-ара және илимий-изертлеў ҳәм лабораториялық-таллаў жумысларына Университет пенен тиккелей шәртнамалар дүзиўге рухсат берилсин.
- Мәмлекетлик геология комитети ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2020-жыл 1-сентябрьге шекем:
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы менен биргеликте 2020/2021 оқыў жылы ушын Университетке студентлерди қабыл етиў процесиниң талапқа сай өткерилиўин тәмийинлесин;
оқыў процесине алдынғы билимлендириў методикалары ҳәм технологияларын, билим дәрежесин баҳалаў механизмлерин енгизиў, сондай-ақ, әмелий сабақлар ҳәм оқыў өндирислик әмелиятларының даўамлылығын арттырыўды нәзерде тутатуғын Университеттиң пән бағдарламаларын ҳәм оқыў режелерин ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын;
Университет жанында жетекши геология ҳәм кәншилик бағдарындағы сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң, соның ишинде, Санкт-Петербург кәншилик университетиниң арнаўлы улыўма тәлим ҳәм базалық техникалық пәнлерди оқытыўға қәнигелескен Басланғыш инженерлик таярлаў орайын шөлкемлестирсин.
Университет жанындағы Басланғыш инженерлик таярлаў орайының питкериўшилери өз оқыўларын қәнигелиги бойынша Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәмлекетлик геология комитетиниң абырайлы билимлендириў мәкемелери менен келисиўине тийкарланып сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде, соның ишинде, Санкт-Петербург кәншилик университетинде ямаса Университетте даўам етиретуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
2020-2021-оқыў жылында Университет студентлерин қабыл етиў ҳәм оқытыў процесин өз мүддетинде шөлкемлестириў мақсетинде, биринши оқыў жылында оларды И.Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техникалық университетиниң таў-кән жумысы факультети ҳәм оқыў-лаборатория имаратларында билим алыўына шараят жаратып берсин;
Мәмлекетлик геология комитети менен биргеликте бир ай мүддетте усы қарардың 1-қосымшасына муўапық Университетте таярланатуғын қәнигеликлердиң дизимин инабатқа алған ҳалда, Жоқары билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери классификаторына белгиленген тәртипте өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўин тәмийинлесин.
Университет 2020-2021-оқыў жылында И.Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техникалық университети имаратына тегин пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
- Төмендегилер:
Геология илимлери университетин шөлкемлестириў ҳәм онда илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясын жолға қойыў бойынша «жол картасы» 3-қосымшаға муўапық;
Геология илимлери университетинде санаат кәрханаларындағы геология тараўына байланыслы машқалаларды шешиўге қаратылған илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыўдың мақсетли бағдарламасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары усы қарардың 3 ҳәм 4-қосымшаларында нәзерде тутылған илажлар ҳәм илимий-изертлеў жойбарларының өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў ушын жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
- Геология илимлери университетиниң Қәўендерлик кеңесиниң қурамы 5-қосымшаға муўапық татстыйықлансын.
Төмендегилер Университет Қәўендерлик кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
жер астын геологиялық жақтан үйрениў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оны қорғаў тараўында жоқары билимлендириўди раўажландырыўға бағдарлайтуғын жаңа түрлер, бағдарламалар ҳәм перспективалы басламаларды қоллап-қуўатлаў, илимий қолланбалардың нәтийжелерин геология-излеў жумыслары әмелиятына нәтийжели енгизиў;
Университеттиң билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў потенциалын раўажландырыўдың перспективалы бағдарларын белгилеў, бирге ислесиў келисимлерин дүзиў әмелиятын раўажландырыў ҳәм оларды әмелге асырыў;
илимий-техникалық қолланбаларды қаржыландырыў ҳәм стратегиялық жойбарларды әмелге асырыў ушын республикалық ҳәм халықаралық грант қаржыларын тартыўға жәрдем бериў;
Университетти турақлы раўажландырыўды тәмийинлеў ушын қәўендерлик қайыр қомлық қаржыларын, техникалық қоллап-қуўатлаў (грантлар) ҳәм бюджеттен тысқары басқа қаржыларды тартыў;
Университеттиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оны заманагөй оқыў-лаборатория ҳәм тәжирийбе-санаат үскенелери менен тәмийинлеўге жәрдем бериў;
Билимлендириў ҳәм илим тараўында халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм раўажландырыў;
мәмлекет, жәмийет ҳәм бизнес структуралары менен питкериўшилерди жумысқа жайластырыў бойынша және де нәтийжели бирге ислесиў;
Университеттиң педагог, илимий ҳәм басқа да хызметкерлериниң шараятларын ҳәм социаллық тәмийнатын жақсылаў.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәмлекетлик геология комитети, Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 8–июнь