USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 17 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

БАРЛЫҚ РЕФОРМАЛАРЫМЫЗ – ИНСАН ФАКТОРЫ, БАХТЫ, САЛАМАТЛЫҒЫ ҲӘМ АБАДАНЛЫҒЫНА ҚАРАТЫЛҒАН

Барча ислоҳотларимиз – инсон омили, бахти, саломатлиги ва фаровонлигига қаратилган

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев халықтың турмысы, социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен танысыў мақсетинде 5-июнь күни Фергана ўәлаятына келди.

Пүткил дүньяны пандемия үлкен қәўетерге салған болса-да, өмир даўам етпекте. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында болғанындай, Фергана ўәлаятында да усы жылы барлық тараўларда гөзленген мақсетлерге ерисиў жолында избе-из ҳәрекетлер алып барылмақта. Тийкарғы мақсет болса  адамларды бүгинги турмысынан разы етиў, реформалардың нәтийжесин сезиниў болып есапланады.

Бул бағдарда ўәлаятта 2019-2022-жылларда улыўма баҳасы 26,5 триллион сум болған 688 жойбар әмелге асырылыўы белгиленген болып, усы жылдың өзинде 544 жойбарда 7,6 триллион сумлық инвестицияларды өзлестириў нәзерде тутылған. Әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде бүгинги күнге шекем 571 жойбарда 6,8 триллион сум инвестиция өзлестирилип, 11 мың жаңа жумыс орны  шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Қўштепа районындағы «Турсунов Юсуфжон ери» фермер хожалығында болды. Бул жерде 50 гектардан ғәлле, 30 гектар жерден пахта жетистирилмекте. Президентимиз ғәллениң раўажланыўын көзден өткерди. Гектарынан 82 центнер өним алыў күтилмекте.

Усы жерде аўыл хожалығы тараўы  жуўапкерлери ҳәм қўштепалы фермерлер менен сөйлесиў болды.

– Ҳәр бир аймақтың жери, ресурслары, имканиятлары өзине тән. Бүгин Ферганаға келиўимизден мақсет – бул имканиятларды толық жолға қойып, адамларға жумыс орнын, дәрамат орайы ушын шараят жаратыў, ҳәр бир район бойынша анық реже қәлиплестириў. Қандай мийнет етсек, сондай турмыс болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Хожалық атызы жанында «Grapes and Gardens Investment» компаниясы тәрепинен интенсив бағ да жаратылған. 100 гектарда ерик, 52 гектарда черешня егилген. Тамшылатып суўғарыў, жасалма сая түсириў үскенелери орнатылған.

Испания ҳәм Франциядан алып келинген ерик сортының өнимдарлығы оғада жоқары. Бул экспортта әҳмийетли фактор болады. Бүгинги күнде бағ участкалары кооперация тийкарында тәжирийбели исбилерменлерге берилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы теректиң қатар арасына  чеснок ҳәм собықлы егинлер егиў, бундай бағларды көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Усы жерде аўыл хожалығы ҳәм агросанаат жойбарларының презентациясы өткерилди. Атап айтқанда, тоғай хожалықлары ҳәм «Меҳригиё» кәрханасы менен биргеликте дәрилик өсимликлер жетистириў ҳәм қайта ислеў, қыйтақ жерди  раўажландырыў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, тамшылатып суўғарыўды кеңнен енгизиў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы жойбарлар усыныс етилди.

Бүгинги күнде елимиздиң тәбиятында ушырасатуғын шыпалы өсимликлерден дәри-дәрмақ ҳәм препаратлар ислеп шығарыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. «Меҳригиё» кәрханасы дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм оларды қайта ислеў тийкарында 130 ға шамалас шыпалы шай, шербет ҳәм пал өнимлерин таярлайды.

Бурыннан адамның саламатлығын беккемлеўде дәрилик өсимликлерден кеңнен пайдаланылған. Бул заманагөй медицинада да өзин дәлийллеген, нәтийжеде фитотерапия жыл сайын раўажланып бармақта. Кәрханада тек елимиздиң тәбиятында ушырасатуғын емес, ал сырт елден алып келинген өсимликлер үлгилерин өсириў де жолға қойылған.

Президентимиз экологиялық таза дәри-дәрмақлардың түрин көбейтиўде илимий-изертлеў институтларының илимпазлары менен бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Суў тәмийнатына байланыслы машқалалар дүньяда жылдан-жылға әҳмийетли болып бармақта. Соның ушын Ферғанада суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, бул бағдарда үнемлейтуғын технологияларды енгизиўге 50 миллион доллар ажыратылатуғын болды.

Мәмлекетимизде тийкарғы дәрамат үлгилеринен болған  халық үйлериндеги қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша арнаўлы система жаратылған. Президентимиз бул системаның имканиятларынан пайдаланылмай атырғанлығы, «Қыйтақ жер хызмети» жумысы сезилмей атырғанлығын кескин сынға алды.

Буннан соң Президентимиз Тошлоқ районындағы «Уз-Сеганг» қоспа кәрханасының жумысы менен танысты.

Фергана ўәлаятындағы мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен Қувасай қаласы, Алтыарық, Бесарық, Ферғана, Қува ҳәм Үшкөпир районларында 20 кластер жумыс ислемекте. 2020-2021-жыллар даўамында  усы кластерлер тәрепинен улыўма баҳасы 253,4 миллиард сумлық 172 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген.

Мәмлекетимизде азық-аўқат егинлериниң майданын кеңейтиў, жаңа бағлар, әсиресе, интенсив бағлар жаратыўға үлкен итибар қаратылмақта. Бул тегиннен емес. Себеби қуяшлы елимизде жетистирилип атырған экологиялық таза, ҳәр қыйлы мийўе-овощлар сырт елде де өтимли болып, жоқары абырайлы брендке – товар белгисине айланбақта. Бул бағдарда мийўе-овощ жетистириў кластерлери шөлкемлестирилип, тараўда көп жыллық тәжирийбеге ийе, өнимлерди сақлаў ҳәм қайта ислеў инфраструктурасы бар исбилерменлердиң оған тартылғаны жақсы нәтийже бермекте.

Ферғанада бағшылық бойынша үлкен тәжирийбе мектеби бар. Бул жерде жетистирилип атырған ерик, шабдалы, қәрели, алмурт, черешня, әнжир, гранат, беҳи, жүзим, помидор, қыяр, пияз, чеснок ҳәм басқа да көплеген мийўе-овощ жетистириў кәрханалары тәрепинен 288 мың тонна өним жетистирилип, 120 мың  тоннасын экспортқа бағдарлаў режелестирилген. Оның ушын сыйымлылығы 330 мың тоннадан аслам болған суўытқышлы қоймаханалар, 25 логистика орайы, 90 қайта ислейтуғын кәрхана жумыс ислемекте.

Жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги «Уз-Сеганг» қоспа кәрханасы жылына 16 мың тонна аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм экспорт етиў қуўатлылығына ийе. Бул жерде 100 миллиард сум есабынан заманагөй логистика орайы шөлкемлестирилген. Италия, Түркия, Қубла Корея ҳәм Қытайдан алдынғы технологиялар алып келинип орнатылған.

Мәселен, Италияның ICEOL технологиясы черешняны реңи ҳәм үлкенлиги бойынша таңлап, қадақлайды. Сапасызларын лазер нуры арқалы анықлап, бөлек жайластырады. Қубла Кореядан келтирилген SNP линиясы гранатты тап усындай етип таңлайды. Мийўениң  ишиндеги писпеген ямаса ширип баслаған жерин де анық көрсетеди. Бул тутыныўшылардың исенимине ерисип, экспортты раўажландырыўда әҳмийетли орын тутпақта. Кәрхана өнимлери халықаралық «Global G.A.P.» сиртификатына ийе.

Быйылғы жылы Қытай, Қубла Корея, Бирлескен Араб Әмирликлери, Польша, Россия, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлерге 20 миллион долларлық өнимлер экспорт етиледи. Компанияда  250 жигит-қыз жумыс пенен тәмийинленген.

Президентимиз бул кәрхананы турақлы шийки зат пенен тәмийинлеў мәселесине итибар қаратты. Оның ушын оған муўапық аймақтағы бағларды бириктириў, жаңа бағлар ҳәм лаборатория шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.

Бүгин мәмлекетимиз экономикалық сиясатының тийкарғы  мәниси – жергиликлилестириў, бәсеки, жумыс орны, дәрамат. Ҳәр бир кәрхананы шөлкемлестириўге усы көзқарастан қатнас жасалмақта.

Ферғана районында иске қосылған «Экокерама» жуўапкершилиги шекленген жәмийет те усындай.

Бул жерге сапар етиў ўақтында Президент Шавкат Мирзиёев елимиздиң пайдалы қазылмаларға бай екенлиги, бирақ олардың арасында таярланатуғын материаллар үлкен муғдарда сырттан алып келинип атырғанына итибар қаратты.

Мәселен, Әндижан ўәлаятында кальцит, Самарқандта кварц, Ташкент ўәлаятында каолин, Қашқадәрьяда дала шпаты ҳәм Ферғанада доломит шийки заты бар. Бирақ жылына дерлик 650 мың дана сантехника товарлары импорт етилген.

– Сонша имканият бола турып, бизлер кимди бағып атырмыз? Халқымызды бақсақ болмай ма? – деп ҳақылы сораў қойды Президент. – Мәмлекетимиздиң ҳәр бир қарыс жери, ҳәр бир байлығы халықтың жан басына дәраматты көбейтиўге хызмет етиўи керек.

«Экокерама» жылына 500 мың дана 20 түрдеги сантехника өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Яғный, импорттың көпшилик бөлегиниң орнын толықтырады. Буннан тысқары, регионымыз мәмлекетлеринде 50 миллион долларлық базар бар. Кәрхананың қуўатлылығын арттырып, өнимлердиң 60 процентин экспортқа бағдарлаў режелестирилген. 100 процент жергиликли шийки заттан пайдаланыўы ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялардың қолланылыўы себепли «Экокерама» өнимлери сырт елли альтернативлерге салыстырғанда арзан болады.

Кәрхананың жойбар баҳасы 15 миллион доллар. Соның ишинде, 11 миллион доллар тиккелей инвестиция тартылған. Ҳәзирги ўақытта 500 адам жумыс пенен тәмийинленип, тест режиминде дәслепки буйымлар таярланған.

Мәмлекетимиз басшысы бул кәрхананы кластерге айландырыў, карьерлер ажыратып берип, кеминде 30 жыллық шийки зат резерви менен тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти. Кәрханаға өнимлерди сатыўда жәрдемлесиў, атап айтқанда, қурылыс материаллары базарларында дүканларды шөлкемлестириў, мәмлекет тәрепинен қурылып атырған объектлерде усы сантехника буйымларынан пайдаланыў бойынша көрсетпелер берди. Өз гезегинде, компания басшыларына өнимлердиң номенклатурасын кеңейтиў, басқа ўәлаятларда да усындай кәрханалар ашып, және де көп жасларды жумыс пенен тәмийинлеў усыныс етилди.

Усы жерде Ферғана ўәлаятында быйылғы жылы әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясы өткерилди. Атап айтқанда, жеңил санааттағы жойбарлар нәтийжесинде пахта талшығын қайта ислеў көлеми кескин артады. Быйылғы жылдың ақырында ийирилген жипти қайта ислеў дәрежеси 56 процентке, келеси жылы 71 процентке жетеди. Алдын ўәлаятта жәми 80 миллион доллар муғдарында пахта талшығы әпиўайы шийки зат сыпатында сатылған болса, быйылғы жылы дерлик 314 миллион долларлық таяр өним экспорт етиледи. Бул көрсеткишти 2021-жылы 540 миллионға, келешекте 1 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.

Улыўма, ўәлаятта 2020-жылы 913 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 62 мың 375 жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған.

Президент Шавкат Мирзиёев Марғиландағы Өнерментлер орайын барып көрди.

Марғилан әзелден өнерментлер қаласы болған. Жақында бул жерде шебер уста Иброҳимжон Султоновтың басламасы менен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында Өнерментлер орайы қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. 600 уста жумыс баслап, 200 ден аслам түрдеги атлас ҳәм адрас тоқыў, гилемшилик, турмыслық хызмет, тигиўшилик, өнерментшилик өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылды. Олар тәрепинен 2 мыңға шамалас ҳаял-қыз, жаслар жумысқа тартылды.

– Мениң ең үлкен реформам – ҳәр бир шаңарақтың нуры болған аналарды, ҳаял-қызларды разы етиў. Сизлердиң көзиңиздеги исенимди, үмитти көрип бахытлы инсанман. Ҳаял-қызларды қаншелли разы етсек, Жаратқан бизлерге күш-қүдирет, елимизге тынышлық-парахатшылық береди. Пүткил дүнья жүзи пандемия ақыбетинде үлкен қыйыншылыққа ушырап атыр. Бундай шараятта мине усындай кәрханаларды иске қоса аламыз деп, ҳеш ким исенбеген еди. Бул – Ферғанадағы өзгерислердиң басланыўы, қарлығашы. Қуда қәлесе, нәтийжелеримиз буннан да жоқары болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Еки қабатлы орайдың төменги қабатында атлас, адрас, шайы, бахмал, беқасам гезлемелер тоқылады. Биринши қабаттан таяр өнимлердиң көргизбеси, подиум, кийим тигиў устаханасы орын алған. Бул жердеги дүканда гезлемеге гүл сызыў, байлаў, дөгерегин, қәддин таярлаў процесслери көргизбели тәризде көрсетиледи.

Имараттың жоқары қабатында гилем цехы жайласқан. Бул жерде барлық өнимлер толық қол мийнети жәрдеминде, 100 процент таза жипектен тоқылады.

Өнермент Иброҳимжон Султоновтың «Исмоилжон гилемлери» кәрханасының өнимлери пүткил дүнья жүзине белгили. Өнерментлер орайында да өнимлердиң сапасы жоқары. Ҳақыйқый жипекке тәбийғый бояўлардан гүл сызып, гезлеме тоқылады. Сол себепли бул өнимлерге ҳәзирден баслап қарыйдар таяр.  Гилемлер тийкарынан Түркияға, атлас, адрас гезлемелер АҚШ, Италия, Франция, Россия, Қазақстан, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етиледи.

Ҳәзирги ўақытта тигиўшилерге 3,5 миллион сумға шекем айлық бериледи. Орай 600 жумысшыға мөлшерленген, ҳаял-қызлардың қалғаны жумысты бөлип алып ислеў тийкарында үйде отырып мийнет етеди.

– Өткен жылы Қоқандта өткерилген Халықаралық өнерментшилик фестивалында пүткил дүнья жүзинен келген өнерментлердиң өнимлерин көрип үлкен заўық алдым ҳәм келеси жылы өзимниң өз алдына өнерментшилик мектебимди ашаман деп нийет еткен едим, – дейди Иброҳимжон Султонов. – Бул жерде Ферғананың ески өнерлериниң үгит-нәсиятланыўы менен бирге ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди. Орайымызда тек ғана атластың 160 дан аслам түри тоқылады. Бул арқалы ески өнерментшилик дәстүрлеримизди келеси әўладларға жеткерип, халқымыздың бийбаҳа мәдений мийрасы сыпатында жасаўы ушын тийкар жаратамыз.

Марғилан – Ферғана ойпатының туристлик мәнзиллеринен бири. Өнерментлер орайы усы қаланың туристлик потенциалын арттырыўға хызмет етеди. Ески буйымлар менен танысқан туристлер бул жерге келип атлас, адрас тоқыў процесин тиккелей бақлаў имканиятына ийе болады, және өзи қәлеген өнимди сатып алады, усы жердеги кийим тигиў устаханасында өз қәлеўине сай липас тиктирип кийип кете береди. Орайдың имаратында банк шақапшасы жумыс алып барады, фотогалерея шөлкемлестирилген.

Орайда ҳәптениң белгили күнинде миллий гезлемелерден тигилген липаслардың көргизбелери өткериледи. Буның менен Марғилан өнерментшилик дәстүрлерин дүнья жүзине көрсетиў ҳәм ишки туризмди раўажландырыў нәзерде тутылған. Буның ушын сырт елли дизайнерлер тартылған.

Ҳәзир әйне пилле мәўсими. Ферғана районында 32 мың мәўсимлик жумысшы усы тараўда мийнет етпекте. 4 мың 800 турақлы жумыс орны жаратылған. Районда тут нәлин жетистириў хожалықлары, наўқан қуртының туқым заводы, 5 пиллени қайта ислеў кәрханасы, буннан тысқары, гезлеме таяр кийим-кеншек тигетуғын оннан аслам кәрхана бар.

– Өзбекстанда жипек санааты кәрханалары толық кластер системасына өтти. Яғный, от-жем базасын таярлаўдан баслап наўқан қурт бағыў, жипектен гезлеме, таяр кийим-кеншек ҳәм базарда өтимли гилемлер тоқыў жолға қойылды, – дейди «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясының баслығы Баҳром Шарипов. – Быйыл Ферғана ўәлаятында 1 мың 950 тонна пилле жетистириледи ҳәм таярланған өнимлердиң 90 проценти экспорт етиледи. Ўәлаятта өткен жылы 5 миллион долларлық өним сырт елге сатылған болса, быйыл 8 миллион долларға жеткериў режелестирилген. Бул жипек санааты кәрханаларының экономикамыздағы орны барған сайын беккемленип атырғанынан дәрек береди.

Усы жерде ўәлаятта жипекшилик тараўында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Мәмлекетимиз басшысы тармақ кәрханаларына жер ажыратып, жумыс орынларын көбейтиў, адамларға ҳәзирги қыйын шараятта экономикалық жәрдем бериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Президентимиз Ферғана ўәлаятында кәмбағал халық пенен ислесиў системасы бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар менен де танысты. Министрликлер ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен бул бағдарда Тошлоқ районы мысалында жойбарлар ислеп шығылған болып, мәмлекетимиз басшысы презентация ўақтында айырым банклер елеге шекем жаңаша жумыс ислеўге өтпегенин сынға алды.

Жуўапкерлерге Тошлоқ мысалында ўәлаяттың барлық районларында ыссыханалар, қусшылық, пиллешилик, қоян өсириў кластерлерин шөлкемлестирип, кәмбағал шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Президентимиздиң Ферғана ўәлаятына сапары даўам етпекте.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Маъсуджон СУЛАЙМОНОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары