Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Мәмлекетимизде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялдарынан пайдаланған ҳалда, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының (кейинги орынларда-бажыхана уйымлары) жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған избе-из реформалар әмелге асырылмақта.
Жәҳән саўда шөлкеми, Жәҳән бажыхана шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң стандартлары менен усынысларын миллий нызамшылыққа имплементациялаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бажыхана тартип-қағыйдаларын әпиўайыластырыўды талап етеди.
Соның менен бирге, «қағазсыз ҳәм электрон бажыхана» зәрүр дәрежеде раўажланбай атыр, контрабанда, контрафакт өнимлерин алып өтиў, коррупция, нызамсыз валюта операцияларын ҳәм бажыхана төлемлерин төлеўден бас тартыўға қарсы гүресиў усыллары бажыхана ҳәкимшилигиниң заманагөй ҳәм сынақтан өткерилген усылларын қолланыўды талап етпекте.
Бажыхана ҳәкимшилигин реоформалаў, бажыхана уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириў және нәтийжелилигин арттырыў, «қағазсыз ҳәм электрон бажыхана»ның логикалық даўамы ҳәм раўажланыўы болған «санлы бажыхана»ны қәлиплестириў, сондай-ақ, бажыхана жумысы тараўындағы улыўма тән алынған халықаралық нормалар менен стандартларды миллий нызамшылыққа имплементациялаўды жеделлестириў мақсетинде:
- Төмендегилер:
а) бажыхана уйымларының жумысын раўажландырыў ҳәм жетилистириўдиң төмендеги бағдарларын өз ишине алған 2020-2023-жыллары бажыхана ҳәкимшилигин реформалаў ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық:
бажыхана тараўындағы нормативлик-ҳуқықый базаны буннан былай да жетилистириў;
бар күш ҳәм қуралларды оптимал қолланған ҳалда бажыхана уйымлары жумысының ҳәм инфраструктура объектлериниң институционаллық тийкарларын раўажландырыў;
санлы экономика шеңберинде заманагөй ҳәм алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын бажыхана тараўына енгизиў арқалы бажыхана уйымлары жумысының ашық-айдынлығын және нәтийжелилигин тәмийинлеў;
бажыхана уйымларының фискал функцияларын әмелге асырыўды жетилистириў, сыртқы экономикалық жумысты (кейинги орынларда – СЭЖ) тарифли ҳәм тарифсиз жағынан тәртипке салыўды әпиўайыластырыў;
контрабанда ҳәм бажыхана ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўына қарсы гүресиў;
бажыхана уйымларының хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў және қәнигелигин ҳәм шеберлигин буннан былай да арттырыў, олардың социаллық қорғалыўын күшейтиў;
халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт еллердеги бажыхана хызметлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў;
б) 2020-2023-жыллары бажыхана ҳәкимшилигин реформалаў ҳәм Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Материаллық жәрдем, социаллық қорғаў, бажыхана уйымларын раўажландырыў ҳәм нәзерде тутылмаған қәрежетлер арнаўлы қорының қаржылары;
халықаралық финанс шөлкемлери, сырт еллер ҳәм басқа да донорлардың кредитлери (қарызлары), грантлар ҳәм техникалық жәрдем қаржылары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- а) 2020-жыл 1-августтан темир жол транспорты шөлкемлери өзлериниң мәлимлеме системаларын бажыхана уйымларының мәлимлеме системаларына интеграциялаў арқалы бажыхана қадағалаўы астындағы вагон ҳәм контейнерлердиң мәмлекет ишиндеги ҳәрекетлери ҳаққындағы мағлыўматларды бажыхана уйымларына реал ўақыт режиминде еркин түрде инәм беретуғыны;
б) 2020-жыл 1-сентябрьден «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасы шегара бажыхана постларында енгизилетуғыны;
в) 2020-жыл 1-ноябрьден:
сондай тәртип орнатылады, оған муўапық бажыхана жүк декларациясын рәсмийлестириў ўақты қәўип дәрежесинен келип шығып, 3 суткадан 1 суткаға шекем қысқартылатуғыны;
бажыхана қадағалаўының альтернатив түрлерин қолланыўды кеңейтиў арқалы товарларды бажыхана менен биргеликте бақлап барыў жағдайлары қысқартылатуғыны, нызамшылықта белгиленген жағдайлар буған кирмейди;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң қәўиплерди басқарыў системасы автомобиль шегара бажыхана автомобиль шегара бажыхана постларында енгизилетуғыны;
транспорт қуралларын ўақтынша алып кириўде тасыўшыға реал ўақыт режиминде электрон түрде қайта алып шығыў мүддети тамамланыўынан алдын ўақтынша алып кириў мүддетин создырыў ҳәм тийисли жыйымды төлеўди әмелге асырыў имканияты берилетуғыны;
«бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режиминде қайта ислеў өнимлериниң шығыў нормасын идентификациялаў ҳәм баҳалаў методы исбилермиенлик субъектиниң өзи тәрепинен ислеп шығылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
бажыхана қадағалаўының түри сыпатында товарлар шығарып жиберилгеннен кейин СЭЖ қатнасыўшысының жумысын баҳалаў және олардың товарлар ҳәм транспорт қураллары шығарып жиберилгеннен кейинги есабын тексериўди нәзерде тутатуғын бажыхана аудитин әмелге асырыў;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасы арқалы өткериў пунктлеринде санитариялық-карантин, фитосанитария ҳәм ветеринария қадағалаўы уйымларының (кейинги орынларда – қадағалаў уйымлары) СЭЖ ди тарифсиз тәртипке салыў илажларын қолланыў бойынша жумысын муўапықластырыў;
товарлар импорты ҳәм экспорты структурасы және динамикасының терең жағдайда талланыўын, сондай-ақ, импорт көлеми ҳәм физикалық, ҳәм баҳа жағынан өсиўиниң себепдери талланыўын әмелге асырыў;
өндиристи жергиликлилестириўди тереңлестириў ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў мәселелери бойынша мәпдар уйымлар менен бирге ислесиўди орнатыў.
- Бажыхана уйымларына төмендеги ҳуқықлар берилсин:
товар ҳәм транспорт қуралларының үстинен олар сақланатуғын ҳәм сатылатуғын орынларға шыққан ҳалда, бажыхана аудитин әмелге асырыў;
алып кирилетуғын ҳәм (ямаса) алып шығылатуғын товарлар ҳәм транспорт қуралларының есабы, соның ишинде, бухгалтериялық есап ҳәм есабат ҳүжжетлери, сондай-ақ, дәслепки ҳүжжетлердиң жүргизилиўи үстинен тексериўди әмелге асырыў.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети структурасында улыўма штат бирликлери шеңберинде:
а) Контрабанда ҳәм бажыхана нызамшылығының бузылыўына қарсы гүресиў басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бас басқармасы етип қайта шөлкемлестирилсин ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
товарларды бажыхана режимлерине жайластырыў фактин тексериў;
бажыхана жүк декларациясы ҳәм бажыхана кирис ордеринде көрсетилген мағлыўматларды тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерде атап өтилген мағлыўматлар менен салыстырыў ҳәм тексериў;
товарларға байланыслы преференциялардың дурыс қолланылғанлығы, бажыхана төлемлериниң толық өндирилгенлиги, сондай-ақ, бажыхана ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин ҳәм валютаны тәртипке салыў талапларының бузылыў жағдайларын анықлаў мақсетинде финанс-хожалық жумысы менен байланыслы ҳүжжетлерди тексериў ҳәм үйрениў;
бажыхана төлемлерин төлеў бойынша жеңилликлердиң дурыс қолланылғанлығы ҳәм товарлардың бажыхана қуны дурыс анықланғанлығын тексериў;
шәртли түрде шығарып жиберилген товарларды ийелик етиў бойынша шеклеўлерге әмел етилиўин тексериў;
товарлардың бажыхана рәсмийлестириўинде берилген ҳүжжетлерди таллаў ҳәм тексериў;
СЭЖ товар номенклатурасы бойынша товарлардың дурыс классификацияланғанлығын ҳәм бажыхана рәсмийлестирилиўи дурыс әмелге асырылғанлығын тексериў;
бажыхана тараўында жумыс ислеп атырған шахслар тәрепинен бажыхана ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған миннетлемелердиң орынланыўын тексериў;
бажыхана операцияларын әмелге асырыўда нызамсыз («күлрең») схемаларды анықлаў ҳәм бундай жағдайлардың алдын алыў және оларға шек қойыў бойынша профилактикалық жумысларды өткериў;
б) Бажыхана экспертизасы ҳәм сыртқы экономикалық жумыс товар номенклатурасын жүргизиў басқармасы Сыртқы экономикалық жумыста тарифсиз тәртипке салыўды қадағалаў ҳәм бажыхана экспертизасы басқармасы етип қайта шөлкемлестирилсин ҳәм оған төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасы арқалы өткериў пунктлеринде қадағалаў уйымларының жумысын муўапықластырыў;
қадағалайтуғын уйымлары тәрепинен СЭЖди әмелге асырыўда руқсатнама ҳәм басқа түрдеги ҳүжжетлердиң алыныўы тийис болған және лицензияланатуғын ҳәм квоталанатуғын товарларға тарифсиз тәртипке салыў илажларын қолланыўды муўапықластырыў;
қадағалаўшы уйымлардың товарларды алып кириў ҳәм (ямаса) алып шығыўда олар тәрепинен қадаған етиўлерди қолланыў бойынша жумысын муўапықластырыў;
«Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасын қолланыў ҳәм жетилистириў методларын ислеп шығыў;
интеллектуаллық мүлк объектлериниң бажыхана реестрин жүргизиў;
экспорт қадағалаўы объектлериниң бажыхана рәсмийлестириўи үстинен қадағалаў методын ислеп шығыў ҳәм енгизиў.
- Өзбекстан Республикасы Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мәнисин, сондай-ақ, «Жол картасы»н әмелге асырыў процесин жарытыў бойынша мақалалар және темаға байланыслы телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети:
а) бир айлық мүддетте:
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар биргеликте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын;
б) үш ай мүддетте бажыхана аудити принциплерин ҳәм усылларын, аудит объектлерин таңлаў усыллары ҳәм механизми, сондай-ақ, бажыхана аудитин өткериў басқышларын нәзерде тутатуғын Бажыхана аудитин өткериў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3665-санлы қарарына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 4- қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Усы Пәрамнның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 5-июнь