USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 17 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ ҲӘМ БИЛИМЛЕНДИРИЎГЕ ЖАҢАША КӨЗҚАРАС ТУРМЫСЫМЫЗ АБАДАНЛЫҒЫНЫҢ ТИЙКАРЫ

Тадбиркорлик ва таълимга янгича ёндашув ҳаётимиз фаровонлигининг асоси

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев халықтың турмысы, социаллық-экономикалық реформалардың барысы, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 5-6-июнь күнлери Ферғана ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни Ферғана қаласында ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, тараўлар ҳәм тармақлардың басшылары, жәмийетлик ўәкиллери менен мәжилис болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы халық пенен ашық түрде сөйлесип, машқалаларды биргеликте шешиў, адамлардың аўырын жеңил етиў мақсетинде келгенин атап өтти.

– Мен қысқа, сизлер көбирек сөйлесеңиз дурыс болады. Мақтаў керек емес. Президентке ең үлкен мақтаў- бул халықтың исеними. Еле енди биринши қәдемлерди қойып атырмыз. Келип, алғыс еситип кетиў маған да аңсат. Бирақ буннан нәтийже болмайды. Районларға өзим барыўымның себеби-адамлардың жасаў шараятларын жүрегимнен өткерип, анық илажлар көриў, реформалар алыс-алыс орынларда да нәтийже берип атыр ма, төменги системадағы басшылар садықлық пенен, жан күйдирип ислеп атыр ма, деген сораўларға жуўап табыў. Ҳәр күни бундай ушырасыў болмайды. Ашшы-ашшы мәселелерди қатаң қойың,-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы өткен ҳәптеде Сўх районында болған ўақыяларға да тоқтап, мүнәсибет билдирди.

– Кейинги жыллары қоңсы мәмлекетлер менен шегаралас орынлардағы көп машқалаларды шешиўге еристик. Сўхтағы ўақыялар қырғыз халқы менен дослығымызға, барыс-келисимизге, режелеримизге тәсир етпеўи керек. Төзимли, сабыр-тақатлы, меҳир-мүриўбетли болыўымыз зәрүр. Қоңсышылық – мыңжыллық. Халықларымыз  ийинлес болып, бир-бирин ҳүрмет етип жасаўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бас министрдиң басшылығында Ҳүкимет комиссиясы тәрепинен машқалалар үйренилип, кем қамтылған усыныслар таярланған. 2020-2022-жыллары Сўх районын комплексли раўажланўдырыўға 500 миллиард сум қаржы бағдарлаў белгиленген. 11 мың жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў режелестирилген.

98 жойбар әмелге асырылып, санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары раўажландырылады. Физикалық шахслар жер ҳәм мүлк салығынан азат етилип, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын дәрамат салығының ставкасы 2 есеге азайтылады. 1 мың гектар егислик жерлерде суў тәмийнаты жақсыланады.

1 (2).jpg

Район медицина бирлеспесиниң бөлимлери, жуқпалы кеселликлер емлеўханасы, орайлық емлеўхана, медциналық әсбап-үскенелер ҳәм арнаўлы реанимобиль менен тәмийинленеди. Мектеплер, аўыллық врачлық пунктлери, жоллар ҳәм социаллық объектлер оңланады.

Сўхлы жаслар ушын ойпатлық ўәлаятларындағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде 2020/2021 оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында мақсетли түрде қосымша 500 орын ажыратылады.

Елимизде кәмбағаллықты қысқартыў, адамларды жумыс пенен тәмийинлеў, дәраматын арттырыў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Мәжилисте бул бойынша Ферғанада да кең көлемли ис-ҳәрекетлер басланғаны, ўәлаяттағы 43 мыңнан аслам шаңарақты жыл ақырына шекем кәмбағаллықтан шығарыў мақсет етилгени атап өтилди.

Атап айтқанда, киши бизнес, шаңарақлық исбилерменлик ҳәм өзин-өзи бәнт етиў арқалы дерлик 14 мың шаңарақтың аяққа турыўына жәрдемлесиледи. Бундай жойбарларды қаржыландырыў ушын кредит ресурсларының көлемин 25 процентке арттырыў, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде 400 миллиард сум кредит ажыратыў бойынша көрсетпе берилди.

Инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм еркин экономикалық зоналар арқалы 6 мыңнан, аўыл хожалығы тараўында 17 мыңнан аслам шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў илажлары көриледи.

Мәселен, ғәлледен қысқарған 4 мың гектар, пайдаланыўдан шыққан 3,5 мың гектар жерден бағ ҳәм жүзимшилик шөлкемлестириледи. Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети жанында Дәрилик өсимликлер илимий орайы шөлкемлестирилип, 10 мың гектарда дәрилик өсимликлер жетистириў жолға қойылады.

Ирригация системасындағы жоғалтыўларды азайтыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў, буның ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 50  миллион доллар ажыратыў ҳаққындағы қарар да Ферғана ўәлаяты ушын үлкен әҳмийетке ийе.

2.jpg

Мәжилисте Президентимиз Ферғана ўәлаятында «Исбилермен – реформашы» басламасын әмелге асырыў керек екенлигин атап өтти.

Бүгинги таллаўлар, глобал экономикалық кризис пүткил дүньяға қәўип салып атырған ҳәзирги ўақытта, елимизде буннан үш жыл алдын исбилерменликке кең еркинлик бериў бойынша қойылған қәдемлер дурыс болғанын көрсетти. Елимизде исбилерменлик раўажланбағанда, тек ғана мәмлекетлик шөлкемлер ислеп турғанда ҳәзир жағдай қандай болар едиЎ

«Исбилермен – реформашы» басламасы тийкарында тараў ўәкиллерине имканиятлар берилип, жуўапкершилиги арттырылады. Бас министрдиң орынбасары, Саўда-санаат палатасының баслығы, Бизнес-омбудсман, Ферғана ўәлаятының ҳәкими бир айда еки мәрте онлайн система арқалы исбилерменлер менен жеке сөйлесиў өткерип, олардың жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларды шешеди. Себеби қаншама жеңиллик берилмесин, шараят жаратылмасын, пул айланысы, кредит алыў, экспорт етиў, инженерлик тармақларына жалғаныў сыяқлы бағдарларда бәри-бир машқалалар ушырасып атыр.

– Буған ким айыплы? Жергиликли ҳәкимият па, салықшы ма, прокурор ма? Ямаса нызамларымыз ислемей ме? Мине сондай мәселелерди үйренип, жыл жуўмағы бойынша «Ферғана исбилерменлери – реформашы» тәжирийбеси даўамында ерисилген нәтийжелерди басқа ўәлаятларға да қолланамыз, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы Бизнес-омбудсман үш ай Ферғана ўәлаятында жүрип, ҳәр бир кәрхана, ҳәр бир исбилермен менен сөйлесип тараў ўәкиллерине нызамлы кепилликлерди күшейтиў бойынша усыныслар бериўи керек екенлигин атап өтти. Турақ жайлар қурыў, ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба тармақларын жақсылаў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Ферғана тәжирийбеси тийкарында «жойбарлар фабрикасы»н кеңнен раўажландырыў, IT орайларда оқыў курсларын шөлкемлестирип, жылына 262 мыңнан жасты оқытыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, экономика тармақлары жуўапкерлериниң, ҳәкимлердиң есабы тыңланды.

Жумысында немқурайдылыққа жол қойған Тошлоқ районы ҳәкими ҳәм салық инспекциясының баслығын ўазыйпасынан азат етиў бойынша көрсетпе берилди.

3.jpg

Мәмлекетимиз басшысы Ферғана қаласындағы Өзбекстан-Корея халықаралық университетинде болды.

Бул билимлендириў мәкемеси Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 23-августтағы қарарына муўапық шөлкемлестирилген. Бул жерде билимлендириў төлемли-контракт тийкарында, алдынғы оқыў режелери ҳәм бағдарламалары бойынша өзбек, корейс, инлис тиллеринде алып барылады.

Университет 4000 студентти қабыллаў имканиятына ийе. Тамамланып атырған оқыў жылында биринши курста 720 жигит-қыз тәлим алды. Қубла Корея Республикасынан 11 тәжирийбели педагог тартылған болып, келешекте 43 ке жетеди.

Усы жылы бул халықаралық билилмендириў дәргайы ушын жаңа имарат қурылды.

Шавкат Мирзиёев унвиерситет ректоры Пак Жун Ху ҳәм кореялы оқытыўшылар менен сөйлести. Оқыў бағдарламасы ҳәм мазмуны, жаслардың пәнлерди өзлестириўи менен қызықсынды.

Мәкемеде гуманитар және техникалық-инженерлик бағдарларында тәлим бериледи. Атап айтқанда, туризм менеджменти, мектепке шекемги билимлендириў, менеджмент ҳәм компьютерлестирилген бухгалтериялық есап, корейс тили ҳәм әдебияты пәнлери оқытылады. Сондай-ақ, машина қурылысы инженерлиги, келешек автомобиль қурылысы инжиниринги, электротехника ҳәм электроника инженерлиги, архитектура инженерлиги, компьютер инженерлиги, энергетика ҳәм химия инженерлиги бойынша маман қәнигелер таярланады.

– Бизде биринши курста улыўма пәнлер оқытылып, мектеп программасы қайталанады, – деди Шавкат Мирзиёев. – Жаслар бир жыл өмирин жоғалтып, қызығыўшылығы сөнип те қалады. Раўажланған мәмлекетлерде ондай емес, биринши жылдан қәнигелик пәнлерине өтип, әмелиятқа әҳмийетли орын бериледи. Нәтийжедеги айырмашылықты турмыс көрсетип тур.

Жуўапкерлерге Қубла Корея университетлериндеги оқыў бағдарламалары ҳәм саатларын үйретип, елимиздиң жоқары билимлендириў системасын қайта көрип шығыў, студентлерди әмелиятқа максимал бағдарлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Ферғана ўәлаятына сапары жуўмақланды.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Маъсуджон СУЛАЙМОНОВ,

ӨзАның арныўлы хабаршылары