USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 17 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЖОЛЛАРЫМЫЗДА ПИЯДАЛАР ҲӘРЕКЕТИ, АДАМЛАРДЫҢ ТЫНЫШЛЫҒЫ, САЛАМАТЛЫҒЫ БАСЛЫ МӘСЕЛЕ БОЛЫЎЫ КЕРЕК

Шавкат Мирзиёев: Йўлларимизда пиёдалар ҳаракати, одамларнинг ҳаловати, саломатлиги устувор бўлиши керак

Президент Шавкат Мирзиёев 4-июнь күни Ташкент қаласының Яккасарой районында жол ҳәм көпир жойбары менен танысты.

Кейинги үш жылда Ташкент қаласының Сергели районында 460 көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Сол дәўирде бул жерге 100 мыңнан аслам халық көшип келип, жәми халық 276 мыңнан асты.

Соның нәтийжесинде, инфраструктура тармақларында жүклемениң де артқаны тәбийғый. Сонлықтан, бул жерде қосымша инженерлик объектлери, районды қаланың орайлық бөлими менен байланыстырыўшы жол ҳәм көпирлер қурылмақта.

Атап айтқанда, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ тәрепинен баҳасы 83 миллион доллар болған 7 километр узынлықтағы Сергели жер үсти метросы ҳәм оның «Чоштепа», «Ташкент айланба жолы», «Сергели», «Афросиёб», «Қыпшақ», «Шынар» бәндиргилери қурылмақта.

Әлбетте бул жолаўшыларға үлкен қолайлылық жаратады. Бирақ, соның менен бирге, автотранспорт қуралын да есапқа алыў керек.

Мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге турақлы итибар қаратып келмекте. 29-май күни Сергели районының белсендилери менен өткен ушырасыўда да транспорт инфраструктурасын раўажландырыў илажлары додаланды. Сол ўақытта Сергели районын пайтахтымыздың орайы менен байланыстырыўшы жол ҳәм көпир жойбары ҳаққында мағлыўмат берилген еди. Президентимиз бүгин бул жойбарды сол жерге барып, ҳәр тәреплеме үйренди.

Улыўма баҳасы 280 миллиард сумнан аслам болған бул жойбар Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен Түркияның «Каloyn» компаниясы менен биргеликте ислеп шығылған. Оған бола, Шопаната көшеси ҳәм Киши айланба жолының кесилиспесинде 583 метрлик жол өткели қурылады. Бул кесилиспеден Ташкент айланба жолына шекем жаңа көше қурылып, айланба жол асытынан туннель арқалы өткериледи ҳәм Қыпшақ көшесинде қурылып атырған жаңа көпирге тутасады.

Жәми 5,6 километрлик бул жол саатына 3 мың транспорт қуралын өткериў қуўатлылығына ийе болады.

Ҳәммемизге белгили, ҳәзирги күнде Сергели районынан қала орайына  келип кететуғын автомобильлер тийкарынан бир жол – Жаңа Сергели көшеси арқалы ҳәрекетленеди. Сонлықтан, онда қатнаў жүдә көп, жүклеме үлкен. Әсиресе, азанда ҳәм кешке жақын бул көше тығылыс болып қалады. Бул жаңа жол ҳәм көпирлер қурылысы нәтийжесинде Сергели районына транспорт қатнаўының тығылыслығы 50 процентке, транспорт ҳәрекетиниң ўақты 20-25 минутқа азаяды.

– Адамлардың ҳәр күнлик режесине, кейпиятына, денсаўлығына тәсир ететуғын ең үлкен фактор  – транспорттың бөлистирилиўи. Жоллар қурып, тығылыслықты азайтыўдан мақсет қала халқына ҳәм мийманларға қолайлылық жаратыў болып есапланады. Бул жумысларды бүгин ислемесек жылдан-жылға қыйынласып бара береди. Бүгин ислесек, келешекте қәрежет азаяды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бул жерде Ташкент қаласының транспорт концепциясының презентациясы өткерилди.

Бул концепция геоинформациялық система арқалы қаладағы транспорт ҳәм жолаўшылар ағымын таллаў тийкарында ислеп шығылған. Оннан мақсет, бәринен бурын, қәўипсизлик, қолайлылық ҳәм экономикалық нәтийжелилик болып табылады.

Мәселен, жол ҳәрекетин дурыс шөлкемлестириў нәтийжесинде жылына  19 миллион долларлық жанар майдың үнемлениўи, 129 миллион долларлық болжанған зыянның алды алыныўы есап-санақ етилген. Ямаса автобуслардың санын ҳәм жөнелислерин оптималластырыў арқалы жылына 2,5 миллион доллар экономикалық пайдаға ерисиў мүмкин.

Сондай-ақ, концепцияда автоматикалық төлем системасын раўажландырыў, автомобиль тоқтаў орынларын ҳәм пиядалар өтиў жолларын көбейтиў сыяқлы бир қатар қолайлылықлар нәзерде тутылған.

Президентимиз пиядалар ҳәм велосипедлер ҳәрекетине көбирек шараят жаратыў зәрүрлигин атап өтти.

– Бизиң жолларда транспорт қуралларына көп үстинлик берилген. Тийкарында пиядалардың ҳәрекетин, адамлардың тынышлығын, саламатлығын биринши орынға қойыў керек, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Транспорт концепциясын Ташкент қаласының бир районында апробациялаў, кейин ала пүткил пайтахтымыз ҳәм басқа да қалаларда енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.

Бул жерде Яккасарой районында көп қабатлы саўда комплекси, мийманхана ҳәм турақ жай қурыў бойынша инвестициялық жойбарлардың презентацясы өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы презентациялардан соң Сергели районын пайтахт орайы менен байланыстыратуғын ҳәм транспорт ҳәрекети ушын айрықша әҳмийетке ийе болған жол өткелин көзден өткерди. Жуўапкерлерге транспорт ағымына қосымша қолайлықлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.

 

ӨзА