USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

СТАТИСТИКА СИСТЕМАСЫ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ СТАНДАРТЛАРҒА МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЛАДЫ

Статистика тизими халқаро стандартларга мувофиқлаштирилади

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-июнь күни миллий статистика тараўын жетилистириў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

Статистика системасы қаншелли ҳақыйқый ҳәм ашық-айдын болса, реформалар соншелли дурыс ҳәм нәтийжели болады. Усы мақсетте кейинги үш жылда бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, инфляцияны есаплаў усылы халықаралық стандартларға сәйкеслендирилди, бақлаўдағы товарлардың қурамы кеңейтилди. Мәмлекетлик бюджет, сыртқы қарыз, алтын резерви ҳәм тәбийғый байлықлар ҳаққындағы финанслық-экономикалық көрсеткишлер ашық жәрияланбақта.

Мәжилисте аймақлар ҳәм тармақлар статистикасын өз-ара муўапық қәлиплестириў, оларды бирден-бир халықаралық статистика системасы менен үйлестириў мәселелери додаланды.

Жумыссызлықты анықлаўды Халықаралық мийнет шөлкеминиң стандартларына толық сәйкеслендирип, сораў өткериў тәртибин жетилистириў ҳәм көлемин кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Денсаўлықты сақлаў системасында кеселликлерди емлеў қәрежетлери бойынша халықаралық есап механизминиң енгизилиўи белгиленди. Олсыз медициналық қамсызландырыўды әмелиятқа киргизип болмайды.

Министрлер Кабинети, Мәмлекетлик статистика комитетине билимлендириў, аўыл хожалығы, сыртқы саўда, транспорт, қурылыс, экология, туризм және бир қатар тараўлардың статистикасын халықаралық стандартларға муўапықластырыў бойынша «Жол картасы»н ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетлик уйымлардың статистикасын қәлиплестириў процесин аудит етиў бойынша да көрсетпе берилди.

Жәҳән мағлыўмат базаларында Өзбекстанның тармақ индикаторлары толық сәўлеленбегени ашынарлы жағдай. Усы мүнәсибет пенен, жуўапкерлерге мийнет, энергетика, аўыл хожалығы, билимлендириў сыяқлы тараўлар бойынша халықаралық базаларда мәмлекетимиздиң көрсеткишлерин толық сәўлелендириў бойынша тапсырмалар берилди.

Және бир машқала сонда, статистикалық бақлаў мағлыўматларының ярымы қағаз түринде жыйналмақта. Оларды таллаўда 20 жыл бурын енгизилген программалық тәмийнаттан пайдаланылмақта. Салық ҳәм статистика уйымларының арасында автоматластырылған мәлимлеме алмасыўын жолға қойыў арқалы инфляцияны есаплаў қәрежетлерин кескин қысқартыў мүмкин.

Соннан келип шығып, тармақтың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм программалық тәмийнатты жаңалаў, салық, мийнет, қаржы тараўларында статистикалық мағлыўматларды жыйнаў ҳәм қайта ислеўдиң интеграцияласқан системасын енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Бүгинги күнде Орайлық банк, Қаржы министрлиги ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының тараўдағы жумысы муўапықластырылмайды. Негизинде болса, статистикалық көрсеткишлердиң 40 проценти усы уйымлар тәрепинен қәлиплестириледи.

Сол себепли бул бағдардағы нызамды ҳәм 17 жыл бурын шөлкемлестирилген Статистика кеңесиниң жумысын жетилистириў, халықаралық талаплар тийкарында бийғәрез статистика системасын жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бизге белгили, ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде халықты дизимге алыў өткерилмеген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-февральдағы пәрманында 2022-жылы халықты дизимге алыў өткерилетуғыны белгиленген еди. Быйыл 16-мартта «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди.

Мәмлекетимиз басшысы халықты дизимге алыў статистиканы қәлиплестириўде тийкарғы дәрек екени, оған ҳәзирден пуқта таярлық көриў керек екенлигин атап өтти.

Статистика комитетинде арнаўлы бөлим шөлкемлестирип, сырт ел экспертлерин тартыў, комитет жанындағы Кадрлардың маманлығын арттырыў институты жумысын жетилистирип, халықты дизимге алыўда қатнасатуғын барлық қәнигелерди оқытыў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте кадрлар мәселесине айрықша тоқтап өтилди. Кейинги 5 жылда 318 бакалавр ҳәм 33 магистр таярланған болып, статистикалық уйымларда олардың тек ғана 10 проценти жумыс ислемекте. Системадағы хызметкерлердиң 2 проценти ғана статистика бойынша жоқары мағлыўматқа ийе. Сондай-ақ, 30 жыл даўамында дерлик биреўи илим докторы, 11 и илим кандидаты илимий жумысын жақлаған.

Сол себепли кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм статистика илимин раўажландырыў, тараўда мийнетке ҳақы төлеў системасын қайта көрип шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте Жәҳән банкиниң экспертлери менен биргеликте ислеп шығылған Статистика системасын раўажландырыў стратегиясының презентациясы өткерилди. Мәмлекетимиз басшысы оны жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.

 

ӨзА