USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ САЛАМАТЛЫҒЫН САҚЛАЎ ҲӘМ АБАДАНЛЫҒЫН АРТТЫРЫЎ – ТИЙКАРҒЫ МАҚСЕТИМИЗ

Халқимиз саломатлигини асраш ва фаровонлигини ошириш – асосий мақсадимиз

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-май күни халық ушын жаратылған шараятлар, пуқаралардың турмысын жақсылаў, абаданлығын арттырыў жолында исленип атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде пайтахтымыздың Сергели районы ҳәм Ташкент ўәлаятының Зангиата районында болды.

Президентимиз дәслеп Зангиата районында қурылып атырған көп тармақлы арнаўлы емлеўхананың қурылысы менен танысты.

Коронавирус пандемиясы пүткил дүньяға тарқалып, инсанлардың өмирине үлкен қәўип туўдырмақта. Елимизде өз ўақтында көрилген илажлар, халқымыздың терең түсиниўи ҳәм сабыр-тақаты менен бул апатшылықтың дизгинин беккем услап, ғалабалық ен жайып кетиўиниң алды алынып атыр. Қысқа ўақыт ишинде емлеў-профиликтика мәкемелери ҳәм карантин зоналарының қурылғаны бунда әҳмийетли фактор болды.

Зангиата районындағы арнаўлы емлеўхана жойбарының улыўма баҳасы 504 миллиард сум болып, 33 гектарда 2 комплекс қурылмақта. Онда жуқпалы кеселликлердиң түри ҳәм заманагөй медицина талаплары есапқа алынған.

Атап айтқанда, стационар орынлардың ҳәммеси боксланған, ҳәр бир хана автоном. Биреўиндеги ҳаўа басқасына өтпейди. Оларға кириў-шығыў да, хызмет көрсетиў де бөлек. Наўқаслар келгеннен соң, қабыллаў бөлиминен тамбур арқалы тиккелей өз палатасына жайластырылады.

Барлық корпуслар, бөлимлер таза ҳәм таза емес жоллар менен ажыратылған. Таза жолдан тек ғана медициналық персонал өз ўазыйпасын орынлаў ушын пайдаланады.  Шыпакерлер ҳәрекетлениў ўақтында санитариялық өткизгишлер арқалы өтеди. Бул ҳәммениң – анализи анық емес болғанлар, врачлар ҳәм басқа да хызметкерлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы емлеўханада жаратылған шараятлар менен танысты. Жуўапкерлер менен сөйлесиўде оннан ақылға уғрас пайдаланыў, медицина хызметкерлерин хошаметлеў зәрүрлигин атап өтти.

– Бундай заманагөй емлеўхананы қурыў машақатлы, оннан нәтийжели пайдаланыў болса оннан да қыйын. Соның ушын бул жерге врач емес, шөлкемлестириўши адам басшы болыўы керек. Хызметкерлердиң айлығы бонус системасында болыўы зәрүр. Нәтийже жақсы болса, жақсы дәрамат алсын, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәкеме 2 мың орынға мөлшерленген. Бирақ 4 мың орынға шекем трансформациялаў имканияты бар.

Мәмлекетимиз басшысы қабыллаў бөлими, карантин зонасы, лаборатория ҳәм емлеўханалары, санитариялық-жуўыныў орынларын жақсылап көзден өткерди.

Видеобайланыс арқалы Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятлардағы шыпакерлер менен сөйлести. Телемедицина бойынша комплексли система жаратыў, районлардан ўәлаят емлеўханаларына, оннан республикалық орайларға байланысыў имканиятын жолға қойыў, соның менен бирге, медицина хызметкерлерин бул бойынша оқытып, тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

72 орынлық реанимация бөлиминде ҳәр бир койка өкпениң жасалма вентиляциясы ҳәм емлеў аппаратлары менен үскенеленген. Бул бөлимди кардиология, неврология, педиатрия сыяқлы ҳәр түрли бағдарлар бойынша үскенелеў де мүмкин.

Операция залларына ҳаўа жоқарыдан бериледи ҳәм қаптал тәреплеринен сорып алынады. Нәтийжеде турақлы стериллик тәмийинленеди.

Президентимиз бул мәкемеде жумыс баслайтуғын медицина хызметкерлери менен пикир алысты.

– Мине усындай жаңа емлеў орынларын көрип, жеке меншик медицинаны да раўажландырып, бәсекили медицина жаратып атырмыз. Енди соған мүнәсип заманагөй врач ҳәм мийирбийкелер керек. Өз үстиңизде тынымсыз ислеп, дүньядағы жетискенликлерди үйренип , халқымызға хызмет етиўиңиз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Лабораторияда вирусология, биохимия ҳәм иммунология, микробиология, паразитология бойынша ең алдынғы аппаратлар орнатылған. Мәселен, әмелдеги полимер шынжырлы реакция үскенеси 5 саатта орташа  40 адамға диагноз қойса, бул жердеги заманагөй үскенелер 2 саатта 90 үлгини анықлаў имканиятына ийе. Көрпе-төсек ҳәм гезлемлер жуўылып, басқа буйымлар пуў жәрдеминде дезинфекцияланады.

Усы жерде ўәлаят ҳәм республика медицина мәкемелериниң қамтылыўы және бирге ислесиўи ҳаққында презентация өткерилди.

– Көп емлеўханалар, диагностика орайлары бир-биринен қашық жайласқан. Диагноз қойыў ҳәм емлеў сапасы талапқа жуўап бермейди. Қаржы болса жумсалып атыр. Мәмлекеттиң бир сомы да халқымызға не пайда берип атыр, деген сораў ҳәр бир инсанның жумысында норма болыўы керек, – деди Президент.

Бул емлеўхана қыйын эпидемиологиялық жағдайда жуқпалы кеселликлердиң өзгешелигинен келип шыққан ҳалда, барлық санитариялық-эпидемиологиялық талапларға жуўап беретуғын арнаўлы мәкеме болып хызмет етеди. Эпидемиологиялық жағдай турақласқаннан соң келешекте көп тармақлы медицина клиникасы сыпатында жумыс алып барады.

Атап айтқанда, бул жерде заманагөй технологиялар жәрдеминде медиицналық тексериўлер ҳәм консилиумлар шөлкемлестирилип, жоқары ҳәм орта арнаўлы медициналық билимлендириў мәкемелериниң студент-оқыўшыларына қәнигелик арттырыў ушын арнаўлы клиникалық база сыпатында хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы Сергели районында қурылған 16 қабатлы турақ жайды барып көрди.

Сыртқы көриниси менен ажыралып турған бул имарат заманагөй стандартлар тийкарында жер силкиниўге шыдамлы етип қурылды. Дийўалларында энергия үнемлейтуғын материаллардан пайдаланылған. Интернет тармағы, видеобақлаў ҳәм өрт қәўипсизлиги үскенелери менен тәмийинленди. Турақ жай 2-3 ханалы 80 квартирадан ибарат болып, кем тәмийинленген ҳәм мүтәж шаңарақларға тапсырылған.

Президентимиз бул жайдағы Шарофиддин ҳәм Шахноза Жўрабаевалардың үйинде болып, олар менен сөйлести.

Бул шаңарақ 14 жылдан берли ижарада жасап киятырған еди.

Ақырғы үш жылда Сергели районында жәми 19 мың 522 квартиралы 460 көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. 26 жаңа үлгидеги мәҳәлле гүзарлары қурылды. Балалар бақшалары, мектеплер, поликлиника ҳәм басқа да объектлер қурылып, халыққа мүнәсип шараят жаратыў бойынша жумыслар избе-из даўам етпекте.

Бүгин алдынғы халықаралық тәжирийбе ҳәм әмелият ҳәр тараўда керек. Әсиресе, бул билимлендириў системасында суў ҳәм ҳаўадай зәрүр. Себеби, сапа – ең тийкарғы өлшем. Жас әўладтың ер жетиўинде болса ҳеш қандай бийпарўалыққа жол қойып болмайды.

Президентимиздиң басшылығында халық билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жаслардың тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятлар жаратыў, системадағы машқалалар ҳәм кемшиликлерди оператив сапластырыў механизмлерин ислеп шығыўға байланыслы реформалар мине сондай талаптың өними болып есапланады.

Қала берди, жаңа түрдеги улыўма билимлендириў мәкемелерин қурыў ҳәм бурын қурылған имаратларды басқышпа-басқыш заман талапларына бейимлестириў, оқыў-тәрбия процесинде алдынғы педагогикалық технологияларды қолланыў – дәўир талабы болып табылады.

Жақында Сергели районының 5А массивинде пайдаланыўға тапсырылған 329-улыўма орта билим бериў мектеби мине сондай нормалар тийкарында қурылған.

Президент Шавкат Мирзиёев бул билимлендириў орнын да барып көрди. ҳәммемизге белгили бул районда көп қабатлы турақ жайлар қурылып, халықтың саны артып бармақта. 2019-жылы бул жерде төрт жаңа мектептиң қурылыс жумыслары басланған еди. Ҳәзирги күнде олардың екеўи қурып питкерилди. Жаңа оқыў дәргайлары райондағы балалар ҳәм жас өспиримлер және ата-аналар ушын мүнәсип саўға болды.

Бүгинги күнге шекем ең үлкен мектеплер 700 орынлық болатуғын еди. 329-улыўма орта билим бериў орны 1680 оқыўшыға мөлшерленген. Оған тийкар салыўда 2019-жылы шөлкемлестирилген Президент мектеплериниң тәжирийбесинен пайдаланылған.

Төрт қабатлы мектепте 48 оқыў ханасы бар. Соннан 20 сы пән кабинети, 14 и баслаўыш класс ханасы ҳәм және 14 и шет тиллерди оқытыўға мөлшерленген. Лаборатория ҳәм дөгерек ханалары, электрон китапхана, медицина пункти, асхана, белсендилер залы, спорт майданшаларында заманагөй шараятлар жаратылған.

Әҳмийетлиси, бул жерде балаларды ҳәзирден-ақ анық кәсиплерге бағдарлаў, өнерлерге меҳир оятыў мақсетлеринде арнаўлы ханалар шөлкемлестирилген, олар керекли инвенторьлар, әсбап-үскенелер, мийнет қураллары, гезлеме ҳәм материаллар менен тәмийинленген.

Билимлендириўдиң сапасын арттырыў мақсетинде мектепке директор таңлаў тийкарында, оқытыўшылар болса тест сынақлары нәтийжесинде жумысқа қабыл етилген.

Мәмлекетимиз басшысы мектеп сабақлықларының дәрежеси талапқа пүткиллей жуўап бермейтуғынын, оқыў программаларын алдынғы сырт ел билимлери тийкарында жетилистириў зәрүрлигин атап өтти. Балаларға сапалы билим бериў, соның менен бирге, 7-класстан баслап кәсипке бағдарлаў бойынша көрсетпелер берди.

– Ул-қызлар өнер үйренсе өзине исеними артады, дүнья қарасы да өседи, ата-анасының  да кеўили тоқ болады. Соңынан социаллық машқалаларды сапластырыўға қаржы жумсамаў ушын бүгин бул қаржыны мектеплерге бериўимиз керек. Балаларымызды ўатансүйгиш, жәмийетке керекли инсан етип тәрбияламасақ, келешекке қыянет еткен боламыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳәммемизге белгили, Президентимиздиң басламасы менен мектеп бағдарламасына шахмат сабақлары киргизилген еди. Музыка ханасы менен танысыўда және бир сондай усыныс билдирилди.

– Ҳәр бир ул-қыз ҳеш болмаса бир саз әсбабын шертип билиўин қәлер едим,-деди мәмлекетимиз басшысы.

2019-жыл 23-августта өткерилген мәжилисте Президент Шавкат Мирзиёев мектеп билимлендириўин раўажландырыў уллы улыўма миллий мақсетке, улыўмахалықлық ҳәрекетине айланыўы зәрүрлигин атап өткен еди. Соңғы үш жылда елимизде  160 тан аслам улыўма билим бериў мәкемеси қурылды. Онлаған қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестирилди. Оқытыўшылардың мийнет ҳақысы орташа 2,5 есеге арттырылды. Булардың барлығы билимлендириўдиң сапасын арттырыўға, педагоглардың жәмийеттеги абырайын күшейтиўге хызмет етпекте.

Шавкат Мирзиёев 2016-жыл сентябрьде бес жыл даўамында Сергели районында 500 көп қабатлы турақ жайдың қурылысын айтқанында көпшилик ҳайран болған еди. Мәмлекетимиз басшысы 2018-жыл декабрьде бул бағдардағы дөретиўшилик жумысларды көзден өткерген еди.

Бүгин бул жерде үлкен, заманагөй массив пайда болды. Соңғы 3 жылда районда 19 мың 522 квартиралы 460 көп қабатлы турақ жай тапсырылды.

26 жаңа үлгидеги мәҳәлле гүзарлары қурылды. Бул дәўирде бул жерге 100 мыңнан аслам халық көшип келип, жәми халық 276 мыңнан асқан.

Президент Шавкат Мирзиёев сонша адамның абаданлығын тәмийинлеў, басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде бул аймақта Ташкент қаласы ҳәкимлигине тиккелей бойсынатуғын өз алдына «Жаңа өмир» киши районын шөлкемлестириў усынысын билдирди.

Пайтахт халқына аўыл хожалығы өнимлерин дәлдалшыларсыз, арзан баҳада жеткерип бериў илажлары көрилмекте. Биринши басқышта дийқан базарларында 256 арнаўлы саўда орынлары шөлкемлестирилди. Екинши басқышқа муўапық, қала бойлап 514 мәҳәлледе 2316 көшпели саўда ярмаркасы және 634 турақлы саўда дүкәны шөлкемлестирилди.

Сергели районына Қашқадәрья ўәлаяты бириктирилип, ўәлаят фермерлери өз өнимин алып келип сататуғын саўда орны ашылды.

Мәмлекетимиз басшысы Ташаббус мәҳәллеси аймағындағы мине  сондай саўда шақапшасын көзден өткерди.

-Фермерлердиң өним алып келиўине жәрдем берип, еркин сатыўына шараят жаратылса, Ташкентте азық-аўқат өнимлериниң баҳасын 15-20 процентке азайтыў мүмкин. Өнимлердиң арзан ҳәм сапалылығы халқымызға, турақлы қарыйдарлардың бар екенлиги дийқанларға да қолайлы болады.  Енди басқа районларға да белгиленген бир ўәлаятларды бириктирип, мәҳәллелерде сондай ықшам, суўытқышлы шақапшаларды шөлкемлестириў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы Сергели – 5А массивиндеги «MADENA СOLLECTION» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты. Бул тигиўшилик кәрханасында медицина хызметкерлери ушын жылына 150 мың арнаўлы кийимлер ислеп шығарылмақта. Кәрханада усы әтирапта жасайтуғын 100 ҳаял-қыз жумыслы болды.

Президент жумысшы ҳаяллар менен сөйлести. Олардың шаңарақлық ҳәм мийнет шараятлары менен қызықты.

Мәмлекетимиз басшысы Сергели районында қурылған экопаркти барып көрди.

Өткен жылы 21-майда Ўчтепа районына барған ўақтында Ташкент қаласының районларында дем алыў бағын шөлкемлестирип, халықтың дем алыўы ушын шараятларды кеңейтиў бойынша тапсырма берилген еди.

Соған муўапық Сергели районында улыўма майданы 10 гектар болған «Flowers Garden Park» шөлкемлестирилди. Соннан 5 гектары бағ, 5 гектары гүл сатыў орайы болып есапланады. Бағқа ири гүлли магнолия, фотиния фразери, қара сосна, ийне жапырақлы  арша, «Кримсонг кинг» шынар сыяқлы 30 түрдеги 6 мыңнан аслам декаратив терек ҳәм 20 түрдеги 60 мыңнан аслам шақа алып келип егилген. халықтың кеўилли дем алыўы ушын ресторан, саўда шақапшалары шөлкемлестирилген.

Түркияның «Natural Peyzaj» ширкети менен биргеликте қурылған бағда 200 жумыс орны жаратылған. маман агрономлар ҳәм энтомологлар тартылған.

мәмлекетимиз басшысы бағда жаратылған шараятлар менен танысты, декоратив тереклерди ҳәм гүл дүкәнларын көзден өткерди.

Жаңа экопаркте Сергели районының жуўапкерлери, халық ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

– Бүгин бул жерге келиўимнен мақсет – коронавирус пандемиясы себепли жүзеге келген ҳәзирги қыйын жағдайда халқымызды нелер ойландырып атырғанын, адамлардың турмысын жақсылаў ушын және нелер ислеў керек екенлигин биргеликте пикирлесип алыў, – деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Сергели районы ушын қәлиплестирилген инвестициялық жойбарлар додаланды.

Атап айтқанда, усы жылы улыўма баҳасы 1,8 триллион сумлық 61 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 5 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Сондай-ақ, 22 жойбар бойынша 83 миллион доллар муғдарында сырт ел инвестициялары өзлестириледи.

Мысал ушын, Ташкент қубыр заводында усы жылы қытайлы бирге ислесиўшилер менен бирге 85 миллион долларлық инвестиция есабынан жылына 500 мың тонна металл лист өндирис қуўатлықлары  иске қосылады.

Шыршық дәрьясының Бектемир ҳәм Сергели районларынан ағып өтетуғын 16 километрлик бөлегиндеги жағалықларды 65-80 метрге шекем қысқартыў арқалы қосымша 565 гектар бос жер резерви пайда болады. Бул жерде жаңа инвестициялық жойбарларды жайластырыў арқалы қосымша 160 мың жаңа жумыс орнын  жаратыў мүмкин. Жуўапкерлерге бул мәселени ҳәр тәреплеме есаплап, оларды әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Президентимиз киши бизнести раўажландырыў, халықтың басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы бәнтликти арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў зәрүрлигин атап өтти.

Транспорт ҳәм коммуналлық хожалық инфраструктурасын раўажландырыў бойынша бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ тәрепинен баҳасы 83 миллион доллар болған, 7 километр узынлықтағы Сергели жер үсти метросы қурылмақта. Оны ағымдағы жылдың сентябрь айында пайдаланыўға тапсырыў ўазыйпасы қойылды.

Ақаба суў ҳәм ысытыў тармақларын жақсылаў, орайлық ыссылық системасын жабық системаға өткериў арқалы модернизациялаў бойынша көрсетпелер берилди.

 

  ӨзА