Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 1-июнь күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда бүгинги күнге келип коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 135 ке жетти. Соннан 129 наўқас кеселликтен толық емленип, реабилитацияға шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 6 наўқас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 14 мың 995 пуқара
14 күнлик медициналық бақлаўға алынған еди. Олардан 14 мың 810 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 185 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 52 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 133 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Усы күнге шекем 17 мың 737 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан
135 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланды. Кеселликке гүманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.

Карантин талапларын бузғанлығы ушын 6550 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген болса, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған.

Усы күнге шекем «Даўыт ата» шегара постынан өткен 2270 пуқара лабораториялық усылда тексерилген.    Аймақлық СЭТО хызметкерлери тәрепинен кеселлик анықланған аймақларда эпидемиологиялық сорастырыў жумыслары, байланыста болғанларды анықлаў, лабораториялық тексериў ушын үлги алыў, аймақты шегаралаў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.

Профилактикалық дезинфекциялаў илажларын әмелге асырыў ушын жәми 23 мың кг.ға шамалас дезинфекциялаўшы затлар жумсалды ҳәм арнаўлы әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Егер Сиз ден саўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги