Онлайн-шынығыў

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында ҳаял-қызлардың жәмийеттеги абырайын арттырыў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Елимизде өткерилип атырған ҳәр қыйлы фестиваль ҳәм таңлаўлар бул бағдарда алып барылып атырған жумыслардың даўамы болып табылады. Себеби, усындай илажлардың төменги басқышлары жүзлеген исбилерменлерди ҳәм шебер ҳаял-қызларды жүзеге шығарып, оларға өзиниң потенциалын әмелге асырыў имканиятын жаратпақта.

Усындай келешеги жарқын, жоқары потенциаллы заманласларымыздан бири Жансая Турғанбаева. Пайтахтымыздағы 16-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класын тамамлап атырған Жансая кишкенелигинен көркем сүўретлеўге, әсиресе, миллий нағысларымыз түсирилген кийимлердиң дизайнин жаратыўға қызықты. Оның бул қызығыўшылығы Нөкис қаласындағы «Бәркамал әўлад» балалар орайына алып келди.

Жансая Турғанбаева ҳәзирги ўақытта орайдың дизайнер-муғаллими Умида Ниетуллаевадан онлайн түрде тапсырмалар алып, дөретиўшилик пенен шуғылланыўды даўам еттирмекте.

Ол өткен жылы Нөкис қалалық «Бәркамал әўлад» балалар орайында «Жаңа жыл келбети» атамасында сүўретлеў өнери бойынша өткерилген жарыста екинши орынды ийеледи.

– Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларымызды қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратылып, кең имканиятлар, шараятлар жаратылып берилмекте, -дейди жас дизайнер Жансая Турғанбаева. –  Сол ушын да бизлер исеним менен келешегимиз ушын режелер дүзип, оларды турмысқа енгизиў жолында исенимли қәдем таслап киятырмыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги