Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов исбилерменлердиң мүрәжатларын тыңлаў мақсетинде видеоконференцбайланыс арқалы ушырасыў өткерди.

Еркин пикирлесиў руўхында өткен ушырасыўда сектор басшылары, министрлик, кǝрхана, мǝкеме ҳǝм коммерциялық банклердиң басшылары, сондай-ақ, Нөкис қаласы, Тақыятас, Қанлыкөл, Қоңырат, Мойнақ, Шоманай ҳәм Хожели районларының исбилерменлери қатнасты.

Ҳеш кимге сыр емес, пүткил дүньяны тәшўишке салып турған коронавирус пандемиясы елимиздиң социаллық-экономикалық турмысына өзиниң унамсыз тәсирин тийгизип, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, ири кәрханалар, исбилерменлик субъектлериниң жумысын тоқтатты. Бул өз нәўбетинде, халықтың турмысына, дәраматына, күн көрисине зыянын тийгизбей қалмады.

Ушырасыўда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен пандемияның халықтың турмысына ҳәм экономикамызға унамсыз тәсирин жумсартыў мақсетинде карантин талапларына әмел еткен ҳалда кәрханаларды басқышпа-басқыш иске қосыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў, исбилерменлерге жеңиллик ҳәм преференцияларды бериў арқалы оларға қолайлы шараятларды жаратыў сыяқлы кең көлемли илажлар алып барылып атырғаны айрықша атап өтилди.

Атап айтқанда, коронавирус пандемиясы себепли ҳәрекетин ўақтынша тоқтатқан исбилерменлердиң банк кредит төлемлериниң пролонгация (мүддетин узайттырыў) етилиўи, айырым салық түрлери бойынша төлемлеринен жеңилликлер берилип, мүддетиниң кешиктирилиўи, жергиликли экспорт етиўши кәрханаларға транспорт қәрежетлери ушын бюджеттен субсидиялар ажыратылыўы, сырт ел инвестиция жойбарларына қәнигелердиң ҳәмде үскенелердиң алып келиниўинде шараятлардың жаратып берилиўи сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелерде өз ўақтында анық шешимлер қабыл етилди.

Ушырасыўда бүгинги күнде ҳәрекетсиз турған исбилерменлик субъектлериниң ҳәр бири менен ҳәкимлер, сектор басшылары жеке ислесип, биринши нәўбетте олардың жумысын қайта тиклеўдиң илажларын көриўи тийислиги айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, олардың унамлы шешилиўи бойынша жуўапкер басшыларға анық тапсырмалар белгилеп берилди.

1-июнь күни Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис, Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районлары исбилерменлериниң мүрәжатларын видеоконференцбайланыс арқалы тыңлаўы күтилмекте.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети