Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиеёв 28-май күни экономикада бәсеки орталығын тәмийинлеў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықын қорғаў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.
Өзбекстанның жәҳән экономикасы менен байланыслары барған сайын раўажланып бармақта. Бул болса ишки базарда бәсеки орталығын тәмийинлеў, жергиликли ислеп шығарыўшылардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўды талап етеди.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан базар экономикасына өтиў процесинде бәсеки мәселеси принципиаллық әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
– Мени қәўетерге салатуғын мәселе сонда, кәрханаларымыз сыртқы бәсекиге шыдай ала ма? Сырттан товар кирип келсе, елимизде ислеп шығарылған тап усындай өним оған бәсекилес бола ала ма? Жергиликли өнимлердиң өзине түсер баҳасын азайтсақ, сырт елден өзлери алып кетеди, – деди Президент.
Бүгинги күнде 31 товарлардың топары ҳәм 82 түрдеги хызметлер базарында 245 кәрхана монопол жағдайда сақланып қалмақта. Бирақ бир қатар бағдарларда бәсеки орталығы қәлиплесип болған 19 түрдеги өним ҳәм хызметлер бойынша 70 кәрхананы монополистлер реестрден шығарыў мүмкин.
– Бәсеки болмаса, сапа болмайды, баҳа түспейди. Заман өзгерип атыр, бирақ монопол кәрханалар өзгере алмай атыр. Қатаң илажлар көриў ўақты-сааты келди. Бул экономиканың өсиўи ямаса қулдыраўы. Егер басшылар соған мүнәсип болса, жумыс ислейди, мүнәсип болмаса – кетеди, – деди Президент.
Мәжилисте кәрханалардың базардағы монопол статусын анықлаў бойынша катнасларды қайта көрип шығыў, монопол товарлардың дизимин кескин қысқартыўға қаратылған «жол картасы»н тастыйықлаў ўазыйпасы белгиленди.
– Дүнья тәжирийбесин үйренип, өз жолымызды табыўымыз зәрүр. Монополиядан шығарыў, бәсекини тәмийинлеў, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бойынша исенимли бағдарымыз болыўы керек, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекеттиң қатнасыўындағы кәрханада монополияға қарсы комплаенс системасын енгизиў, Жәҳән банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен барлық басшыларды бәсеки тийкарлары ҳәм комплаенс бойынша оқытыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
– Қашан бәсекиге таяр боламыз? Тараў ҳәм тармақларымыз таяр болса. Тараўлар қашан таяр болады? Қәнигелер болса. Ең әззи жеримиз: маман қәнигелер жетиспейди, технология жоқ, стандартлар жоқ. Соның ушын бул тараўды дерлик басынан баслаўымыз керек, – деди Президент.
Бәсекини раўажландырыў ҳәм монополияға қарсы гүресиў бағдарында пүткиллей жаңа система жаратыў керек екенлиги атап өтилди. Жоқары билимлендириў системасында бәсекини раўажландырыў бағдары бойынша өз алдына факультет, күндизги ҳәм сыртқы оқыў түрлерин ашыў, жаңадан пән енгизиў ҳәм усы мақсетлер ушын академиялық саатлар ажыратыў бойынша көрсетпе берилди.
Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектебинде монопол кәрханалардың басшылары ҳәм ҳәкимлер ушын бәсекини раўажландырыў бағдары бойынша қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестирип, оқыў процесине халықаралық финанс шөлкемлеринен эксперт ҳәм профессор-оқытыўшыларды тартыў ўазыйпасы қойылды.
Бәсеки тараўына байланыслы келиспеўшиликлердиң профессионал көрип шығылыўын тәмийинлеў мақсетинде Ташкент юридикалық университетинде усы бағдар бойынша судьялардың маманлығын арттырыў, судьяларды усы бағдарда қәнигелестириў ҳәм өз алдына суд коллегиясын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Экономикада жеңилликлерден нәтийжели пайдаланыў мәселесине де тоқтап өтти.
Мәселен, жеңилликтен пайдаланған 23 май ислеп шығарыў кәрханасында жаңа жумыс орынлары жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмеген. Керисинше, қусшылық ҳәм балықшылық тараўларында бәсеки орталығы жаратылғаны нәтийжесинде кейинги 4 жылда таўық гөшин жетистириў 100 мың тоннадан 205 мың тоннаға, балық 65 мың тоннадан 122 мың тоннаға шекем көбейген.
– Қусшылық ҳәм балықшылық ассоциациялары монополиядан азат етилгениниң нәтийжеси сезилмей атыр. Исбилерменлер өзин емин-еркин сезип, ҳәрекет етип атыр. Баҳа ҳәм сапа жағынан базарға мүнәсип товар ҳәм хызметлер шығыўы керек. Бәсеки болса, халықтың таңлаў имканияты ҳәм сатып алыў қәбилети артады, адамлар разы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы жумыслар да ҳәр тәреплеме талланды.
– Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында көп айтылады, бирақ әмелде бул система толық шөлкемлестирилгени жоқ. Оны талап ететуғын орталық жоқ, билим жоқ, ғалаба хабар қуралларында үгит-нәсият жетиспейди, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Өткен жылы тутыныўшылардан түскен 11 мыңнан аслам шағымның 50 проценти коммуналлық ҳәм транспорт, 25 проценти саўда, қалған 25 проценти байланыс, финанслық хызметлер ҳәм басқа да тараўларға байланыслы болған.
Оған тийкарғы себеп, монопол кәрханалар өз мәпине бейимлестирип ҳүжжетлер ислеп шыққан ҳәм оларда тутыныўшылардың мәпи толық есапқа алынбаған.
Монополияға қарсы гүресиў комитети жанындағы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў агентлигиниң ўәкилликлерин кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы қарар жойбарын таярлаў ўазыйпасы қойылды.
Комитетти тутыныўшылардың мәплерин тиккелей қорғайтуғын халықтың ўәкиллик уйымы – Олий Мажлиске есап бериўши етип белгилеў мәселесин көрип шығыў тапсырмасы берилди.
ӨзА