Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Марям Аҳмедованың басшылығындағы жумысшы топар усы жыл 12-23-май күнлери аралығында пуқаралар жыйынларының жуўаплы хызметкерлериниң жумысларын үйрениў, әмелий жәрдем көрсетиў, ҳаял-қызлар менен ислесиў мәселелери менен жақыннан танысыў,  машқалаларын анықлаў ҳәм мәҳәллелердеги жумысларды системалы түрде шөлкемлестириўге жәрдемлесиў мақсетинде қала ҳәм районларда болды.

Топар ўәкиллери дәслеп пуқаралар жыйынларындағы хызметкерлердиң жумыс ислеўи ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Атап айтқанда, пуқаралар жыйыны орналасқан имаратлардың жағдайы, компьютер, мебель ҳәм керекли инвентарлар менен тәмийинленгенлиги үйренилди.

Пуқаралар жыйынларындағы жәмийетлик шөлкемлер, олардың сапалық қурамы, жергиликли шараятқа сәйкес «Жол карта»сының ислеп шығылғанлығы, баслығы ҳәм орынбасарларының айлық, ҳәптелик ҳәм күнлик режелериниң бар екенлиги, мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы көрип шығылды. Анықланған кемшиликлер бойынша тийисли усыныслар берилди.

– Сондай-ақ, топар ағзалары кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлар менен ислесиўдиң жағдайын үйренди,-дейди М.Аҳмедова. – Халықтың турмыслық жағдайы, машқалалары, оларға ҳәзирги карантин ўақтында әмелий жәрдем көрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, әсиресе, қыйын турмыслық шараятта жасап атырған ҳаяллардың шаңарақлық жағдайы терең үйренилди. Оларды усындай қыйын турмыстан шығарыў бойынша мәнзилли бағдарламада көрсетилген тапсырмалардың орынланыўына айрықша итибар қаратылды.

 

Сондай-ақ, сәтсиз шаңарақлар менен ислесиў, ҳәр бир мәҳәлледе «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципи тийкарында әмелге асырылған жумыслар жумысшы топардың дыққат орайында болды. Мәҳәллелердеги абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, шаңарақлардың үй алды қыйтақ жерлеринен пайдаланып өзин-өзи бәнт етиўи бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге, мәҳәллени ең қәўипсиз аймаққа айландырыў, жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған профилактикалық илажлар ҳәм оның нәтийжелери көрип шығылды.

Ҳаял-қызлар менен сәўбетлесиўлер өткерилип, олардың машқалалары үйренилди. Айырым мүрәжатлер өз орнында шешимин тапқан болса, мүддет талап ететуғын мәселелер бойынша тийисли орынларға усыныслар берилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги