2019-жыл 27-июнь сәнесинде Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен «Ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң жумысын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» қарар қабыл етилген еди. Онда мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм жәмийетшилик пенен өз-ара бирге ислесиў механизмин жолға қойыўда баспасөз хызметлерин шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Бул бағдарда республикамызда жүргизилип атырған жумыслар туўралы Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы баслығы Азамат Бекмуратов пенен сәўбетлестик?

– Азамат Махсетбаевич, дәслеп сәўбетимизди қарардың әҳмийети менен басласақ?

Сонғы жыллары елимизде мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары жумысының  ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм жәмийетшилик пенен байланысларды беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда республикамызда жәмийетшилик пенен өз-ара бирге ислесиўди шөлкемлестириўде мәмлекетлик шөлкем, министрлик ҳәм уйымлардың баспасөз хызметлери жетерли жолға қойылмаған еди.

Қарардың қабыл етилиўи баспасөз хызметлериниӊ жумысын жетилистириў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын қолайлы шараятлар жаратыў, мәмлекет ҳәм жәми­йет арасында ашық пикирлесиўди жолға қойыў, елимизде жүргизилип атырған реформалардың мақсети, ўазыйпалары ҳәм нәтийжелери ҳаққында оператив, қалыс ҳәм толық мәлимлеме жеткериў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары жумысының жәриялылығын тәмийинлеў, сондай-ақ, олардың жәми­йетшилик пенен бирге ислесиў механизмин жақсылаўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып табылады.

Соның менен бирге, қарарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм кәрханалардың мәлимлеме хызметлериниң басшылары бир ўақыттың өзинде мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкем басшысы баспасөз хаткери есапланатуғынымәлимлеме сиясаты мәселелери бойынша басшының мәсләҳәтшиси статусына, сондай-ақ, мийнетке ҳақы төлеў, медицина, транспорт хызметин көрсетиў шәртлерине бола мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкем басшысының орынбасарына теңлестирилетуғынлығы белгиленген.

– Өткен дәўир аралығында баспасөз хызметлери айырым шөлкемлерде ғана хызмет көрсетти. Бүгинги күнде жәмийетшилик пенен байланыслар – мәлимлеме хызметлери қай дәрежеде жолға қойылмақта?

Дурыс, алдын баспасөз хызметлери тек ғана айырым мәмлекетлик шөлкем ҳәм кәрханаларда ҳәрекет етти. Қарарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, қала ҳәм район  ҳәкимликлериниң структураларында мәлимлеме хызметлери шөлкемлестирилиўи ҳәм ҳәр үш жылда Агентлик ямаса оның аймақлық басқармаларынан аттестациядан өтетуғыны белгиленген. Усы карар талапларынан келип шығып, бүгинги күнде республикамыздағы 50 ден аслам мәлимлеме хызмети басшылары ҳәр қыйлы министрлик ҳәм шөлкемлерде, қала ҳәм район ҳәкимликлеринде, жоқары оқыў орынларында жумыс алып бармақта. Олардың барлығы басқармамыз тәрепинен аттестациядан өткерилген болып, табыслы өткен мәлимлеме хызмети басшылары арнаўлы сертификатларға ийе болды.

– Баспасөз хызметлери өз жумысларын қайсы нызам талаплары тийкарында әмелге асырады?

Мәлимлеме хызметлери журналисика хызметиниң бир түри болғанлықтан өз жумысларын «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы, «Мәлимлеме алыў кепилликлери ҳәм еркинлиги ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳақкында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамлары, Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарар, пәрманлары, Министрлер Кабинетиның қарарлары  ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге әмел етеди.

– Мәлимлеме хызметлериниң ўазыйпаларына тоқтап өтсеңиз?

Қарарда баспасөз хызмети басшыларына бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы ҳаққында ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар, шөлкемлердиң рәсмий веб-сайтлары арқалы халыққа турақлы ҳәм оператив түрде мәлимлеме усынып барыў, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер менен нәтийжели бирге ислесиў, оператив мағлыўматларды тарқатыў, сондай-ақ, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаўда халықтың кең қатламларының қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде эксперт­лер топарын қәлиплестириў, ғалаба хабар қуралларында  шөлкем басшыларының шығыўларын шөлкемлестириў, мәлимлеме мәканы мониторингин алып барыў ҳәм таллаў, сын көзқарастан билдирилген пикирлерге оператив түрде мүнәсибет билдириў, олар ҳаққында мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң басшыларына мәлимлеме берип барыў, сондай-ақ, шөлкем ўәкиллигине киретуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары, олардың тастыйықланған нусқаларын белгиленген тәртипте өзиниң рәсмий веб-сайтларында жайластырыў, өткерилген илажларға байланыслы информацилық характердеги материаллар, фото, аудио ҳәм видеоматериаллардан ибарат мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм жаңалап барыў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.

– Жәмийетшилик пенен байланыслардың ҳәзирги раўажланған басқышында мәмлекетлик уйым баспасөз хызметлери өз ўазыйпалары шеңберинде қандай илажларды әмелге асырмақта?  

Мәлимлеме хызмети басшылары өз ўазыйпалары шеңберинде тараўда жүргизилип атырған жумыслардың барысы ҳаққында жетекши экспертлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасында баспасөз конференциялары, брифинглер, медиатурлар шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баспасөз хызметиниң басламасы менен Хожели ҳәм Қанлыкөл районларын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде медиатурлар шөлкемлестирилди. Буннан басқа да социаллық тармақларда сын көзкарастан билдирилген пикирлерге рәсмий жуўаплар берилмекте. Пуқаралардан келип түскен мүрәжатлардың унамлы шешим таўып атырғанлығы бойынша рәсмий веб-сайтлары ҳәм социаллық тармақларда материаллар жәрияламақта. Өзи жумыс алып барып атырған уйымның имиджин көтериўде материаллар ҳәм видеобилдириўлерин кең жәмийетшиликке  усынбақта.

 

Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!  

 

Сәўбетлескен: А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.