Мәмлекетлердиң интернет тезлиги бойынша рейтинги жәрияланды

147

Ookla компаниясы январь айында дүнья мәмлекетлеринде дизимге алынған интернет тезлиги бойынша есабатын усынды.

Сингапур – кең полосалы интернет, Бирлескен Араб Әмирликлери – мобиль интернет бойынша ҳәммеден тез.

Изертлеўге бола, январь айында дүньяда сымлы интернет тезлиги орташа: жүклеп алыў ушын – 97,61 Мбит/секунд, жибериў ушын – 52,84 Мбит/секундты қурады.

Сингапурда интернет тезлиги: жүклеп алыў ушын – 336,45 Мбит/секунд, жибериў ушын – 275,30 Мбит/секунд. Кейинги орынларда: БАӘ (310,05 Мбит/с), Гонконг (305,71 Мбит/с), Франция (287,44 Мбит/с) ҳәм Исландия (281,95 Мбит/с).

Жүклеп алыў тезлиги орташа 3 Мбит/секундты қураған Сирия ҳәм Куба рейтингде соңғы орынларды ийеледи.

Январьда глобал мобиль интернет тезлиги дерлик кең полосалы интернет дәрежесине шығып, жүклеп алыў тезлиги 91,24 Мбит/секундқа жетти.

БАӘ – мобиль интернет тезлиги бойынша дүньяда жетекши: жүклеп алыў тезлиги 545,94 Мбит/секундқа жетип, өткен жылдың январындағы көрсеткиш (302,38 Мбит/с) әдеўир жақсыланды. Кейинги орынларда: Қатар (521,51 Мбит/с), Кувейт (314,39 Мбит/с), Болгария (252,05 Мбит/с) ҳәм Бахрейн (213,09 Мбит/с).

Рейтингке киргизилген 104 мәмлекет арасында соңғы орынларды Боливия (13,20 Мбит/с) ҳәм Эритрея (1,88 Мбит/с) бәнт етти.

Бул рейтингте Өзбекстан кең полосалы интернет тезлиги (51,02 Мбит/с) бойынша (бес текшеге жоқарылап) 68-орынды, мобиль интернет тезлиги (81,58 Мбит/с) бойынша 75-орынды ийеледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги