Кибер жынаятшыларға қарсы илажлар даўам етпекте

112

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде киберқәўипсизлик, интернеттеги алдаўшылық жолы менен пластик карталардан пул қаржыларын шешип алыў жағдайларына байланыслы жынаятлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылыўы тийис жумысларға байланыслы тараў ўәкиллери менен кеңейтилген мәжилис болып өтти. Мәжилисте Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты ҳәм басқарып барды. Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 29-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы жәмийетлик қәўипсизлик концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-27-санлы Пәрманы ҳәм 2022-жылы 3-февральдағы «Интернет тармағында жүз берип атырған ҳуқықбузыўшылықлардың алдын алыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-117-санлы қарары қабыл етилген. Усы қарарлардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Министрлер Кеңесиниң тийисли қарар ҳәм бийликлери қабыл етилип, министрликлер, мәкеме ҳәм шөлкемлерге интернет тармағында жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша тапсырмалар берилген. Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Е.Таджиев, Ишки ислер министри Б.Торебеков ҳәм бир қатар тараў ўәкиллери де қатнасты.

Онда халықтың арасында кибер жынаятшыларға алданып қалып атырған жағдайлар бойынша мәселелер көрип шығылды. Сондай ақ, жыйналғанларға жеке мағлыўматларды интернет тармағында бийтаныс шахсларға бериў ақыбетинде жүзеге келип атырған ҳәм басқа да жынаятлардың аўыр ақыбетлеринен хабардар етиўге қаратылған түсиндириў жумысларын алып барыў бойынша мәжилис қатнасыўшыларына бир қатар тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги