Бүгин Саудия Арабстанында Украина бойынша сөйлесиўлер болып өтеди

176

Бүгин Саудия Арабстаны пайтахты Ар-Риёдта Россия рәсмий делегациясының қатнасыўында Украина бойынша сөйлесиўлер болып өтеди, деп жазбақта хаbаr.uz.

Буннан алдын АҚШ Президенти Дональд Трамп ҳүкиметиниң жоқары мәртебели ҳәмелдарлары Россия ҳәм Украина арасында тынышлық сөйлесиўлерин баслаў ушын Саудия Арабстанына барғаны хабар етилген еди.

Дерек «Коммерсант»қа сүйенип Америка тәрепиниң қурамына Мәмлекетлик хаткер Марко Рубио, АҚШ миллий қәўипсизлик бойынша кеңесгөйи Майк Уолз ҳәм АҚШ Президентиниң Жақын Шығыс бойынша арнаўлы ўәкили Стив Виткоффлар кириўи мүмкин, Россия тәрепинен болса, мәмлекеттиң сыртқы ислер министри Сергей Лавровтың сапары күтилип атыр деп жазбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги