Жаслар ушын жаңа қор шөлкемлестириледи

«Жаслар исбилерменлигин ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған бизнес жойбарларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистриў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-60-санлы, 14.02.2025.ж) қабыл етилди.
Қарарға бола, Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры негизинде Жаслар ислери агентлиги жанында Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры шөлкемлестириледи.
Қор қаржылары белгиленген дереклер есабынан 100 миллион АҚШ доллары эквивалентине тең суммаға жеткериледи.
Қор жәрдеминде кеминде 50 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў оның жумысының тийкарғы нәтийжелилик көрсеткиши есапланады.
Белгиленген дәрья, канал ҳәм жағалық бойларында хызмет көрсетиў, кеўил ашар ҳәм дем алыў орынларын шөлкемлестириў бойынша бизнес жойбарларын жайластырыў ушын орнатылған тәртипте электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыў арқалы жер участкалары ажыратылады.
Жаслар ислери агентлигиниң Қорға ажыратылатуғын қаржылары есабынан Қор жанында устав фонды 10 миллион АҚШ доллары эквивалентине тең болған жаслардың перспективалы стартап жойбарларын қаржыландыратуғын венчур қор шөлкемлестириледи, -деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги