Өзбекстан – Кувейт: кең көлемли шериклик раўажландырылады

97

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Кувейт Мәмлекети Әмири Шайх Мишъал ас-Сабоҳтиң мирәт етиўине бола 17-февраль күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетке келди.

Ал-Кувейт халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Әмир Шайх Мищъал ас Сабоҳ, Мийрасхор Шайх Сабоҳ Холид ал-Ҳамад ас – Сабоҳ ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.

 

Өзбекстан жетекшисиниң келиўине ҳүрметли қараўыл сап тартты, мәмлекет байрақлары көтерилди, еки мәмлекеттиң гимнлери атқарылды.

Президентимиз ҳүрметли қараўыл сапы  алдынан өтти. Соң мәмлекет басшылары рәсмий делегациялар ағзалары ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллерин қутлықлады.

Аэропорттың Әмир терминалында жетекшилер арасында қысқа сәўбет болып өтти.

Соң Ал-Кувейт қаласындағы «Ал-Баян» сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Кувейт Мәмлекети Әмири Шайх Мишъал ас-Сабоҳ тар шеңберде ушырасыў ҳәм рәсмий  делегациялар ағзаларының қатнасыўында сөйлесиўлер өткереди.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы көрсетилип атырған  қызғын қабыллаў ҳәм жоқары итибар ушын Әмирге миннетдаршылық билдирип, Кувейт жетекшиси ҳәм дос халқын жақынласып киятырған миллий байрамлар менен шын жүректен қутлықлады.

Өзбекстан менен Кувейт арасындағы дослық ҳәм көп тәреплемели шериклик қатнасықларын және де  раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Президентимиз Кувейтте табыслы әмелге асырылып атырған, мақсет ҳәм ўазыйпалары Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының узақ мүддетли тийкарғы бағдарларына үнлес болған «Нигоҳ-2035» мәмлекетлик бағдарламасын айрықша атап өтти.

Жедел сиясий сөйлесиўлер ҳәм уйымлараралық алмасыўлар, өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми турақлы артып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өткен жылы Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси нәтийжели өткерилди, бир  қатар әҳмийетли исбилерменлик илажлары шөлкемлестирилди.

Саўда-экономикалық, инвестициялық, инновациялық ҳәм қаржы-техникалық тараўлардағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

«Жасыл» энергетика, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, инфраструктура, қала қурылысы, денсаўлықты сақлаў, туризм тараўлары әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.

Биргеликтеги жойбарларды алға қойыў мақсетинде Инвестиция платформасы ҳәм Исбилерменлер кеңеси сыяқлы механизмлерди жолға қойыў, сондай-ақ, Ал-Кувейт қаласында саўда үйин ашыў бойынша келисимге ерисилди.

Жаңа шериклик бағдарламасы шеңберинде Кувейт араб экономикалық раўажланыў фонды менен жойбарлар портфелин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Кувейтте мәденият ҳәм туризм ҳәптеликлерин өткериў, еки мәмлекет ўәкиллериниң көркем өнер, музыка, кино, билимлендириў ҳәм спорт тараўларындағы мәдений-гуманитарлық илажларда белсене қатнасыўына жәрдемлесиўге келисип алынды.

Ушырасыўда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Қосылмаў ҳәрекети ҳәм басқа да абырайлы структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы жыл май айында Самарқанд қаласында өткерилетуғын «Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» сөйлесиўи саммитине таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша биргеликтеги илажлар додаланды.

Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша да пикир алысты.

Сөйлесиўлер жуўмағында еки мәмлекет басшылары кең көлемли шерикликти раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қарар етти.

Сөйлесиўлер соңында Өзбекстан Президенти Кувейт Әмирин мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти.

Ал-Кувейт қаласында болып өткен сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Кувейт Мәмлекети әмири Шайх Мишъал ас-Сабоҳ Өзбекстан – Кувейт кең  көлемли шериклик қатнасықларын раўажландырыў ҳаққында биргеликтеги билдириўди қабыл етти.

Сондай-ақ, төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:

– Санаат  тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Ҳаўа қатнаўы ҳаққындағы келисимге протокол;

– Мийнет тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– «Ақыллы» қалаларды қурыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Көркем өнер ҳәм мәденият тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Туризм тараўында 2025-2027-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасы;

– Кувейт араб экономикалық раўажланыў қоры менен бирге ислесиў ҳаққында келисим.



Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Кувейтке сапары шеңберинде өзи ушын ажыратылған резиденцияда усы мәмлекеттиң Бас министриниң ўазыйпасын атқарыўшы, ишки ислер министри Шайх Фаҳд ас-Сабоҳ басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Ушырасыўда Кувейт тәрепинен қаржы ҳәм инвестициялар министри Нура Сулаймон ал-Фассам, саўда ҳәм санаат министри Халифа Абдулла ал-Аскар ҳәм Инвестиция агентлигиниң директоры Шайх Сауд ас-Сабоҳ да қатнасты.

Болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Еки мәмлекет басшыларының Өзбекстан – Кувейт қатнасықларын кең көлемли шериклик дәрежесине алып шыққан ушырасыўы нәтийжели болғаны үлкен  қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

«Орайлық Азия – Араб Қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» саммитинде қатнасыў ушын Кувейт Әмириниң Өзбекстанға болажақ сапарына биргеликте таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық қатнасықларды раўажландырыў тийкарғы  ўазыйпа сыпатында  белгиленди.

Усы көзқарастан, Биргеликтеги инвестиция платформасы ҳәм Исбилерменлер  кеңесин шөлкемлестириў, сондай-ақ, аўыл хожалығы, логистика ҳәм транспорт, гидроэнергетика, инфраструктура, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика ҳәм басқа тармақлардағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм  алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

«Жол картасы»на киргизилген кооперация бағдарламалары ҳәм жойбарларын  алға қойыў мақсетинде жедел сөйлесиўлер ҳәм өз-ара сапарларды шөлкемлестириўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Кувейт сыртқы ислер министри Абдулла ал-Яҳё менен ушырасыў өткерди.

Кувейтке әмелге асырылып атырған тарийхый сапар даўамында ерисилген келисимлер шеңберинде жедел сиясий сөйлесиўди даўам еттириў, саўда- экономикалық ҳәм инвестициялық-финанслық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Сапар шеңберинде Кувейт араб экономикалық раўажланыў қоры  менен жаңа бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылғаны жоқары баҳаланды.

Азық-аўқат қәўипсизлиги, санаат кооперациясы, инфраструктура, туризм ҳәм басқа бағдарларда жойбарларды алға қойыў ҳәм мәмлекетлер арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыўға айрықша  итибар қаратылды.

Сапардың исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “Fouad Alghanim & Sons”  компаниясының басшысы Фади Хаддадты қабыл етти.

1965-жылы шөлкемлестирилген  холдинг машина қурылысы, қурылыс, энергетика, нефть-газ, саўда, кеме қурылысы, авиация, телекоммуникация, туризм ҳәм көшпели мүлк тараўларында жумыс ислемекте.

“Fouad Alghanim & Sons” компаниясының мәмлекетлик –жеке меншик шериклик  шәртлери тийкарында денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў объектлерин қурыў режелери қоллап-қуўатланды.

Президент Шавкат Мирзиёев “Agility Logistics”  компаниясының баслығы  Хенади ал-Солиҳ пенен ушырасыў өткерди.

1979-жылы шөлкемлестирилген трансмиллий логистика компаниясы бул  тараўда дүньяның ең ири кәрханаларынан болып, 70 тен аслам мәмлекетте жумыс ислемекте. Авиация хызметлери, санаат қоймаханалары, логистика парклери, хызметлерди санластырыў сыяқлы бағдарларда жумыс алып бармақта.

Ушырасыўда  Қолтық мәмлекетлерине аўыл хожалығы өнимлерин нәтийжели жеткерип бериў ушын Өзбекстанда биргеликтеги логистика орайын шөлкемлестириў бойынша перспективалы жойбарға айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз Шавкат  Мирзиёев “Action Group Holdings”  компаниясының баслығы Шайх Муборак ас-Сабоҳти қабыл етти.

1998-жылы шөлкемлестирилген холдинг жумысы көшпели мүлк, нефть санааты, мәлимлеме технологиялары, логистика, қурылыс, билимлендириў, консалтинг ҳәм саўда тараўларын қамтып алады.

Мәмлекетимиз басшысы “Action Group Holdings” компаниясының Өзбекстанда  гидроэлектр станциялары ҳәм социаллық турақ жайлар қурыў,  минерал ресурсларды қайта ислеў бойынша режелерин мақуллады .

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “Kamco Invest” компаниясының басшысы Абдуллоҳ ал-Шарих пенен ушырасты.

1998-жылы шөлкемлестирилген “Kamco Invest”  қаржы компаниясы активлерди басқарыў, инвестициялық банкинг ҳәм брокерлик тараўында хызметлер көрсетеди. БАӘ, Саудия Арабстаны, Иордания ҳәм Уллы Британияда ўәкилханалары бар.

“Kamco Invest” басшылары менен жеке меншик компаниялардың корпоратив жумысының нәтийжелилигин арттырыў жойбарын жолға қойыў ҳәм Биргеликтеги инвестиция платформасын жаратыў бойынша келисимге  ерисилди.

Мәмлекетимиз басшысының Кувейтке рәсмий сапары исбилерменлик бағдарламасы даўамында “Al Imtiaz Investment Group” компаниясының басқарма ағзасы ҳәм атқарыўшы директоры Фузи Холид бин Эсса менен ушырасыў болып өтти.

“Al Imtiaz Investment Group” топары 2005-жылы шөлкемлестирилген болып, активлерди басқарыў, көшпес мүлк, денсаўлықты сақлаў, санаат ҳәм қаржы тараўларында инветсиция киргизиўге қәнигелескен.

Кувейт компаниясының азық-аўқат жетистириў, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ көшпели мүлк объектлерин қурыў бойынша басламасы қоллап-қуўтланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “Kuwait Investment Company” компаниясының бас атқарыўшы директоры Фавоз ал-Аҳмадты қабыл етти.

Тийкарғы акционерлери Кувейт инвестиция агентлиги болған компания 1961-жылы шөлкемлестирилген. Активлерди басқарыў, инвестициялық банкинг, жеке меншик бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў менен шуғылланады.

Билимлендириў, инфраструктура, агросанаат, жасалма интеллект технологияларын енгизиў тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў қоллап-қуўатланды.

Мәмлекетимиз басшысы “Gulf Care General Trading” компаниясы  баслығы доктор Ияд ас-Солиҳти қабыл етти.

2001-жылы шөлкемлестирилген компания Қолтық регионында медициналық үскенелердиң ең ири жеткерип бериўшилеринен бири болып, Кувейттеги  жеке меншик медицина мәкемелериниң кең тармағының ийеси болып есапланады.

Мәмлекетимиз жетекшиси кеселликлерди ўақтында анықлаў тараўындағы шериклик раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Компанияның мәмлекетимиз аймақларында медициналық хызмет көрсетиў ҳәм фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў жойбарларын  әмелге асырыў бағдарындағы режелери қоллап-қуўатланды.

Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ал-Кувейт қаласындағы “Ас-Салом” сарай-музейине барды.

Сарай 1960-1964-жылларда өзине  тән араб архитектура усылында қурылған ҳәм 1990-жылға шекем Кувейтке барған сырт ел басшылары ушын рәсмий резиденция болып хызмет еткен.

2019-жылы сарайда музей ашылған болып, онда 32 мың квадрат метр майданда  Кувейттиң көп әсирлик тарийхы ҳәм мәдениятын көрсетиўши сийрек ушырасатуғын экспонатлар көрсетилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы музей экспозициясы менен танысып, оның архитектуралық концепциясы ҳәм заманагөй инфраструктурасын жоқары баҳалады.

Өзбекстан менен Кувейт мәдений алмасыўларды, атап айтқанда, музейдиң жумысы ҳәм тарихый мийрасты сақлаў тараўындағы қатнасықларды кеңейтиў, биргеликтеги гуманитарлық бағдарламаларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара көргизбелер шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Соңында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев музейдиң Ҳүрметли мийманлар китабында автограф жазып қалдырды.






Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Кувейт Мәмлекетине рәсмий сапары даўам етпекте.

ӨзА