«Пахтакор» келеси басқышқа шықты

194

Кеше Ташкенттиң «Пахтакор» клубы Азия чемпионлар лигасының Элит лигасында топар басқышының соңғы тур ойынын өткерди. Пайтахтымыздағы «Жар» стадионында өткерилген ойында, ташкентли футболшылар «Ал Садд» клубын 2:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды ҳәм турнирдиң келеси басқышына жолламаны қолға киргизди.

Ойындағы еки гол да «Пахтакор» қурамындағы колумбиялы легионер Брайан Риаскос тәрепинен урылды.

Енди «Пахтакор» клубы 1/8 финалда Саудия Арабстанының «Ал Ҳилол» яки «Ал Аҳли» клубына қарсы ойынға түседи.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы