Сен жерди бақсаң, жер сени бағады

172

«Сен жерди бақсаң, жер сени бағады» дегениндей бүгинги күни республикамыз аўылларында өзлериниң қыйтақ жерлерине күтимли тәрбия берип, оннан шаңарағына дәрамат таўып атырған хожалықлар баршылық.

Усындай заманласларымыздың бири сыпатында шымбайлы Ахмет Сметовтың шаңарағын айтып өтсек болады. Тийкарғы кәсиби  муғаллим болған ол кишкене ўақытларынан-ақ, дийқаншылыққа бир ата жақын болып өскен.

Мектепти питкергеннен соң илим излеп Москваға атланған жастың нийети әмелге аспай, дәслепки жылы өзи әрман еткен Москва мәмлекетлик университетине оқыўға түсе алмады. Соңынан оқыўға кирмей аўылға бос қайтқанды арсынған ол, қарақалпақстанлы өзиндей 2 жигит пенен Литва пайтахты Вилньюс қаласындағы медициналық училищеге оқыўға киреди ҳәм оны 1979-жылы питкерип, Ўатан алдындағы азаматлық парызын орынлаў мақсетинде Армияға атланады.

Армиядан келгеннен соң университеттеги таярлық курста оқып, 1982-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң физика факультетине оқыўға түскен ол, 1-курсынан баслап-ақ, устазлары Мақсет Арзуов, Бахтияр Абдикамалов, Алым Мажитов, Әмет Жолымбетовлардың басшылығында илимий изертлеўлер алып барады.

-Устазларымыз бенен биргеликте физиканың теориялық мәселелерин үйрендик,-дейди Ахмет аға сол жылларды еске алып.-Университетти питкергеннен соң мени сол жерге үлкен илимий хызметкер етип жумысқа алып қалды ҳәм соңынан Москвадағы улыўма физика институтына информатика тараўын үйрениў ушын оқыўға жиберилдим. 1991-жылы оқыўды питкерип келгеннен соң, ата-анам мени аўылға  келип жумыс исле, деп шақыра бергеннен кейин сол ўақыттағы 5-санлы орта арнаўлы кәсип техникалық училищесине муғаллим болып жумысқа орналастым. Сол жыллары районға жаңа компьютерлер алып келинип, мени қәниге сыпатында усы үскенелерди орнатып бериўге жуўапкер етип бекитти. Аймақтағы барлық мәкем, кәрхана, шөлкем ҳәм оқыў орынларына компьютер техникаларын орнатыўға қатнастым. Информатика бойынша жетик қәниге екенимди билген сол ўақыттағы Шымбайдағы техникум басшылары мени өзлерине жумысқа шақырып, усы оқыў орнында пенсияға шыққанша жумыс иследим.

Амет аға Сметов усы жыллар ишинде үйленип, хожалықлы болды ҳәм өз алдына отаў тигип үйинен бөлек шықты.

-Аўылда жасағаннан соң тийкарғы жумыс пенен бирге, үй алды дийқаншылықты қосып алып бармасаң, хожалық бағыўда қыйыншылыққа ушырайсаң. Сонлықтан ата кәримиз есапланған муғаллимшилик пенен бирге дийқаншылықты да қоса алып бардық. Үй алдына овощ-палыз, картошка ҳәм мийўе-жүзим нәллерин егип, оннан жетистирилген өним менен өзимизди-өзимиз тәмийинледик, аўысқанын базарға сатып, дәрамат таптық.

Ҳәзирги ўақытта үй алды қыйтақ жеримизде алма, алмурт, жүзим, шийе, ерик, беҳи, қәрели, жүзим, олардың арасына помидор, гешир, овощ-палыз егинлерин егип, хожалығымызға 100 млн сумнан аслам дәрамат таўып отырмыз. Сондай-ақ, дийқаншылық пенен бирге, усы қыйтақ жеримизде пал жетистириўди де жолға қойып атырмыз. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта 30 қуты пал ҳәррелерин бағып атырмыз. Үйимизде саўын сыйыр сақлап, балаларымызды тәбийғый өнимлер менен толық тәмийинлемектемиз,-дейди Ахмет аға.

Шынында да, «ҳәрекетке берекет» дегениндей пенсияға шықса да, өз үстинде изленип, хожалығына қосымша дәрамат таўып атырған усындай заманласларымыздың ийгиликли ислерине ҳәўесимиз келди.

-Соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар сыяқлы, аўыл хожалығын раўажландырыў, соның ишинде, пуқараларымыздың қыйтақ жерлеринен мол дәрамат табыўына жәрдемлесиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атыр. Буның айқын мысалын бизлер өз турмысымызда көрмектемиз. Атап айтқанда, өткен жылы Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлиги байрамы алдында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Ардақлы нураный» көкирек белгиси ҳәм зүрәәт байрамында республикамыз басшысы Аманбай Орынбаев тәрепинен ең үлгили қыйтақ жер ийеси сыпатында заманагөй культиватор менен   сыйлықландым. Бул маған өзгеше қуўаныш ҳәм күш-жигер бағышлады. Буның ушын Президентимизге ҳәм республикамыз басшыларына өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен,-дейди Ахмет аға Сметов.

Ахмет аға усы жыллар ишинде, жеңгемиз Шийрин апа Маңғытбаева менен биргеликте, 5 қыз, 1 улды тәрбиялап камалға келтирди. Қызларын узатып, олардан ақлықлар сүйди. Генжетай улы Темирбек Қанияров банк системасында жумыс ислемекте. «Сен жерди бақсаң, жер сени бағады» деген усы болса керек.

 

Адилбай Оразов,    

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы