Қазақстанда шахта қулаўы ақыбетинде кәншилер қайтыс болды
138

Ҳәдийсе Уллытаў ўәлаятындағы «Жомарт» кәнинде жүз берди. Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, апатшылыққа тәбийғый газ жарылыўы себеп болған. Қутқарыўшылар қайтыс болған 7 кәншиниң денесин алып шықты. Жағдай бойынша жынаят иси қозғатылған.
«Қазақмыс» корпорациясы қайтыс болған кәншилердиң шаңарақларына олардың 10 жыллық айлығын ҳәм перзентлериниң оқыў қәрежетлерин төлеп береди, сондай-ақ, жерлеў мәресимин шөлкемлестириўге 2 миллион теңгеден қаржы ажыратылады.
Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев қайтыс болғанлардың шаңарағына кеўил билдирип, ҳүкиметке айрықша жағдай себеплерин жақсылап үйрениў бойынша тапсырма берген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги