Жасқа байланыслы пенсияны проактив түрде тайынлаў тәртиби енгизиледи

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилисинде халыққа социаллық хызметлер көрсетиў системасын және де жетилистириўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, усы нызам жойбары менен халыққа пенсия тайынлаў системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын жақсы қолланған ҳалда мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған хызметлер сапасын және де арттырыў мақсет етилген. Соннан келип шығып, “Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы нызамға пенсия алыў жасына толған (ерлер 60 жас, ҳаяллар 55 жас) пуқараларға жасқа байланыслы пенсияны олардың өз алдына мүрәжатын талап етпеген ҳалда проактив түрде тайынлаў тәртибин белгилеўге байланыслы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларына барлық напақаларды тайынлаў ҳәм төлеў Социаллық қорғаў миллий агентлиги ўәкиллигине өткерилгени мүнәсибети менен “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы ҳәм “Халықтың бәнтлиги ҳаққында”ғы нызамларға да өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.
Фракция ағзалары нызам жойбары менен бир қатар жеңилликлер берилип атырғанын, артықша әўерегершиликлердиң алды алынатуғынын атап өтип, оны қоллап-қуўатлады.
ӨзА