USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЖОЙБАРЛАРДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ БОЙЫНША ӨЛШЕМЛЕР БЕЛГИЛЕП БЕРИЛДИ

Лойиҳаларни амалга оширишда мезонлар белгилаб берилди

Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 26-май күни инвестициялық мәселелер бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди. Илажда Инвестициялық бағдарламаның усы жылдың дәслепки төрт айындағы орынланыўы талланып, прогноз көрсеткишлерин сөзсиз орынлаў, атап айтқанда, ири өндирис қуўатлықлары, социаллық ҳәм инфраструктура объектлерин пайдаланыўға тапсырыў илажлары додаланды.

2020-жылғы Инвестициялық бағдарламаға 3 мыңнан аслам жойбар киргизилген болып, оларды әмелге асырыў ушын 235 триллион сумлық инвестициялар. соның ишинде, 7 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестицияларының өзлестирилиўи белгиленген.

Дерлик бир айдан кейин биринши ярым жыллық тамамланады. Бүгинги қыйын дәўирде экономикалық турақлылықты тәмийинлеў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша жумыслардың дәслепки нәтийжелери жүзеге шығады.

Сонлықтан, мәмлекетимиз басшысы қысқа ўақытларда нәтийже беретуғын, әсиресе, жаңа жумыс орынларын жарататуғын ҳәм экономикалық өсиўди тәмийинлейтуғын жойбарлар бойынша ислеў зәрүрлигин атап өтти.

Бәринен бурын, социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектлериниң мәселесине итибар қаратылды. Ҳәзирги күнде Самарқанд ўәлаятында 38, Ташкент ўәлаятында  89, Хорезм ўәлаятында 41 жойбар бойынша қурылыс жумысларының артта қалып атырғаны атап өтилди.

Турақ-жай коммуналлық хызмет министрлиги және Суў хожалығы министрлигине Кризиске қарсы гүресиў қорынан қаржыландырылатуғын объектлерде қурылысты тезлестириў ўазыйпасы жүкленди.

26-май күни Алмалық кән-металлургия комбинатында реңли ҳәм қымбат баҳалы металлар ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳаққында Президент қарары қабыл етилди. Оған муўапық, металлургия комплекси ҳәм 2 мыс байытыў фабрикасын қурыў арқалы мыс ҳәм алтын ислеп шығарыў көлеми 3 есе көбейтилип, мыс ислеп шығарыў көрсеткишлери 400 мың тонна, алтын 50 тонна ҳәм гүмис 270 тоннаға шекем жеткериледи.

Зергерлик ҳәм электр техникасы сыяқлы тармақлар буннан, пайдаланып, өндирис көлемлерин ҳәм жумыс орынларын көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәммемизге белгили, усы жылғы жағдайды есапқа алып, кешиктириў мүмкин болмаған қурылыслар ушын ажыратылған 450 миллиард сум Инвестициялық бағдарламадан шығарылған еди. Бул қаржының 150 миллиард сумы 40 мың гектар жерди өзлестирип, 80 мың турақлы жумыс орнын жаратыўға бағдарланды.

Мәжилисте ҳәр бир тармақ ҳәм аймақ басшысы бюджеттен қаржыландырылатуғын инвестициялық жойбарларды және бир мәрте көрип шығып, қәрежетлерин оптималластырыў зәрүрлиги атап өтилди.

– Ҳәр бир жойбарды әмелге асырыўдан алдын бул объект аймақтың раўажланыўына үйлесимли ме, оннан халыққа пайда бар ма, қанша адам жумыс пенен тәмийинленеди, деген сораўларға жуўап табыўы шәрт, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бас министр орынбасарларынан ендиги жыл ушын Инвестициялық бағдарламаға биринши гезекте жаңа жумыс орынларын жарататуғын ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға жәрдем беретуғын жойбарларды киргизиў нормаларын енгизиў тапсырылды.

Объект баҳасы, жойбарлардың сапасы ҳәм олардың келешектеги нәтийжелилиги ҳәр тәреплеме жойбар ҳүжжетлерине байланыслы, олардың айырымлары халықаралық талапларға жуўап бермейди. Сырт елден тартылған компаниялар менен қәнигелер бул жойбарлар тийкарында ислей алмайды.

Сонлықтан, дүнья стандартларын тезирек адаптациялаў шәрт екенлиги атап өтилди. Келеси жылдан баслап бюджет қаржылары есабынан ири объектлерди жойбарлаўдан тартып, оларды пайдаланыўға тапсырыўға шекемги барлық процесс халықаралық нормалар тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленди. Сондай-ақ, жойбарлаўға қаржы ажыратыў бойынша қойылған шеклеўлер бийкар етиледи.

Қурылыс министрлигине жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў, қурыў, экспертизадан өткериў бойынша халықаралық стандартларды енгизиў бағдарында тапсырмалар берилди. Онда жойбарлаў шөлкемлериниң авторлық ҳәм буйыртпашылардың техникалық қадағалаўы бойынша жуўапкершилиги де анық белгиленеди.

Мәжилисте тиккелей сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы жойбарлар да ҳәр тәреплеме талланды.

Быйылғы өзлестирилип атырған бундай инвестициялардың 34 проценти нефть-газ, энергетика, таў-кән ҳәм металлургия тармақларына және 52 проценти аймақлық жойбарларға тийисли. Соның менен бирге, электротехника, химия ҳәм азық-аўқат санаатында бундай инвестицияларды бир неше есе арттырыў иманиятының бар екенлиги атап өтилди.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине «өсиў тийкары» бола алатуғын мәлимлеме технологиялары, зергерлик, химия, электр техникасы, жоқары билимлендириў, денсаўлықты сақлаў тараўларына жедел инвестициялар тартыў бойынша айрықша көзқарасларды ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды. Улыўма, тиккелей инвестицияларды тартыў бойынша қатнасларды өзгертиў, жергиликли инвесторларды қоллап-қуўатлаўды кеңей       тиў зәрүрлиги атап өтилди.

Бүгинги күнге шекем тек ғана сырт ел инвесторлары ушын нәзерде тутылған жеңилликлер енди жергиликли жеке меншик инвесторлар ушын да енгизиледи.  Мысал ушын, жеке меншик инвестор өз есабынан 25 миллион доллардан аслам баҳадағы жойбарды басласа, сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларының бюджети есабынан қурып бериледи.

Сондай-ақ, сырт елде жасап атырған ўатанласларымызды мәмлекетимизге инвестиция киргизиўге хошаметлеў ҳәм олар менен турақлы ислесиў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте пандемия себепли өзлестирилмей қалыў итималы болған тиккелей сырт ел инвестициялары тараўлар ҳәм аймақлар кесиминде көрип шығылды. Бундай жойбарлардың перспективасын үйренип, мүддетлерин кешиктириў ямаса орнына жаңаларын киргизиў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Халықаралық финанс институтларының кредитлери есабынан әмелге асырылып атырған 98 жойбар бойынша қаржыларды өзлестириў дәрежеси  сынға алынды. Министрликлерге машқалаларды тез арада сапластырыў, жойбарларды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Инвестициялық бағдарлама шеңберинде усы жылы 206 ири жойбарды иске түсириў режелестирилген. Олардың 39ында мүддеттен кешигиў қәўипи бар. Бул жойбарлардың тийкарғы бөлеги энергетика, тоқымашылық, электр техникасы, транспорт тармақлары ҳәм Наўайы, Наманган, Сырдәрья ҳәм Фергана ўалаятларына туўра келеди.

Президентимиз усы жойбарлардың нәтийжесинде мыңлаған жумыс орынларын жаратыў, импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарылыўы зәрүр екенлигин айтып, жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.

Пайдаланыўға тапсырылған ири ҳәм орта өндирис қуўатлықларын мониторинг етиў бойынша турақлы комиссия шөлкемлестирилиўи белгиленди. Бул комиссия кәрханалар иске түскеннен соң олардың жетерли шийки зат ҳәм инфраструктура менен тәмийинлениўине, толық қуўатлылықта ислеўине жуўапкер болады.

Мәжилисте, сондай-ақ, халықтың дәраматын арттырыўға хызмет ететуғын киши жойбарларға инвестицияларды көбейтиў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Мәселен, Әндижанда мийўе-овощ жетистириў, шарўашылық, қусшылық бағдарларындағы 7 кластер менен 9 мыңнан аслам халық арасында жумысты үйге алып ислеў усылында кооперацияны жолға қойыў бойынша 40 миллион долларлық жойбарлар ислеп шығылған. Усы тәжирийбе тийкарында басқа да  халқы тығыз аймақларда да усындай система жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.

Санааты раўажланбаған Тамды районында 320 миллиард сумлық 70 ҳәм Пахташы районында 660 миллиард сумлық  83 инвестициялық жойбар қәлиплестирилген. Оларды әмелге асырыў ушын Пахташының Наўайы қаласы менен, Тамдының Зарафшан қаласы менен шегаралас аймағында санаат зоналары шөлкемлестирилиўи мөлшерленген.

Жуўапкерлерге, сондай-ақ, санааты раўажланбаған басқа районлар бойынша имканиятларды анықлап, санаат зоналарын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди. Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын көбейтиў мәселесине де тоқтап өтилди.

Видеоселектор мәжилисинде экономика тармақлары ҳәм аймақлардың басшылары усы жылдың өткен дәўириндеги нәтийжелер ҳәм жыл ақырына шекем мөлшерленген инвестициялық жумыс бойынша есабат берди.

 

ӨзА