USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ: «БИЙПӘРЎАЛЫҚ ПАНДЕМИЯҒА ҚАРСЫ БАРЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫМЫЗДЫҢ НӘТИЙЖЕСИН ЖОҚҚА ШЫҒАРЫЎЫ МҮМКИН»

Президент: Бепарволик пандемияга қарши барча ишларимиз натижасини йўққа чиқариши мумкин

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-май күни инвестициялық мәселелерди додаланыўға бағышланған видеоселектор мәжилиси басында мәмлекетимизде коронавирус пандемиясына қарсы гүрес бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға  айрықша тоқтап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы, соның ишинде, былай деди:

– Соңғы күнлерде коронавирус пенен кеселленгенлердиң саны мәмлекетимизде  де көбейгени атап өтилмекте. Атап өтиўимиз керек, көпшилик аймақ ҳәм кәрхана басшылары, пуқараларымыз карантин илажларының  жумсартылғанын «кеселлик өтип кетти» деп, надурыс пикирлемекте.

Бүгинги күнге шекем сырт елден 47 мың пуқараларымыз алып келинди. Тилекке қарсы,  олардың, әсиресе, кейинги еки ҳәпте даўамында кирип келгенлердиң көпшилигинде коронавирус анықланған.

Наўқаслардың дерлик 50 процентин де сырт елден келген пуқаралар қурайды.

Кейинги 10 күнде 3,5 мың адам ҳаўа жоллары, 7 мыңға шамалас ўатанласымыз  шегара постлары арқалы елимизге кирип келиўи күтилип атыр. Буған қосымша және 100 мыңнан аслам адам Өзбекстанға қайтыў тилегин билдирип, гезек күтпекте.

Пуқараларымыз қайтып киятырған мәмлекетлер ҳәм қоңсы мәмлекетлердеги жағдайдың аўыр екенлигин есапқа алып, арқайынлыққа берилиў мүмкин емес.

Әсиресе, базарлар, саўда комплекслери, банклерде социаллық аралыққа әмел етпеў, көшеде медициналық нықап тақпаў, биймәлел ҳәм арқайын болып, үйлерде түрли илажлар өткериў жағдайлары көбеймекте. Бундай унамсыз жағдайлар кеселликти анықлаў, алдын алыў ҳәм емлеў ушын ислеп атырған барлық ҳәрекетлеримиз, бюджеттен алынып атырған триллионлап қәрежетлеримиздиң нәтийжелилигин жоққа шығарыўы мүмкин.

Республикалық комиссия ўәлаят ҳәкимлери менен бирге бир күн мүддетте эпидемиологиялық жағдай жаманласқан аймақлардың категориясын қайта көрип шықсын ҳәм карантин илажларын күшейтиў бойынша усыныс киргизсин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги «қызыл» ҳәм «сары» аймақларда күнлик тест алыў санын арттырыўы лазым. Онда медицина мәкемелери, базарлар, банклер ҳәм халық көп жерлерде қадағалаў тестлерин алыўды көбейтсин.

Усы жерде әҳмийетли бир мәселеге итибар қаратпақшыман. Пандемияның экономикаға тәсирин  жумсартыўға қаратылған 16 ҳүжжет қабыл еттик. Бирақ орынларда бул қарарлардың орынланыўын шөлкемлестириў ақсамақта, жаратылып атырған шараятлар ҳәм жеңилликлерди пуқаралар ҳәм исбилерменлерге мәнзилли жеткере алмай атырмыз.

Олий Мажлис палаталары орынларда халық депутатлары кеңеслери менен бирге пандемияға байланыслы Президент қарарлары ҳәм тапсырмаларының орынланыўы бойынша парламент ҳәм кеңеслердиң тәсиршең қадағалаўын жолға қойыўы күтилген нәтийже бериўи мүмкин.

Сондай-ақ, район, қала, ўәлаят ҳәкимлери, министрлер ҳәр айда бир мәрте Президент қарарларының орынланыўы бойынша брифинг өткерип, ғалаба хабар қураллары, парламент ўәкиллери ҳәм кең жәмийетшилик алдында есабат берип барсын.

Әлбетте, карантин илажларын жумсартыў себепли 19 мыңнан аслам (91 процент) санаат, 9 мың  (76 процент) қурылыс, 51 мың (52 процент) хызмет көрсетиў, 45 мың (44 процент) саўда кәрханаларының жумысы тикленди.

Буның нәтийжесинде май айында салық ҳәм бажыхана түсимлери өткен айдың усы дәўирине салыстырғанда 230 миллиард сумға, товар-шийки зат биржасында қурылыс материаллары саўдасы көлеми болса, 20 процентке көбейди. Коммерциялық банклер тәрепинен кредит ажыратыў көлеми өткен айдың усы дәўирине салыстырғанда 13 процентке өсти.

Бул бағдардағы жумысларымызды карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда, ҳәм тармақ, ҳәм аймақ кесиминде мәнзилли түрде даўам еттириўимиз лазым.

 

ӨзА