USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ТРАНСПОРТ СИСТЕМАСЫНЫҢ ТУРАҚЛЫЛЫҒЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ БОЙЫНША КӨРСЕТПЕЛЕР БЕРИЛДИ

Транспорт тизими барқарорлигини таъминлаш бўйича кўрсатмалар берилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-май күни транспорт тараўының турақлы ислеўин тәмийинлеў ҳәм избе-из раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Коронавирус пандемиясы ақыбетинде пүткил дүньяда транспорт байланыслары дерлик тоқтап қалды. Тараўдағы компаниялар буннан үлкен зыян көрмекте. Мәселен, бир ғана авиация тармағында жыл ақырына шекем дүнья бойынша 113 миллиард доллар жоғалтылыўы болжанбақта.

Елимиздиң транспорт кәрханалары карантин шеклеўлери себепли ҳәзирге шекем 340 миллиард сум зыян көрген. Эпидемиологиялық жағдай турақласқанға шекем бул санлардың және артыўы анық.

Сонлықтан, тараўда пандемияның тәсирин жумсартыў, кәрханаларды экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар илажлар көрилмекте. Мәселен, карантиннен ең көп зыян көретуғын «Uzbekistan Airways» ҳәм «Uzbekistan Airports» акционерлик жәмийетлериниң 122 миллион доллар кредитлериниң төлеў мүддетлери создырылды, 60 миллиард сумлық салық жеңилликлери берилди. Кризиске қарсы гүресиў қорынан 50 миллион доллар муғдарында айланыстағы қаржы сыпатында процентсиз ссудалар ажыратылды.

Мәжилисте жаңаша шараятлар ҳәм талаплар тийкарында транспорт тараўының турақлы ислеўин тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Транспорт министрлигине «Uzbekistan Airways ҳәм ««Uzbekistan Airports» акционерлик жәмийетлерин пандемия тәсиринен алып шығыў бойынша бизнес модель ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Европа-Қытай жөнелисинде жүк тасыў базарына кириў арқалы қосымша дәрамат алыў, ағымдағы ҳәи инвестициялық қәрежетлерди оптималластырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Бәсекини күшейтиў ушын пуқаралық авиациясы базарына жаңа тасыўларды тартыў, «Uzbekistan Airways»ты абырайлы сырт ел компаниясының басқарыўына бериў мәселеси көрип шығылды.

Аэропортларды модернизациялаў, Әндижан, Бухара, Үргенш ҳәм Қаршы халықаралық аэропортларын мәмлекетлик жеке-меншик шерикликке бериў бойынша тендер жәрияланыўы белгиленди.

Пандемия дәўиринде темир жол арқалы жүк тасыўға талап кескин көбейген. Атап айтқанда, халықаралық жүк тасыўларда темир жолдың үлеси 75 проценттен 87 процентке артты. Бул хызметлердиң сапасын жақсылаў ҳәм өзине түсер баҳасын кемейтиў арқалы қарыйдарларды көбейтиў ушын жақсы имканият.

Бирақ, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ системасында тийкарғы қураллардың ескиргени, жәмийет қурамында тараўлық емес активлердиң көплиги тийкарғы жумысты раўажландырыўға тосқынлық етпекте.

Соның ушын, «Өзбекстан темир жоллары» қурамындағы тараўлық емес кәрханаларды оптималластырыў, тарифлерди қәлиплестириў механизмлерин жетилистириў, вагон ҳәм локомотив паркин жаңалаў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте автотранспортта халықаралық жүк тасыйтуғын кәрханаларды қоллап-қуўатлаў мәселесине де итибар қаратылды.

Соңғы үш жылдағы реформалар нәтийжесинде елимизде халықаралық жүк тасыйтуғын транспортлардың саны 3 есеге артты, жүклерди тасыўда жергиликли кәрханалардың сыртқы саўдадағы үлеси 37 проценттен  48 процентке жетеди.

Жергиликли тасыўшылардың қатнаўлар санын буннан былай да арттырыў, сыртқы саўдада олардың үлесин 60 процентке жеткериў илажлары белгиленди. Бир жүк транспорты бес адамға шекем халықтың бәнтлигин тәмийинлеўи, бул тармақта 30 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мүмкинлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда ишки жөнелислерде қатнайтуғын автобусларды жаңалаў, ондай кәрханаларды турақлы қаржы ресурсы менен тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы ишки жоллар мәселесине айрықша тоқтап өтип, олардың жағдайының жаманлығы, адамлар буннан наразы екенин атап өтти. 80 мың километр ишки жолларды реконструкциялаў, бул бойынша пүткил дүньяда қолланылып киятырған «пайдаланыўшы төлейди» системасын енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

«Қамчиқ» өткелинде альтернатив туннель қурылысын өз ишине алатуғын «Ташкент-Әндижан» төлемли автомобиль жолының жойбары бойынша тендер жәрияланыўы белгиленди.

Жуўапкерлер транспорт тараўында әмелге асырылып атырған жойбарлар бойынша есабат берди.

 

 

ӨзА